Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


-сҥўрет. Орайдан қашыўшы (а) ҳәм бҥркиў (б) усылларында шийша талшығын



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet49/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   290
Bog'liq
ОМК

6.3-сҥўрет. Орайдан қашыўшы (а) ҳәм бҥркиў (б) усылларында шийша талшығын 
алыў 
1-еритпели ванна; 2-еритпе ағымы; 3-ысытқыш; 4-қысылған ҳаўа ҳәм пуў узатылатуғын 
үскене; 5-центрифуга; 6-шийша талшығы. 
Шийша талшығыныӊ созылыўдағы беккемлиги жүдә үлкен (2000-4000 МПа). 
Талшықтыӊ диаметри киширейсе оныӊ беккемлиги де кемейеди. Шийша талшығы (диаметри 
0,04 мм) орташа тығызлығы 40-50 кгм
3

Шийша талшығынан таярланған жип, мато, намат, плита, қобиғ ҳәм т.б. лар қабатлар 
аралық плиталар, пардийўаллар, тӛбе ҳәм бастырма плиталар таярлаўда ыссылық 
изоляциясы материалы сыпатында ислетиледи. Шығынды есапланған чигал ҳәм үлкен 
диаметрли шийша талшығынан пресслеп алынған шийша наматни битум ямаса смолаларда 
сиӊдирилген ӛним қурылыс конструкцияларыныӊ жер асты бӛлегин коррозиядан сақлаў, 
ыссылық трассаларында изоляциялаўшы материал сыпатында ислетиледи. 
Энергиятежемли шийшапакет. 
Суўық күнлерде әпиўайы айна қойылған бӛлмелерде 
50% ке шекем ыссылық
 
жоғалтылыўы
 
гүзетиледи ҳәмде айналарға жақын орында 
температура бир қанша тӛмен болады. Қәнигелер бул ҳалатты “суўық дийўал активлиги” деп 
атайды. 
Айна арқалы ыссылық еки жол менен жоғалтылады: 
1.
Айнаныӊ үлкен тығызлығы себепли, жоқары дәрежеде ыссылық ӛткизиўшеӊлиги. 
Бул ҳалатда еки ҳәм үш қабатлы айналы ромлар ислетиледи. 
2.
Ҳаўа конвекциясы себепли ыссылық жоғалтылады. Бул ҳалатда геметик 
шийшапакетлер жаратыў усылы менен ыссылық сақлап қалынады. Инфрақызыл нурланыў 
себепли 70% ке шекем ыссылық жоғалтылады. Бул ҳалда бир тәрепке арнаўлы қаплама 
сүртилген энергиятежемли айналар ислетиледи. 
Ҳәзирде еки типда (киши эмиссиялы) айна қапламасы ислетиледи: 
К – шийша – “қатты” қапламалы ҳәм i – шийша – “жумсақ” қапламалы. Жумсақ 
қапламалы айналар жоқары нәтийжели болып, баҳасы арзан. Киши эмиссиялы айналарды 
дүньяда бир неше компаниялар ислеп шығарады. Оларды ислеп шығарыў технологиясы 
қурамалы болып, ислеп шығарыўшыдан жоқары шеберлик талап етеди. Ислеп 
шығарыўшылар арасында Glaverbel компаниясы жүдә белгили. Glaverbel компаниясы ислеп 
шығарып атырған жумсақ қапламалы киши эмиссиялы терезе айналары – шийшапакетлер 
ушын мӛлшерленген ыссылықтежемли, тынық ҳәм нур ӛткизиўши пакетлер ушын 


48 
мӛлшерленген. Planibel top N ҳәм Planibel Ton NT (таплаў мүмкин), Energy N ҳәм Energy NT 
нейтрал, қыс-жаз мәўсимлеринде бӛлмелерде комфорт температурасын тәмийинлеўши ҳәмде 
энергиятежемли қәсийетлерге ийе болған Sunergu ҳәм Stopray архитектура айналары киреди. 
Киши эмиссиялы шийшапакетлер еки ҳәм кӛп камералы әпиўайы шийшапакетлерден 
абзаллығын кӛрсетеди. 
Киши эмиссиялы айналар еки камералы шийшапакетлерге салыстырғанда 20% 
ыссылық тежемли есапланады. 
Бундай айналар жаз күнлери қуяш нурын қайтарады, себеби нурды қайтарыў активлиги 
еки тәреплеме болады, нәтийжеде ханада салқын ҳаўа сақланады.
Бир камералы энергия тежемли шийшапакетте резонанс ҳалаты сезилмейди, блу ҳалат 
еки ҳәм кӛп камералы шийшапакетлерде жүз береди. 
Киши эмиссиялы шийшапакетлер сыртқы айналар ислетилсе де шаўқымнан изоляция 
қылады. Әпиўайы ҳалларда, әдетдеги 4 мм айна орнына 6 мм, ҳәтте 8 мм айна ислетиледи. 
Шийшапакет айналардыӊ ыссылық-физикалық қәсийетлери тӛмендегише: 
Шийша 
түри 
Эмиссия 
коэффициенти 
Ыссылық узатыў 
қарсылығы R
o
, м

K/B
T
СПО 
(қурғақ ҳаўа) 
Ыссылық узатыў 
қарсылығы R
o
, м

K/B
T
СПО Ar менен 
Әпиўайы 
шийша 
2,85 
0,35 
0,37 
Жумсақ 
қаплама 
0,04 
0,56 
0,68 
Қатты 
қаплама 
0,15 
0,50 
0,58 
К – шийша (қатты қапламали шийша) – флоат шийша ислеп шығарыў процесслеринде 
ыссы айнаға металлар оксидлери себиў усылында алынады. Қаплама қатты ҳәм узақ 
муддетке шыдамлы болады. Ол жақтылықты жоқары дәрежеде ӛткизеди, қыста ыссылықты 
кем жоғалтады, ламинация, таплаў ҳәм басқа ислеўлерге молик саналады.
i – шийша (жумсақ қапламалы шийша) – Шийшаға вакууммагнетрон усылында гүмис – 
энергиятежемли қаплама себиледи. Гүмис себилиўи себепли шийша бетинде электрон 
ӛткизиўшеӊ болып, белгили толқын узынлығынан жоқары ҳалда электромагнит нурланыў 
усы металл бетинен қайтады. 
i – шийша максимум энергиятежемли, жақтылық ӛткизиўшеӊ, кем нур қайтарыўшы ҳәм 
ишки конденсациялы қәсийетлерге ийе болады. 
Кем эмиссиялы шийша айналы пакетлер ислетилгенде узын толқынлы инфрақызыл 
нурланыў қысқарады, ыссылық сыртқа шықпайды ҳәм хана ишине қайтады. Сол ўақыттыӊ 
ӛзинде қысқа толқынлы ыссы қуяш нуры кем эмиссиялы шийша арқалы тоқтаўсыз ӛтиў 
имканияты болады ҳәм хананы қосымша ысытады. 
Улыўма кем эмиссиялы шийша айналы пакетлерди ислетиў энергия жоғалыўын 70% 
кемейттиреди. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish