Тема: ЭЛЕМЕНТТИӉ БЕККЕМЛИЛИК ШӘРТИ.ФИЗИКА-МЕХАНИКАЛЫҚ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ
РЕЖЕ:
I) КИРИСИУ БϴЛИМИ
-Бир аралықлы ийилиўшең элементлерди конструкциялаў -Ийилиўшең элементлер беккемлигин нормал кесимлер бойынша есаплаў
II) ТИЙКАРҒЫ БϴЛИМИ
-Жалғыз арматуралы туўрытөртмүйешлик кесимли элементлер
-Туўры төртмүйеш кесимлерди кесте бойынша есаплаў
-Тавр формалы кесимлерди беккемликке есаплаў
III) ЖУУМАҚЛАУШЫ БϴЛИМИ
Бир аралықлы ийилиўшең элементлерди конструкциялаў
Балка. Темирбетон балкалардың кесе кесимлери ҳәр қыйлы формаға ийе болыўы мүмкин. Булар ишинде ең көп тарқалғанлары туўры төртмүйеш (4.1-сүўрет, а), полкасы жоқарыда жайласқан тавр (4. 1-сүўрет, b) ҳәм қоставр (4. 1-сүўрет, v) формалы кесимлер болып табылады. Усылар менен бир қатарда полкасы төменде жайласқан тавр (4.1-сүўрет, g), трапециясыяқлы(4. 1-сүўрет, d), иши бос(4. 1-сүўрет, е) ҳәм басқаша формалы кесимлер деқолланылады. Тавр формалы кесимлер бөлек балкаларда да, қабырғалы монолит жаппаларда да ушырайды(4. 1-сүўрет, j). Кесе кесимлер бийиклиги әдетте балка узынлығының 1/10- 1/20бөлегин, енди болса бийикликтиң 1/2 -1/4 бөлегин қурайды. Кесесине кесим өлшемлерин бир түрге алып келиў мақсетинде балканың бийиклиги (егер h<500 мм болса)50 мм ҳәм (h>500 мм болса)100 мм геесели етип алынады;балканыңени 100, 120, 150, 180, 200, 250 мм, даўамы 50 мм ге есели болады.
Бойламажумысшы арматура, азғана қорғаў қатламы қалдырған жағдайда, балканың созылыў зонасына жайланады. Қыя кесимлерде қарсылықты асырыў мақсетинде кесесине арматуралар орнатылады. Буннан тысқары, кесесине арматураны беккемлеў ҳәм кеңисликдеги
4.1-сүўрет. Темирбетон кесе кесиммайданы
4. 2-сүўрет. Бир аралықлы балкаларды арматуралаў:
а - кепсер каркаслар; b - тоқыма каркаслар.
каркас пайда етиў ушын балканың қысылыў зонасына монтаж арматурасы қойылады. Балкалартийкарынан кепсерленген каркаслар менен (4.2-сүўрет, а), айырым жағдайларда тоқыма каркаслар менен (4.2-сүўрет, b) арматураланады. Кепсер торлардағы cозылыўшы стерженлер 2 таянышқа шекем алып барылады, 3 стержен аралықта үзип қойылады. Монтаж стерженлери 1 ҳәм кесе 4 стерженлер қырқыўшы күшлерди қабыл етеди. Тоқыма каркастағы бойлама cозылыўшы стержен 7 де қолоннаға шекем мөлшерленген, 6-бүгилген стержен, 5-монтаж стержени, 8-ашық қамыт, 9-жабық қамыт. Балка кесиминдеги тегис кепсер торлардың саны ҳәр қыйлыша болыўы мүмкин. Балка кесиминиң ени 100-150 мм болса - бир, ени үлкенлеў болса - екеў ҳәм оннан артық тор орнатылады. Полатты үнемлеў мақсетинде жумысшы бойлама арматуралардың бир бөлеги таянышларға жеткезилмей, аралықта үзип қойылыўы мүмкин. Бул жумыс есаплаўларға тийкарланған жағдайда әмелге асырылады. Бирақ (балканың кеңлиги 150 мм ҳәм одан көп болса) кеминде еки стержен таянышқа шекем даўам еттирилиўи керек. Бөлек тегис торлар стерженлер жәрдеминде бирлестирилип, кеңисликтеги каркас пайда етиледи. Балкалар тоқыма каркаслар менен арматураланса, кесесине күшлерди қабыллаў ушын қамытлар орнатылады. Егер қысылыў зонасындағы бойлама стерженлер екеўден көп болмаса, ашық қамыт, екеўден көп болса ҳәм есап бойынша қысылыў зонасына арматура қойылыўы керек болса, жабық қамыт қойылады. Балканың ени 350 мм ден үлкен болса, төрт сымлы қамыт қойыў усыныс етиледи; бундай қамыт екеў еки сымлы қамыттан дүзиледи (4.3-сүўрет, а). Тоқыма каркасларда бойлама жумысшы арматураның бир бөлегин қалоннақасында бүгип, қысылыў зонасына киритип қойыў мақсетке муўапық болып табылады (4. 2-сүўрет, b). Балканың бул бөлегинде cозылыўшы арматура кемлеў талап етиледи, бирақ кесесине күшлерди (бас созатуғын кернеўлерди) қабыллаў ушын көбирек арматура талап етиледи. Бүкпелер
4.3-сүўрет. Кепсер ҳәм тоқылған каркас пенен арматураланған калоннаның кесе кесимлери:
a-тоқылған каркаслардың төрт сымлы камытлары;b-тавр кесимли балкаларды арматуралаў;v- бойлама стерженлер арасындағы аралық;1-қалонна қасындағы диаметри 10-12 мм болған арматура;
2- тавр кесимли қалонна точкасына қойылатуғын кепсерленетуғын сым тордың бойлама стерженлери.
тийкарынан 45° мүйеш астында өткериледи, бирақ бәлент балкаларда (бийиклиги800 мм ден артық болса)ийилиў мүйешин 60° қа шекем асырыў, бийиклиги төмен болған балкаларда 30° қа шекем кемейтириў мүмкин. Стерженлер шеңбер доғасынрадюсы 10d ден кем болмаған радиус пенен бүгиледи ҳәм узынлығы қысылыў зонасында 10d дан, созылыў зонасында 20d дан кем болмаған туўры сызықлы участка менен таўсылады. Тоқыма каркасларда тегис стерженлердиң ушы, бетон менен пуқталаў байланысыў ушын илгишли етиледи. Жумысшы бойлама арматураның диаметри 10-40мм аралығында алыныўы зәрүр. Тоқыма каркас қамытларының диаметри балка кесиминиң бийиклиги800 мм ге шекем болса, кеминде 6мм, 800 мм ден артық болса, кеминде 8 мм алынады. Монтаж арматурасының диаметрин 10-12 мм алса болады. Балка кесиминиң бийиклиги700 мм ден үлкен болса, балканың еки қаптал сырты шамаласына ҳәр 400 мм аралықта диаметри 10-12 мм болған бойлама стерженлер орнатыў усыныс етиледи(4. 3-сүўрет, b). Бул стерженлер үсти балка қабырғасындағы арматура кесим майданының 0,1% инен кем болмаўы керек. Тавр кесимли айырымбалкалардан кепсерленген каркаслар менен бир қатарда полкаларды арматуралаў ушын кепсер түрлери ислетиледи(4. 3-сүўрет, b).
Бетон жатқызыў ҳәм тығызлаўдықолайластырыўушын, соның менен бирге арматура менен бетон арасындағы жабысыў исенимлилеў болыўы ушын бойлама стерженлер арасындағы аралық арматура диаметринен киши болмаўы ҳәмде төменги арматуралар аралығы 25 мм ден, үстки арматуралар аралығы 30мм ден кем болмаўы керек (4.3-сүўрет, v). Арматуралар кесим бийиклиги бойынша еки қатардан артық болса, бойлама стерженлер арасындағы аралық(горизонтал жөнелисте)50 мм ден кем болмаўы керек.
Қамытлар арасындағы аралық балка кесиминиң бийиклиги h 450 мм болса - 1/2 h ямаса көби менен 150 мм, егер кесим бийиклиги450 мм ден үлкен болса - 1/3 h ямаса көби менен 500 мм алынады. Бул талап таянышлар жақын участкалар ушын тийисли болып табылады. Балкаға тегис жазық күш қойылған болса, таяныш алды участкасы l/4 деп, егер жыйнақ күшлер қойылған болса, таяныштан биринши жыйнақ күшкешекем болған аралық қабыл етиледи. Балканың қалған кесимлеринен қамытлар арасындағы аралық 3/4 h қа шекем асырылыўы мүмкин, бирақ қамыт аралығы 500 мм ден аспаўы керек.
500>
Do'stlaringiz bilan baham: |