Talabasining



Download 0,75 Mb.
bet21/43
Sana19.02.2023
Hajmi0,75 Mb.
#912946
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   43
Bog'liq
Saparmatov

Тийкарғы бөлим

Тәрбия шаңарақтан басланады. Шығыс ойшыллары баланың шаңарақтағы тәрбиясы ҳаққында өз шығармаларында жүдә көп тоқталған. Мәселен, Абу Али ибн Сина жас баланы жақсы әдепли, физикалық саламат қылып камал таптырыўда жеке өрнек болыў усылын көп түсиндиреди: «Бала тәрбиясында ең алды менен шаңарақ турмысын туўры жолға қойыў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, шаңарақта үлкен ямаса киши нәрсе болмайды. Ҳәмме нәрсе, ҳәтте, ең әпиўайы болып көринген шаңарақлық мүнәсибетлер де балаға тәсир көрсетеди. Әсиресе, расгөйлик, адамгершилик, мийнет сүйиўшилик, тазалық, азадалық, садықлық, шийрин сөзли болыў бала камалатындағы зәрүр турмыслық қураллардан бири есапланады».


Шаңарақ тәрбиясында турақлы тәрбиялық тәсиршең күш – шаңарақта руўхый қәтержамлық, инсаный мүнәсибет, ата-ана абыройының жоқары болыўы, балаларға талап қойыўда шаңарақ үлкенлери ортасындағы бирликтиң сақланыўы, бала шахсын мийнетке тәрбиялаўға айрықша итибар бериў, Баланы жақсы көриў ҳәм иззетин орнына қойыў, шаңарақта қатаң режим ҳәм күн тәртибин орнатыў, баланың жас ҳәм жеке өзгешеликлерин есапқа алыў, баладағы өзгерислерди бақлап барыў, ондағы өз бетиншеликке умтылыў ҳәм басламашылық сыпатларын қоллап-қуўатлаў ҳ.т.б.
Шаңарақ қаншелли тәртипли, оның ағзалары ортасындағы мүнәсибет жақсы, шаңарақ тәрбиясы да соншелли табыслы болады. Шаңарақ тәрбиясында ата-ана абыройы, олардың бақлаўшылығы, сезгирлиги, ҳәзир жуўаплығы үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.
Шаңарақ тәрбиясында тәрбия процесси зеригерли, қуры нәсиятгөйликтен ибарат болып қалмаўы лазым. Бала өмириниң көпшилик бөлими шаңарақта өтеди. Сол себепли бар болған дәстүрлер, үрп-әдетлер, мәресимлердиң унамлы тәсиринде бала әсте-ақырын камал таўып барады. Дәстүр ҳәм мәресим шаңарақ тәрбиясының әҳмийетли қуралы болып есапланады.
Шаңарақ тәрбиясы тәрбия менен ажыралмас байланыста болса ғана күтилген нәтийжелерге ерисиў мүмкин. Шаңарақ тәрбиясында табысларға ерисиў ата-аналардың педагогикалық билимлерге ийелиги, шаңарақ тәрбиясы бойынша тәжирийбелер алмасыўы, ата-аналарды тәрбиялық жумысларға кең тартыўға да байланыслы. Ҳәр бир ата-ана шаңарақ тәрбиясында өзлериниң миннет ҳәм ўазыйпаларын терең түсиниўи лазым. Нормал шаңарақлық орталық, Баланы китап оқыўға, мийнет қылыўға өз ўақтында тартыў да шаңарақ тәрбиясы табысының гиреўи. Шаңарақта ата ямаса ананың жоқлығы яки олардан бириниң кетип қалыўы шаңарақ тәрбиясына үлкен зыян жеткереди. Олардың балаға беретуғын тәрбиялық тәсир күши жоғалады, шаңарақ тәрбиясындағы тең салмақлылық бузылады. Бундай шәраятта бала қәлби қатты жарақатланады, ол ашыўшақ, қопал болып қалады, үлкенлерге исенбей қояды, оқыўы төменлеп кетеди.

Download 0,75 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   43




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish