Плита ҳәм панел.Өлшемлеринен бири(қалыңлығы)қалған еки өлшеминен көп киши болған темирбетон элементлер плиталар деп аталады. Плиталар пүтин, тегис ҳәм қабырғалы болады: аралықларысанына қарай - бир аралықлы(4.4-сүўрет, а)ҳәм көп аралықлы (4.4- сүўрет, b); таярлаў усылына қарай –жыйналма, монолит ҳәм жыйналма-монолит болыўы мүмкин.
Плиталар өз-ара тик стерженлерден қуралған торлар менен арматураланады. Егер жумысшы арматура тек бир жөнелиске керек болса, ол жағдайда екинши бағдардағы арматура зорығыўлары бөлистириў ҳәм бойлама арматураларды өз-ара байланыстырыў ўазыйпасын өтейди. Бул арматура бетонның температура тәсиринде ҳәм кирисиўинәтийжесинде пайда болатуғын деформацияны жылаўлайды, тасыўда қолайлық туўдыратуғын тор пайда етеди.
4.4-сүўрет. Балкасыяқлы пүтин плиталарды арматуралаў: а - еркин таянған бир аралықлы үзликсиз плита; 1 - бөлистиретуғын арматура; 2 - жумысшы арматура; 3 - тийкарғыбалкалар; 4 - екинши дәрежели балкалар; 5 - екинши дәрежели балканың арматура каркасы.
Бир пүтин плиталардың қалыңлығы әдетте h = 50. .. 100 мм алынады. Егер плита l2/l1> 2 болса, контур бойлап таянған болады. Биринши жағдайда жумысшы арматура l1 аралық бойлап, екинши жағдайда- плитаның таяныш сызықларына тик түрде қойылады. Еки жөнелисте ийилетуғын плиталарда жумысшы арматура ҳәр еки жөнелисте жайластырылады.
Балкасыяқлы плиталардың жумысшы арматуралары плитаның cозылыўшы сыртына жақын жайластырылыўы зәрүр; бунда, әлбетте, талап етилген қорғаў қатламы қалдырылады. Еки жөнелисте ийилетуғын плиталарда келте тәреп l1 ге параллел болған арматура cозылыўшы сыртқа жақынлаў жайласады, себеби бул жөнелисте ийилиўши моменттиң мәниси l2 бағдардағы моментке қарағанда үлкенлеў болады. Жумысшы арматура cозылыўшы сыртқа жақын жайласса, ишки моменттиң желкеси артады, арматурадағы зорығыў азаяды, нәтийжеде арматура тежеледи.Еркин таянған плиталарда арматура торы тек төменги созылыў зонасына, көп аралықлы үзликсиз плиталарда болса, ийилиўши моменттиң эпюрасына муўапық түрде, таянышлар аралығинда төменги ҳәм таяныш үстинде болса устки созылыў зонасына жайланады.
Плиталардыңесаплық узынлықларықабырғалы монолит плиталарда ашық аралық узынлығына тең болады, еркин таянған плиталарда ашық аралық узынлығына плита қалыңлығын қосып алынады. Плиталарда жумысшы арматуралар диаметри 5-12 мм, монтаж арматуралартики болса 4-8 мм алыныўы мүмкин. Жумысшы арматураның улыўма майданы есап тийкарында белгиленеди; монтаж арматурасының майданы конструктив түрде қабыл етиледи; бул майданең үлкен момент пайда болатуғын кесимдеги жумысшы арматура майданының 10% инен кем болмаўы керек. Жумысшы стерженлер арасындағы аралық плитаның орта бөлегинде ҳәм таяныш үстинде, плита қалыңлығы hn 150 мм болса -көби менен 200 мм, егер hn>150 мм болса - көби менен 1,5hn алынады. Стерженлер аралығы қалған участкаларда 350 мм ден артпаўы керек. Бөлистиретуғын арматуралар аралығы да көби менен 350 мм алынады. Плиталарды орама ямаса тегис көринисте таярланған стандарт кепсер сымторлар менен арматуралаў мақсетке муўапық болып табылады. Бундай сымторлар диаметри 3-5 мм болған әпиўайы сымлардан ямаса диаметри 6-10мм болған А-III класлы периодлы профилли полаттан исленеди. Полаттытежеў мақсетинде жумысшы стерженлердиң бир бөлеги, таянышқа шекемжеткезилмей, ийилиўши моментлер эпюрасына муўапық түрде, аралықта үзип қойылыўы мүмкин. Таянышқа шекем жеткезилетуғын стерженлердиң кесим майданы, ең үлкен оң ийилиўшимоментке уйқас болған кесимдеги арматуралар кесим майданының 1/2 бөлегинен кем болмаўы керек.
4. 5-сүўрет. Жыйналма панеллерди арматуралаў:
а - қабырғалы жаппа панели; b - оражаппалар ушын бослықлы панел; 1 - арматура сымторлары; 2 - қабырғалардың тегис арматура каркаслары.
Бузылыў басқышында созылыў зонасындағы бетон күш қабыл етпеўин есапқа алып, бул зонадағы бетонның майданын кемлеў алса болады, бул зонадағы бетон майданысозылыўшы арматураны қамтып алса жеткиликли. Бетон майданының кишрейтирилиўи материал сарпын кемейтип, конструкцияаўырлығын жеңиллестиреди. Бундай плиталардың қабырғалары төменге қараған болады(4. 5-сүўрет, а). Егер архитектуралық тәрептен потолоктыңтегис болыўы талап етилсе, қабырға жоқарыға қаратылады; полканың қалыңлығы 25-30мм ге шекем кемейтириледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |