11 – лекция Қурылыстың бириктириўши материаллары



Download 0,55 Mb.
bet5/9
Sana02.03.2022
Hajmi0,55 Mb.
#477318
1   2   3   4   5   6   7   8   9
Bog'liq
11-лекция

Цемент өндириў усыллары. Цемент өндириси төмендеги операциялардан турады: шийки затты алыў, оннан араласпа таярлаў, оны күйдириў, күйдирилген материалды -клинкерди – унтақлап майдалаў ҳәм таяр өнимлерди қаплаў.
Цемент тийкарынан еки усылда – ығаллы ҳәм қурғақ усылларда алынады. Усылды таңлаў пайдаланылатуғын шийки заттың характерине байланыслы, атап айтқанда: оның ығаллығына, қаттылығына, патасланыў дәрежесине, сондай-ақ қолланылатуғын жанылғы-ның сапасына. Цементти ығаллы усылда өндириў менен танысыўға тоқтап өтемиз.
Цементти ығаллы усылда өндириў. Ығаллы усылда цемент өндиргенде шийки зат араласпасы майдалаў ҳәм дәслепки затларды шийки зат цехында (35-Сүўрет) суў менен араластырыў арқалы таярланады.
Ҳәк тасы ҳәм саз ылайдан турыўшы – шийки зат арнаўлы үскене былғаўышқа 1 салынады. Шийки зат пенен бир ўақытта белгили муғдарда суў салынады. Былғаўыш диаметри 5-12 м, бийиклиги 1,5-3,5 м, жумыс көлеми 45-84 м3 болған дөңгелек ямаса көп қырлы бассейн түринде болады. Ол минутына 10-16 айланыс тезлигинде айланыўшы вертикаль жайласқан вал менен тәмийнленген, оған полат тисли тырмалар илдирилген. Тырмалар шийки затты жумсартады ҳәм араластырады, бунда ири бөлекшелер ыдыстың ултанына шөгеди. Былғаўыштың орташа ис өнимдарлығы 200-300 кг/м3•саат қа тең. Шлам былғаўыштан ковшалы элеватор 2 арқалы шийки зат дигирманына 3 келип түседи, бул жерде ол талап етилген дисперслик дәрежесине шекем майдаланады. Майдаланған бир текли масса дигирманнан – темирбетоннан ямаса металлдан таярланған шлам-бассейнге айдалады. Оларда сақлаў ўақтында шлам муқыятлап араластырылып турылады.



35-Сүўрет. Цемент заводының шийки зат цехы

Ҳәзирги ўақытлары шлам бассейнлери бир ўақыттың өзинде механикалық ҳәм пневматикалық араластырыўшы қурылмаларға ийе. Олардың сыйымлылығы 4000 м3 тан 6000 м3 қа шекем болыўы мүмкин.


Шламбассейнлерде шламның тек талап етилиўши аўысық муғдары ғана (3-4 күнге жетерлик) сақланып қоймастан, оның қурамы корректировкаланады. Шийки зат араласпасы қурамының көрсеткиши СаСО3 тиң муғдары болып есапланады, ол усы араласпаның титри деп аталады. Шлам титриниң аўысыўы (колебания) ± 0,1 % - тен аспаўы тийис. Корректировкалаў, кальций карбонаты менен байытылған ямаса кемитилген шлам қосыў арқалы әмелге асырылады.
Дүзетиў берилген араласпа шлам бассейннен элеватор 1 менен айланбалы печьке 2 күйдириўге жибериледи (36-Сүўрет). Печьтиң узынлығы 50-180 м ге ҳәм диаметри 2-4 м ге жетеди. Күйдирилиўши араласпаның печьтиң белигили бир зонасында болыў ўақтын көбейтиў ушын оларды кеңейтеди. Айланғанда ҳәм печьтиң сәйкес қыялығына (3-50) байланыслы шийки зат 25–45 м/саат тезликте печьтиң басы тәрепке қарай ҳәрекетленеди.
Печьтиң төменги тәрепинде жайласқан форсунка арқалы ҳаўа ҳәм жанылғы бүркип бериледи. Ол жанғанда печьтиң ишинде үлкен жалын ошағы пайда болады, температура 1700 0С қа шекем көтериледи. Ҳәзирги ўақытта цемент заводлары тәбийий газ бенен ислейди. Жаныўшы газлер, қарама-қарсы ағым принципи бойынша ҳәрекетленип, қарсы киятырған шийки затты қыздырады. Күйиў зонасында клинкер пайда болады. Печьтиң төменги тәрепинен шығатуғын түтин газлери, циклонларда шаңнан тазаланады ҳәм атмосфераға шығарып жибериледи. Күйдиргенде пайда болған клинкер, суўытқыш рекуператордан 3 өтип, 1000-1200 0С тан 50-200 0С қа шекем суўытылады ҳәм клинкер складына келип түседи. Суўытқыш цилиндр формасына ийе болып узынлығы 10 нан 30 м ге шекем, диаметри 1,2 ден 2,5 м ге шекем жетеди ҳәм горизонқа салыстырғанда 4-80 мүйеш астында печьтиң қыялығына қарама-қарсы бағытланған ҳалда жайластырылады. Клинкерди суўытыў ҳаўа жәрдеминде әмелге асырылады, ол кейин қыздырылған ҳалында печьте жаныў процессине қатнасыўға жибериледи. Клинкер складтан цемент майдалағышқа (37-Сүўрет) жибериледи. Майдалаў процессинде цементтиң мүддетин қәлипестириў ушын гипс (2-3 %) қосылады.


Download 0,55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish