11 – лекция
ҚУРЫЛЫСТЫҢ БИРИКТИРИЎШИ МАТЕРИАЛЛАРЫ
Жобасы:
1. Бириктириўши материаллардың классификациясы ҳәм ҳәк тасын алыў.
2. Портландцемент, оның алыныўы, қәсийетлери ҳәм қолланылыўы.
Бириктириўши материаллардың классификациясы ҳәм ҳәк тасын алыў
Қурылыстың бириктириўши материаллары дегенде майда унталған порошок түриндеги затлар түсиниледи, олар суў менен араластырылғанда пластикалық массаны пайда етеди, бул масса әсте-ақырын қатып тас тәризли ҳалатқа өтеди.
Пластикалық ҳалаттан қатты ҳалатқа өтиўи бириктириўши заттың қатыўы деп аталады. Қатыў дәўири араласпаның таярланыў ўақты менен қатыў мәўрити аралығындағы ўақыт пенен анықланады. Усыған байланыслы, қатыў ўақтына қарай затлар тез қатыўшы ҳәм әсте-ақырын қатыўшы болып бөлинеди. Мәселен, гипс сыяқлы затлардың қатыў дәўири бир неше минуты қурайды, бул тез қатыўшы топардың ўәкили. Ал портландцементке уқсаған затлардың қатыў дәўири бир нешше саатқа созылады, бул әсте-ақырын қатыўшы затлар топарына киреди.
Қатқаннан кейин бириктириўши затлардың механикалық беккемлиги артып барыўы даўам етеди. Бул дәўир бириктириўши затлардың қатайыўы деп аталады. Бириктириўши затлардың механикалық беккемлиги қысқа ўақытта әмелге асса, оны тез қатайыўшы затлар топарына киргиземиз.
Бириктириўши затлардың қатыўы да қатайыўы да, физика-химиялық ҳәм химиялық процесслердиң, оларда болып өтетуғын, суў менен тәсирлесиў процессиниң нәтийжеси болып табылады.
Барлық минераль бириктириўши затлар еки үлкен топарға бөлинеди:
1. Ҳаўада қататуғын бириктириўши затлар – буларға ҳәк, гипс ҳәм каустикалық магнезит жатады.
2. Гидравликалық бириктириўши затлар – бундай материаллар тек ғана ҳаўада емес, ал суўда ҳәм ығал жерде де қатыў қәбилиетине ийе. Буларға гидравликалық ҳәк, романцемент, портландцемент, сондай–ақ пуццолан, глинозем, шлаклы ҳәм кеңейиўши цементлер киреди.
Бириктириўши затлардың бул еки тийкарғы топарынан тысқары, арнаўлы кислотаға шыдамлы цементлер топары да бар.
Ҳаўада қататуғын затлар суў менен араластырылғаннан кейин, ҳаўада қатыў ҳәм өзиниң беккемлигин узақ ўақыт сақлаў қәбилиетине ийе. Сонлықтан олар тек ғана жер үсти қурылыс имаратларында қолланылады.
Гидравликалық бириктириўши затлардың өзгешелиги, олардың суў менен араластырылғаннан кейин ҳаўада да ҳәм суўда да өзиниң беккемлигин сақлаған ҳалда қатыў қәбилиетине ийе болыўы болып есапланады. Демек, олар тек жер үсти емес, ал жердиң астындағы, тиккелей суўдың ишинде турыўшы имаратлар қурылысында да пайдаланылыўы мүмкин.
Кислотаға шыдамлы бириктириўши затлар ҳаўада қатқаннан кейин узақ ўақыт даўамында кислоталар тәсирине беккемлик қәсийетин сақлайды.
Бириктириўши затлар таза түринде сийрек ислетиледи, өйткени олар қатқанда киширейип тартылады ҳәм жарықларды пайда етеди. Толтырғыш затларды қосыў арқалы бул кемшиликти сапластырыўға болады ҳәм сондай-ақ таярланатуғын буйымның баҳасы арзанлайды.
Тәбийий шийки зат ресурсларына: гипсли, ҳәк-сазылай-магнийли, жоқары саз ылайлы ҳәм кремнеземли жыныслар киреди. Гипсли таў жынысы CaSO4•2H2O ямаса CaSO4 гипс түриндеги бириктириўши затларды алыў ушын, сондай-ақ сульфатлы–шлаклы цементлерди таярлаў ушын қолланылады. Буннан тысқары гипсли материаллар ҳәр қыйлы бириктириўши затларға қосымталар сыпатында да пайдаланылады.
Ҳәк – сазылай – магнийли жыныслардың қурамына тийкарынан СаСО3, MgCO3 ҳәм саз ылай киреди. Бул жыныслардың баслы ўәкиллери: ҳәк тасы, мергеллер, саз ылай, магнезит ҳам доломит болып есапланады. Булардың барлығы ҳәр қыйлы кислоталардан турады. Қосымталардың түрине қарай ҳәк таслары саз ылайлы, мергели, магнийли ямаса доломитленген болып бөлинеди. Бир қанша кең тарқалған шийки зат ҳәк-саз ылай-магнийли шийки зат болып есапланады, сонлықтан оннан – ҳаўада қатыўшы ҳәм гидравликалық ҳәк тасы, роман ҳәм портландцементлер ҳ.т.б. әҳмийетли бириктириўши затлар таярланады. Жоқары саз ылайлы жыныслар – бокситлер, глиноземли цементлер өндирисинде қолланылады. Кремнеземли жыныслар, мәселен, диатомит, трепел, кварцли қум ҳ.т.б. материаллар менен араласпа түринде аралас цементлер өндирисинде пайдаланылады. Шлак, күл ҳ.т.б. – санаат шығындыларынан басқа материаллар менен араластырып аралас цементлер таярланады. Санаат шығындыларын пайдаланыў цементтиң баҳасын әдеўир арзанлатады.
Бул лекциямызда, қурылыста әҳмийетли роль ойнайтуғын ҳәк тасы ҳәм портландце-ментти қарап шығамыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |