Ийилиўшең элементлер беккемлигин нормал кесимлер бойынша есаплаў
Балканың жүк көтериў қәбилийети ақырына жеткеннен кейин, ол бойлама көшерине нормал ямаса қыя кесим бойынша жемириледи (4.6-сүўрет, b). Нормал кесим бойынша жемирилиў ийилиўши момент тәсиринде, қыя кесим бойынша болса кесесине күш тәсиринде жүз береди. Нормада арматураланған темирбетон элементлердиң жемирилиўи cозылыўшы арматурадан басланады (2. 1. 3. ке қ.). Арматурадағы кернеў ағыў шегарасына жеткенде, бетонның қысылыў зонасы бийиклиги кескин киширейеди, бул болса бетонның жемирилиўине алып келеди.
Жалғыз арматуралы туўрытөртмүйешлик кесимли элементлер. Бетонның қысылыў зонасындағы кернеўлер эпюрасы туўрытөртмүйешлик етип алынады (негизинде эпюра иймек сызықлы болады). Сонда есап бир қанша әпиўайыласады(4. 6-сүўрет, г).
4.6-сүўрет. Ийилиўши темирбетон элементлерин есаплаў:
a―жайық күш;b ―балка;v―эпюралар;g―жалғыз арматуралы элементти беккемликке есаплаў;
Геометриялық характеристикалар:
h0- жумысшы бийиклик; а - қорғаў қатламы.
Қысылыў зонасының бийиклигих ти анықлаў ушын статиканың тең салмақлылық теңлемесин дүземиз:
(4.1)
Бул жерден
(4.2)
Буннан қысылып атырған зонаның бийиклиги х келип шығады
(4.3)
Элемент ушын беккемлик шәрти төмендеги көриниске ийе:
(4.4)
бетон бойынша
(4.4)
арматура бойынша
Егер x = 0болса, ол жағдайда 0 = . Буннан бетон қысылыў зонасының салыстырмалы бийиклиги:
(4.6)
Бул жерде As/bh0арматуралаў коэффициенти; 100 - арматуралаў проценти.(4.6)формуладан усыдан белгили болады, ниңартыўы менен да артып барады. Бетон қысылыў зонасының салыстырмалы бийиклиги шегаралық мәнисин(4.6)формулаға қойып, арматуралаў коэффициентиниң ең үлкен мәнисине ийе боламыз:
(4.7)
бул жерде салыстырмалы бийиклик ниң шегаралық мәниси. (4.7)формуладан арматуралаўдың максимал мәниси бетон ҳәм арматураның есаплыққарсылықларына байланыслы екенлиги көринип турыпты.
Усының менен бирге, қурылыс нормаларында арматуралаўдың минимал мәниси де белгилеп қойылған. Ийилиўшең стерженлер ушын созылыўға жумысшы арматураның минимал кесим майданыAS=0,0005bh0 етип белгиленген (b- туўрытөртмүйеш кесимниң ени). Егерэлементтиң арматуралаў проценти белгиленген минимумнан киши болса, оны арматураланбаған бетон элемент сыпатында есаплаў керек.
Арматуралаўдың оптимал проценти балкалар ушын = 1...2 %, плиталар ушын = 0,3...0,6% ҳәм калонналар ушын 3%.
Темирбетон элементлери кеминде = 0,05% ҳәм көби менен = 3,5% муғдарында арматураланады.
Арматуралаў процентиниң киши муғдары, арматураланған элементтиң созылыўға болған есаплыққарсылығысап бетон элементиниң созылыўға болған қарсылығынан киши болмаўы керек деген шәрттен келип шығады. Арматуралаўдың максимал муғдары болса экономикалық ой-пикирлер ҳәм есаплар тийкарында белгиленеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |