Talabasining



Download 0,75 Mb.
bet16/43
Sana19.02.2023
Hajmi0,75 Mb.
#912946
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   43
Bog'liq
Saparmatov

Тийкарғы бөлим: Бул бөлимде класс басшысы тәрепинен жуқпалы кеселликлердиң инсан саламатлығына тәсири ҳаққында тоқталып, бүгинги күнде ең актуаль темалардан бири болған АИЖС машқаласы ҳаққында киши лекция методынан пайдаланған ҳалда түсиндирип өтиледи.


Киши лекция
АИЖС-Адамзат бул кеселликтен жақынға шекем хабарсыз еди. Ол ҳаққында дәслепки мағлыўматлар дүнья жүзи баспа сөз қуралларында 1985-жылдан баслап жәриялана баслады. АИЖС 1982-жылы Батыс Европа мәмлекетлерине ал 1983-жылы жер шарындағы барлық континентлерге тарқалды. СССР территориясында бул кеселлик биринши рет 1986-жылы нәзерге илинди. АИЖС кеселлиги дүньяның 200ге жақын мәмлекетлеринде 1,5 миллионнан аслам адамды наўқасландырған. АИЖС Нью-Йорк қаласындағы 25-40 жасар еркеклер өлиминиң тийкарғы себепшисине айналды. Ол рак, жүрек инфаркты, өзин-өзи өлтириў бахытсыз ўақыялар ҳәм инфекцияларды артта қалдырады. Дүнья жүзинде 1988-1989-жыллары бул кеселлик пенен наўқасланған адамлардың барлығы дүньядан өтти. 1990-жылдан соңғы жылларда оған дуўшар болғанлардың бүгин тек 10 проценти ғана тири. АИЖС кеселлиги дүнья жүзинде биринши рет есапқа алынды. АИЖС тиң индустриал еллерде шама менен 70-жыллардан баслап пайда болған. ХХ әсир басында микробиология ал, орталарында вирусология пәни раўажланады. АИЖС кеселлигиниң пайда болыў тарийхы бүгинги күнге шекем изертленип атыр. Бирақ дүнья илимпазлары бир жуўмаққа келген жоқ. Гаити атаўларында 1960-жылдан кейин белгисиз қәўипли кеселлик неше мың адамлардың дастығын қурытты. Наўқасларға дәри-дәрмақ ҳеш қандай пайда бермеди. Апатты врачлар менен илимпазлар ҳәр қыйлы шамалаўшы пикирлер жүритиўден ары өтпеди. Гаитиликлердеги кеселлик белгилери соңғы ўақытлары Ақгита набыт болып атырған аўырыўлардағы симптомларға жүдә уқсады. Бийтаплардың ысытпасы себепсизден-себепсиз 39-40 градусқа көтерилип олар тез ўақыт ишинде жүдә азып кетти, лимфа түйинлери жеңип үлкейди, жөтели, қан, түпирик, тери ҳәм ишки ағзаларында ҳәр-қыйлы өсимтелер пайда болып ҳәм иши тез-тез өтип бийшаралар азап шекти. Ақыбети өлим менен тамамлана берди. АИЖС вируслары лабораторияда микробларды өлтириўши оларға ҳәр түрли тәсир қылыў нәтийжесинде пайда болған. Соңғы жыллары әсир апатшылығының жәҳән бойлап кең тарқалыўында ҳәм эпидемиялық тәризде көринис бериўинде тийкарғы 2 себеби бар. Бириншиси дүнья жүзиндеги жуқпалы кеселликлер арасындағы теңсалмақлылықтың бузылыўы десек, ал екиншиси жүдә қәўипли жуқпалы кеселликлердиң жоқ болып кетиўи еди. АИЖС тиң вируслары ретвируслар топарынан болып оның қурамында РНК-сақлаўшы вируслары бар. Оларды биринши болып француз вирусолог-алым Мок-Монтанье ҳәм америкалы алым Роберг Гало анықлады. Пастер институтында француз илимпазы 1985-жылы АИЖС кеселлигине дуўшар болған наўқастан вирус таўып оны ВИЧ-1 деп атады. Соң Батыс Африкада 1987-жылы Вич-2 деген түрин де өзи ашты. Соңғы жыллары Вич-3 типиниң де бар екенлиги мәлим болды. 1985-жылы маймылларда вируслы иммун кеселлиги анықланды. Соң бундай вируслар малларда ҳәм пышықларда да табыла баслайды. АИЖС вирусларды пайда ететуғын жуқпалы кеселлик екен.



Download 0,75 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   43




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish