Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet46/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   290
Bog'liq
ОМК

Электр ӛткизиўшеӊлик
. Шийшаныӊ электр ӛткизиўшеӊлиги оныӊ химиялық 
структурасына, соныӊ ишинде кремний, бор, барий, литий ҳәм т.б. лардыӊ оксидлери 
муғдарына, микроарматура ҳәм фиброарматура менен тәмийинленгенлигине байланыслы 
болады. 


44 
Әпиўайы силикат шийшасыныӊ бӛлме температурасындағы салыстырмалы электр 
қарсылығы 10
10
-10
11
Ом
.
см, тесип ӛтиў кернеўи 450 кВ

см
2
қурайды. 
Технологиялық қәсийетлери
. Шийшаны ҳәм оннан таярланған буйымларды 
механикалық қайта ислеў мүмкин: алмаз пенен кесиў, пышқылаў, победит кескишлери 
жәрдеминде шарлаў, шлифлеў, полировкалаў солар қатарына киреди. Шийшаны 800-1000
0
С 
температурада лист, най, талшық сыпатында созып алыў, кепсерлеў ҳәм үплеп форма бериў, 
буйым алыў мүмкин. Кейинги пайытда шийшаныӊ ислениўшеӊлигинен пайдаланып, оннан 
түрли қурылыс ҳәм меъморчилик буйымлары ҳәм бӛлимлери, шийша пакетлер, талшық ҳәм 
матолар таярлаў имканияты туўылды. 
6.4 Шийшаныӊ тҥрлери 
Тахта айна.
Тахта айнаға әпиўайы терезе, витрина, ыссылық нурларын жутыўшы, 
арматураланған ҳәм басқа айна түрлери киреди. 
Тахта айна терезе ҳәм есикти тосыўға, санаат ҳәм жәмийетлик имаратларын сыртқы 
орталықтан изоляциялаўда, ишки ҳәм сыртқы тәрептен безеўде ислетиледи. Тахта айна ени 
250-1600 мм, узынлығы 250-2200 мм, қалыӊлығы 2; 2,5; 3; 4; 5 ҳәм 6 мм ӛлшемлерде 
таярланады. Бир метр квадрат айнаныӊ массаси 2-5 кг болады. Шийша тахтаныӊ нур 
ӛткизиўшеӊлиги 87% тен кем болмаслығы, шаффоф болыўы талап етиледи. Ол реӊсиз 
болып, айрым жағдайларда жасыл ямаса кӛкимтир саялар болыўы рухсат етиледи. Тахта 
айна бетиндеги қыйсықлықлар, бурмалар, жол-жол сызықлар, бослықлардыӊ болыўы оныӊ 
сортын белгилейди. 
Витрина айнасы админстративлик, хызмет кӛрсетиў, саўда, мийманхана ҳәм т.б. 
имаратларды безеўде ҳәм изоляциялаўда ислетиледи. Витрина айналары полировкаланып
қалыӊлығы 6-10 мм, ени 3500, бойы 6000 мм ге шекем ӛлшемлерде ислеп шығарылады. 
Витрина айнасыныӊ бир тәреплеме нур ӛткизиўши түри имаратларды безеўде ҳәм жақтылық 
нурын мўътадил сақлаўда зәрүр болады. 
Ыссы нурларды қайтарыўшы айна бир тәрептен 0,3-1 мкм қалыӊлықта, түрли реӊдеги 
металл ҳәм оксид плѐнкалар менен қапланған болады. Металл ямаса оксид қапламалары 
арнаўлы ионлы бүркиў үскенелери жәрдеминде никел-хром араласпасы, темир, мыс, ҳәттеки 
алтын, платина ҳәм т.б. нодир металлар қапланыўы мүмкин. Олардыӊ нур ӛткизиўшеӊлиги 
30-70% әтирапында болады. Металл қапламалы шийшалар инфрақызыл нурларды 
қайтарғаны себепли қызбайды ҳәм бӛлмеден нур сыртқа шықпаслығы себепли имаратларда 
ыссылық сақланады. Металл ҳәм оксид плѐнкалар менен қапланған витрина айналары 
Париж, Берлин, Ташкент (Бизнес орайы, Интерконтинентал мийманханасы ҳәм т.б.) ҳәм 
басқа админстративлик имаратларды безеў ҳәм изоляциялаўда ислетилгени, оныӊ 
имканиятлары кӛплигинен дерек береди. 
Ыссы нурларды жутыўшы айна әпиўайы айнадан химиялық қурамында темир, кобалт, 
никел оксиди болыўы менен парықланады. Айнаныӊ бул түри емлеў, балалар бақшалары, 
гүлхана, қысқы бағ, имарат ҳәм иншаатлардыӊ ромларына орнатылады. 
Нур қайтарыўшы айна гүлли ҳәм хираластырылған түрлерге бӛлинип, бӛлме иши 
кӛринбеслиги ушын терезе, есик ромларына орнатылады. Гүлли айна қуйылып атырғанда 
арнаўлы валиклерден пайдаланылады. Хиралаштирилган айна болса, қум ағымы менен 
әпиўайы айнаны қайта ислеп таярланады. 
Арматураланған айнаны күйдирилген, хромланған, никелленген полат тор менен 
күшейттирип таярланады. Бул айна силлиқ ҳәм толқын тәризли болып, айна сындырылғанда 
шашылып кетпеслигин тәмийинлейди. Оныӊ ӛлшемлери: узынлығы 1200-2000 мм, ени 400-
1500 мм. 
Тапланған айна әпиўайы айнаны 540-650
0
С температурада қыздырып ҳәм әсте-ақырын 
суўытып алынады. Тапланған айнаныӊ соққыға ҳәм ийилиўдеги беккемлиги әпиўайы айнаға 
салыстырғанда бир неше барабар жоқары болады. Тапланған айна витриналар, есиклер, 
балкон, лесница тосықлары ҳәм бўлмалар таярлаўда ислетиледи. 


45 
Радиоактив нурларға шыдамлы айнаны шихта қурамына қорғасын, литий, бор, кадмий 
ҳәм цезий оксидлери (0,25-1,5%) қосылып таярланады. Бундай айналар атом 
электростанцияларында, реактор қурылмалары бӛлмелеринде, изотоплар таярлайтуғын 
кәрханаларда ислетиледи. 
Кӛп қабатлы айна (триплекс) әпиўайы ҳәм арматураланған болып, тийкарғы ҳәм 
аралық (амортизациялаўшы) қатламлардан ибарат. Бул айна түри сындырылғанда 
майдаланса да шашылып кетпейди. 
Ыссылыққа шыдамлы айна боросиликатлы болып, қурамында бор, рубидий ҳәм литий 
оксидлери болады. Бул айна түри 200
0
С температураға шыдайды ҳәм температурадан 
сызықлы кеӊейиў коэффициенти әпиўайы айнадан 2-3 мәрте кем болады (2-4
.
10
-6
0
С). 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish