«Материаллар қарсылығы» пәни улыўма инженерлик пән есапланып, конструкция, иншаатлар, машина ҳәм механизм бөлеклерин беккемлиликке, қаттылыққа ҳәм турақлылыққа есаплаў усылларын үйретеди



Download 53,75 Kb.
bet1/3
Sana23.02.2022
Hajmi53,75 Kb.
#120485
TuriЛекция
  1   2   3
Bog'liq
1-lektsiya


1 – лекция
1.1. «Материаллар қарсылыгы» пәни ҳаққында тийкарғы
түсиниклар
«Материаллар қарсылығы» пәни улыўма инженерлик пән есапланып, конструкция, иншаатлар, машина ҳәм механизм бөлеклерин беккемлиликке, қаттылыққа ҳәм турақлылыққа есаплаў усылларын үйретеди.
Беккемлилик–конструкция, иншаат, машина ҳәм механизм бөлеклериниң сыртқы күшлер тәсиринде бузылыўға (қәўипли жағдайға) қарсылық көрсетиў қәсийети. Конструкция бөлеклериниң сыртқы күшлер тәсиринде формасының ҳәм өлшемлериниң өзгериўи деформация деп аталады.
Тәбиятта абсолют қатты, яғный деформацияланбайтуғын ҳәм жемирилмейтуғын денелердиң болмайтуғынлығы мәлим. Мәселен, аўырлығы 75 кг болған киши әпиўайы қурылыс гербишин басса, оның бийиклиги 1/20.000 см ге кемейеди. Бунда гербиштиң еки қоңсы атомы бир – бирине шама менен 1/500000 Å (ангстрем) ға жақынласады (210-14 см). 1 А=1/10000 микрон=110-8 см.екенлиги мәлим.
Шотландиядағы Форт қолтығындағы узынлығы 3 км болған аспа көпирди услап турыўшы полат арқанлардың турақлы деформациясы шама менен 0,1 процентти, яғный 3 м ди қурайды. Жүкленбеген жағдайда полат атомлары арасындағы аралық дерлик 2Å ды қурайтуғын болса,демек олар шама менен 2/1000 Å ға узақласады екен.
Инженерлик конструкциялардың нормада жумыс ислеўин тәмийинлеў ушын олардың бөлеклериниң деформациясын, яғный сыртқи күшлер тәсиринде форма ҳәм өлшемлериниң өзгериўин шегаралаў зәрүр болады. Қаттылық - инженерлик конструкция бөлеклериниң сырқы күшлер тәсиринде деформацияланыўға қарсылық көрсетиў қәсийети. Қаттылыққа есаплаў нәтийжесинде конструкция бөлеклериниң деформацияға шыдамлы размерлери анықланады.
Инженерлик конструкция бөлеклериниң сыртқы күшлер тәсиринде өзлериниң дәслепки тең салмақлылық жағдайын сақлаў қәсийети турақлылық деп аталады. Конструкция бөлегиниң сыртқы күшлер тәсиринде өзиниң дәслепки тең салмақлылық формасын ҳәм деформацияланыў түриниң сыпатын өзгертпеслиги оның нормада жумыс ислеўи ушын жүдә әҳмийетли.
Инженерлик конструкцияларға қойылатуғын беккемлилик, қаттылық ҳәм турақлылық талаплары экономикалық талаплар менен байланыслы шешимлерге ийе. Себеби, биринши үш талапларды қанаатландырыў ушын материалды көбирек сарыплаў талап етилсе, экономикалық талаплар ғәрежетлерди кемейтиў ушын материалдың сарыпланыўын азайтыўды нәзерде тутады. «Материаллар қарсылығы» ның есаплаў усыллары жәрдеминде бул өз ара байланыслы талаплар кесилисиўши шешимлерге келтириледи.
«Материаллар қарсылығы» пәнине тийисли дәслепки илимий жумысларды тарийхта 1638 жылдағы Г. Галилейдиң (Италияның Падуе қаласындағы жоқары оқыў орнының математика профессоры) жумыслары менен байланыстырады. Гей бир әдебиятларда Италия алымы Леонардо Да Винчи (1452-1519) диң де базы бир есаплаўларды орынлағанлығы көрсетиледи. Пәнниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында Р. Гук, Э. Мариотт, Дюгамелp, Ш. Кулон, Я. Бернулли, Т. Юнг, О. Коши, А. Сен-Венан, О. Мор, Л. Эйлер, Д.Журавский, Ф. Ясинский, С. Тимошенко, А. Беляев, С. Пономарев, В. Феодосpев, өзбек алымларынан М. Ўразбоев, Х. Рахматуллин, К. Мансуров, Т. Рашидов, Қ. Абдурашидов ҳәм басқалардың изертлеўлери ҳәм жаратқан әдебиятлары үлкен әҳмийетке ийе болды.
Материаллар қарсылығы бойынша биринши китап Францияда 1826 жылы баспадан шықты.
Ҳәзирги ўақытта да бул пәнниң шешиўи зәрүр болған мәселелер еледе көп.
Бул пән өз мәселелерин басқа пәнлерге тийкарланып, олар менен үзликсиз байланыста шешеди. Материаллар қарсылығы пәни, әсиресе теориялык механика пәни менен байланыслы. Соның менен бирге олар арасында базы бир мәселелерге айырмашылықка ийе көз қарас та бар. Мәселен, теориялық механикада денелер абсолют қатты деп есапланылса, материаллар қарсылығы пәнинде олардың деформацияланыўлары да нәзерде тутылады. Усы тийкарғы қағыйдаға байланыслы теориялық механиканың топланған күшти тәсир сызығы бойынша, жуп күшти өз тәсир етиў тегислигинде көшириў қағыйдаларын деформацияланыўшы денелер механикасында қолланыўға болмайды.

Download 53,75 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish