1.ЭКОНОМИКАНЫ МОДЕРНИЗАЦИЯЛАЎ ШАРАЯТЫНДА ЕСАП СИСТЕМАСЫНЫҢ ОРНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ
реже:
1.Ekonomikanın` quramlıq du`zilisi.
2.Xojalıq ju`ritiwshi sub`ektler haqqında tu`sinik.
3.Esap sisteması haqqında tu`sinik.
4.Esaptin` tu`rleri.
5.Esap sisteması mag`lıwmatlar deregi sıpatında.
6.O`lshem birlikleri haqqında tu`sinik.
Таяныш сөзлер: ekonomikanın` quramlıq du`zilisi, xojalıq ju`ritiwshi sub`ektler, esap sistemas, esaptin` tu`rleri, mag`lıwmatlar deregi, o`lshem birlikler.
1.Ekonomikanın` quramlıq du`zilisi
Экономиканың қурамлық дүзилисине саннат, қурылыс, аўыл хожалығы, транспорт, саўда, жәмийетлик аўқатланыў ҳәм басқа да экономиканың тармақларын киритиў мүмкин. Санааты күшли раўажланған мәмлекетлер раўажланған мәмлекет есапланып, бундай мәмлекетлер пүткил дүнья жүзинде экономикалық жақтан орны гиреўли есапланады.
Санааты ҳәм басқа да тармақлар менен бирге социаллық салалары да раўажланып барыўы керек.
Ғәрезсизлик алғанға шекем бизиң елимиз аграр ел деп атанып келди, ал ғәрезсизлик алғаннан кейин көп кешикпестен санааты раўажланған елге айлана баслады.
2017-жылы Өзбекистан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февраль күни ПП-4947 Пәрманы қабылланды.
2017-2021 жыллары Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдарлары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы белгиленип алынды. Соның үшинши баслы бағдары “Экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыўдың баслы бағдарлары” деп аталады. Бунда экономиканы раўажландырыў бойынша бир қанша илажлар белгиленип алынды.
Экономика тараўында әмелге асырылған шара-илажлар:
-экономикамызды пүткиллей жаңа тийкарда шөлкемлестириў ҳәм және де еркинлестириў
-оның ҳуқықый тийкарларын жетилистириў
-ислеп шығарыўды модернизация ҳәм диверсификация қылыў
Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, ҳәр қандай реформа ҳәм өзгеристи турақлы экономикасыз әмелге асырып болмайды. Биз өткен жыл даўамында бул салада кең көлемли ислерди басладық. Бирақ миллий экономикамызды беккемлей, журтымызды раўажланған мәмлекетлер қатарына алып шығыў ушын алдымызда еле көплеп ўазыйпалар турыптты.
Бүгинги күнде дүньяда инновациялық раўажланыў моделлерин ислеп шығыў, алдыңғы идеялар, «ноу-хау» ҳәм «ақыллы» технологияларды экспорт етиў есабынан тез пәт пенен раўажланып атырған мәмлекетлер саны барған сайын көбеймекте. Мәмлекетимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған ислерди, тилекке қарсы, қанығарлы деп болмайды.
Базар шараятында өним жеткерип бериўши ҳәм тутыныўшы ҳәм өз шәртнама мәжбүриятларын толық орынланыўы керек. Болмаса, бир жерде тепсинип, басымыз машқаладан шықпайды. Экономикада басқарыў системасы ескиргени, инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў бойынша нәтийжели механизмлер өз ўақтында енгизилмегенлиги ҳәм үлкен машқала болып қалмақта. Сондай-ақ, технологиялық қалақлық, ресурс ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялар, муқобил энергия дереклерин енгизилиўиниң төменлиги ҳәм экономикалық раўажланыў жолында тосық болмақта.
Биз, дәслеп, шеттен кредит ҳәм инвестициялар алып келиў бойынша нәтийжели система жаратыўымыз, ҳәр бир кредитти анық жумысалыўын үйренимиўиз лазым. Бул мәселеде жети өлшеп, бир кесетуғын, ақыбетин пухта ойлап ис алып баратуғын дәўир келди.
Усы көз-қарастан, мәмлекеттиң инновациялық жаңаланыў бағдарламасын қәлиплестириў, инновация ҳәм инвестициялардан нәтийжели пайдаланатуғын жаңа әўлад кадрларды, жаңа инвестициялар классын таярлаў үлкен әҳмийетке ийе.
Буның ушын Өзбекситанды технологиялық раўажландырыў ҳәм ишки базарды модернизация етиў бойынша күшли миллий идея, миллий бағдарлама керек. Усы бағдарлама Өзбекистанды дүньядағы раўажланған мәмлекетлер қатарына тезирек алып шығыўға имканият жаратыў лазым.
Билемиз, ҳәзирги күнде елимизде 51% (процент) зыят халық аўыллық жерлерде жасайды. Бирақ аўыл хожалык өнимлериниң мәмлекет ишки өнимдеги үлеси 17 % процент. Аграр тараўында өнимлерди қайта ислеў көлеми 10 % (процентге) жетпейди.Усы мүнәсибет пенен, аўыл хожалығын жәнеде реформалаў бойынша комплекс бағдарламалар ислеп шығыў лазым.Раўажланған мәмлекетлерде бул көрсеткиш 50 пайыздан артықты пайда етеди.
Биз 2018-жылға белсенди исбилерменлик инновациялык идеялар ҳәм технологияларды қоллап қуўатлаў жылы деп ат бериў мүнәсабети менен бәрше исбилерменелик субектлериниң финанслық хожалық жумысларын тексериўди еки жылға тоқтатыўды усыныс еттик. Исбилерменлердиң ҳуқықларын исенимли қорғаў саўда ҳәм санаат палатасы тамаша қалып отырмаўы керек. Соның менен бирге палата тек ғана мамлекетлик органлары ямаса әмелдарлар тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлерди додаламастан исбилерменлер жол қойып атырған қәтеликлер, әсиресе жынаятларды критикалық додалаў зәрүр.
Биз бос турған мәмлекет мүлки объектлерин өз-ара шериклик тийкарында жеке секторға өткериў бойынша жумысларды даўам етемиз.
Интернет тармағында электрон саўдалар ҳәм аукционлар арқалы жер участкаларын, әсиресе исбилероменлер ушын ажыратыўдың бирден бир тәртибин орнатыў зәрүр.
Усы мақсетте, 2018 жылдан баслап электрон саўда майданлары арқалы мәмлекет активлерин сатыў бойынша электрон система шөлкемлестиириледи.
Экономиканы раўажландырыўда пухта ҳәм турақлы банк-финанс системасы үлкен әҳмийетке ийе. Биз халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң банк системасына исенимин күшейтирместен турып, «Жасырын экономика» дан толық қутала алмаймыз.
2018-жылда банк системасын хызметтин раўажландырыў бойынша белгиленген яазыйпаларды әмелге асырыўда Банклер менен исбилерменлер субеклери ортасында нәтийжели ҳәм өз ара мәпли бирге ислесиў мүнәсәбетлерин тәмийинлеў мәселелерине тийкарғы дыққат итибарды қаратыў лазым
Валюта базарын реформа етиўге қарсы болған «экспортлар»дың еглениўи ҳәм «мәслаҳат»лерине қарамастан биз қысқа мүддетте халық аралық стандартлар тийкарында валютаны либералластырыў прцесин басладык. Бирак биз жақсы тусинемиз, бул ис усы тараўдағы реформалардын басланыўы болып есапланады.
Валюта сиясаты бизнес ҳәм экомиканы раяажландырыў мәплерине толық хызмет етеди, инвестиция сиясатына жақсы түртки бериўи лазым.
Өзбекистанда ири инвестеция жойбарларын әмелге асырыў нийетинде болған инвесторлар ушын мәмлекетимизге кызықтырыў махсетинде салық системасын жетилистириў бойынша еле көп жумыс етиўимиз керек
Барлық безнес қатламлары ушын салық жугин кемейтириў ҳәм қолайластырыў, усы тийкарда өндиристи ҳәм салыққа тарптылатуғын базаны кенейтириў зәрүр.
Өз зәрурлиги ушын обектлер курып атырган жаңа шолкемлестирилген киши ҳәм орта исбилерменлик субектлерине бирден бир салык толеўин белгили муддетге кешиктириў ҳуқықын бериўи дәркар. Сондай-ақ, киши карханалар ушын косымша киймат салыгы толеўге өтиўде хошаметлеў шәрт.
Ҳәзирги күнде миллий экономика жоқары дарамад келтиретугын келешеги бар тармақлардан бири бул- туризм есапланады. Өзбекистан туризм тараяында улкен потециалға ийе болған мәмлекет есапланады. Елимизде 7300ден артық мәдений мийрас обектлери бар ҳәм олардын көпшилиги ЮНЕСКО дизимсине киритилген. Сонын менен бирге мәмлекетимиз бийтәкирар тәбияты гөззал дем алыў зоналары имканиятларынан пайдаланып жаңа туристлик бағдарлар ашыўы мүмкин. Бул тараяда дүнья брентлерин белсене тартқан ҳәлда, биз зийрат туризми, экологиялық, ағартыяшылық, этнографиялык, гострономиялык туризм ҳәм бул тараўдын басқа тармақларын раўажландырыўға айырықша итибар қаратыя зәрүр
Do'stlaringiz bilan baham: |