МУҲАББАТ ХИМИЯСЫ
Бизиң планетамызда шама менен 7 миллиард адам жасайды, олар терисиниң реңи, турмыс шәраяты, миллети ҳәм минез қулқы менен бир-биринен ажралып турады. Бирақ булардың барлығын бирлестиретуғын бир күшли сезим бар, ол реңди де, минез қулықты да таңламайды. Бул сезим муҳаббат деп аталады. Ол адамды бийҳуш қылады, бахыт келтиреди, сондай-ақ, инсанда әжайып бир жағымлы сезим оятады. Бирақ, бул инсанның өмирин бир демде бузыўы ямаса шыдап болмайтуғын аўырыўға шекем алып келиўи мүмкин болған қәўипли қуралға да айланыўы мүмкин.
Ҳәр бир инсанда «Муҳаббат қай жерде туўылады» ҳәм адам жақсы көрип қалғанда инсан организминде қандай химиялық өзгерислер болып өтеди деген сораў туўылыўы мүмкин.
Көпшилик адамлар муҳаббат жүректе туўылады деп ойласа, ал айырымлары мийде туўылады деп ойлайды.Не ушын мухаббат кеселлик деп аталған ҳәм ол ўақтынша жасайма? Қандай етип биз бир-биреўимизди таңлаймыз ҳәм не ушын ол инсанның бирканша унамсыз тәреплери болыўына қарамастан жақсы көрип қаламыз?....деген көплеген сораўларға химия көз қарасынан тоқтап өтпекшимен.
Психологлардың сөзлерине көре, муҳаббат бул қалтыраў, дене ыссылығының көтерилиўи кеселликлерине, қандай да бир күшли сезимли жарылыўға уқсайды. Адамлар жақсы көрип қалғанларында, әўеле «бирлесиў» басқышынан өтеди – ашық болып қалғанлар өз-ара парқларды сезбей уқсаслықларға көбирек итибар береди. Бул «бизлер ылайықбыз» деген улыўма түсиникти пайда етеди.
Психологлар - барлық муҳаббат тарийхы бирдей (яғный ашық болыўдан) басланады, лекин ол ҳәр кимде хар кыйлы жуўмақланады- дейди. Муҳаббаттың дәслепки белгилери арасында қәнигелер «туннелди көриў»ди ажратады яғный сүйип қалған инсанлар өз муҳаббатына тийисли болмаған затларды еситкиси, көргиси келмейди, оны тек өз муҳаббаты ҳәм оған тийисли болған затлар ғана қызықтырады.
Медицина илимлери докторы, профессор Алексей Данилов муҳаббаттың биринши басқышында инсанның кейинги психикалық жағдайы, тәғдири ҳал етилиўине мынадай исеним билдиреди. «Егер инсан муҳаббаттан жуўап таппаса, ол өзиниң мәдений дәрежесине, тәрбиясына қарай ис тутыўы яғный инсан жаўызға айланыўы, шеригине, әтирапындағы инсанларга қаратылған жынаят жүз етиўи мүмкин, ямаса ол өз муҳаббаты астында сүўрет, қосық, музыка жазыўы, қандайда бир пайдалы жумысларды орынлаўы мүмкин».
Муҳаббаттың тағы бир белгиси - бул көтериңки сезимлер болып табылады. Бунда инсанда белгили бир ушыў сезими ҳәм санасының бултласыўы болады. Жақсы көрип қалған инсан удайы қосық айтыўды, ойынға түсиўди, мудамы таң қаларлық затлар қылыўды қәлейди, ол таўларды қозғаўды, ҳәттеки қопарыўды қәлейди... «Инсан бул ўақытта ҳақыйқаттан да озгеше пикирлей баслайды. Муҳаббатының түсин көз алдына келтирип, оны жоқ етиўди кәлемейди»,- дейди психологлар.
Бул басқышдан өтиў ўақтында қәнигелер ашык болған инсанларда сезимлик ҳәм психологиялық турақсызлықларды атап көрсетеди: бул уйқысызлық, ҳеш қандай шаршаў сезими жоқ болған жағдай болып табылады. Бундай жағдайда, адам бактерия ҳәм вируслардан қорқпайды, ҳеш қандай кеселликти қабыл етпейди. Бирақ, адам әлле қашан кесел болған болады.
«Муҳаббат неврозга уқсайды. Егер инсан өз итибарын муҳаббат сезиминен тыскары, турмыстың басқа тәреплерине жөнелтирмесе, кейин ол ҳәтте психотик жағдайға өтиўи мүмкин».
Do'stlaringiz bilan baham: |