«Материаллар қарсылығы» пәни улыўма инженерлик пән есапланып, конструкция, иншаатлар, машина ҳәм механизм бөлеклерин беккемлиликке, қаттылыққа ҳәм турақлылыққа есаплаў усылларын үйретеди


Инженерлик конструкция бөлеклериниң есаплаў схемалары



Download 53,75 Kb.
bet2/3
Sana23.02.2022
Hajmi53,75 Kb.
#120485
TuriЛекция
1   2   3
Bog'liq
1-lektsiya

1.2. Инженерлик конструкция бөлеклериниң есаплаў схемалары
Қурамалы формаға ийе инженерлик конструкциялардың элементлери схемаластырылып, әпиўайы формадағы денелер көринисине келтириледи. Олардың қатарына төмендегилер киреди:
1. Брус - кесе кесиминиң еки өлшеми үшинши өлшеми (узынлығы) не салыстырғанда анағурлым үлкен болған дене. Бруслар дүзиў ҳәм иймек көшерли болады. Кесе кесимлердиң аўырлық орайларының брустың узынлығы бойлап геометриялық орны брустың көшерин пайда етеди. (1.1-сүўрет)




1.1 - шакл


1.1-сүўрет

Егер брус созылыў ямаса қысылыўға жумыс ислесе - стержен, буралыўға жумыс ислесе - вал, ийилиске жумыс ислесе - балка деп аталады.


2. Пластинка - еки тегис бет пенен шегараланған ҳәм усы тегис бетлер арасындағы аралық, яғный денениң қалыңлығы, басқа еки өлшемлерине салыстырғанда көп мәрте киши болған дене.(1.2-сүўрет)






1.2 - сүўрет


3. Қабық - еки иймек бет пенен шегараланған болып, оның қалыңлығы, яғный бетлер арасындағы аралық қалған еки өлшемине салыстырғанда көп мәртебе киши болған дене. (1.3- сүўрет)





1.3 - сүўрет


4. Массив - үш өлшеми бир қыйлы тәртипте болған дене. (1.4- сүўрет)





1.4 - сүўрет


5. Стерженларди шарнирлер жәрдеминде тутастырып дүзилген, формасы геометриялық өзгермес система ферма деп жүритиледи. Ферманы қураўшы стерженлер тек ғана созылыў – қысылыўға жумыс ислейди.
6. Брусларды қатты етип тутастырып дүзилген, формасы геометриялық өзгермейтуғын система рама деп аталады.


1.3. Пәнде қабыл етилген тийкарғы гипотезалар ҳәм шеклениўлер
«Материаллар қарсылығы» ның усыллары менен орынланатуғын есапларда қаралатуғын денелердиң барлық қәсийетлерин нәзерде тутып болмайды. Есаплаў усыллары әпиўайы ҳәм есаплаўларда қолланылыўы қолайлы болыўы керек. Олар жетерли анықлықта ҳәм конструкцияға қойылатуғын тийкарғы талапларды қанаатландыратуғын болыўы зәрүр.
Усы мақсетлерде төмендеги тийкарғы улыўма гипотезалар нәзерде тутылады.
1 - гипотеза. Дене материалының дүзилиси үзликсиз. Бунда денениң атомларының дүзилиси есапқа алынбайды, материал денениң көлемин бослықсыз толтырады деп қаралады.
2 - гипотеза. Денениң материалы биргелкили, тутас ҳәм изотроплы, яғный денениң қәсийетлери оның барлық точкаларында ҳәм бағдарларында бир қыйлы деп қаралады.
3 - гипотеза. Денеге сырттан күш тәсир етпегенше, оның бөлекшелери арасында өз-ара тәсир күшлери пайда болмайды (зорықпағанлық).
4 - гипотеза. Күшлер тәсириниң бир-биринен ғәрезсизлик қағыйдасы (принципи). Бул қабыл етиўге көре күшлер системасының денеге тәсир етиўлериниң улыўма нәтийжеси ҳәр бир күштиң бөлек-бөлек тәсирлериниң нәтийжелериниң жыйындысына тең.
5- гипотеза. Сен-Венан қағыйдасы (принципи). Бул қабыл етиўге көре сыртқы күшлердиң бекитилген точкаларынан жетерли дәрежеде узақлықта жайласқан точкалардағы ишки күшлердиң характери бул күшлердиң тәсир етиў усылына байланыслы емес. Усы қабыл етиўге тийкарланып, киши майданшалардағы бөлистирилген күшлерди, есаплаўларды аңсатластырыў мақсетинде, топланған күш пенен алмастырыўға болады.
Усы тийкарғы улыўма қабыл етиўлерден басқа шеклениўлер пәнниң тийисли бөлимлеринде көрсетиледи.



Download 53,75 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish