Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet42/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   290
Bog'liq
ОМК

Кислотаға шыдамлы гербиш
жоқары ҳәм биринши категорияларда А, Б ҳәм В 
классларда таярланады. Гербиш форма жағынан туўры мүйешли, пона тәризли, радиал ҳәм 
фасон түрлерине бӛлинеди. Гербиштиӊ ӛлшемлери 230х113х65 ҳәм 230х113х55 мм. 
Гербиштиӊ қысылыўға беккемлиги 35-60 МПа, кислотаға шыдамлылығы 96-98,5% ҳәм 
термик шыдамлығы 5-25 мәрте ыссылық алмасыў цикли. Гербиш қурылыс конструкциялары 
ҳәм аппаратларды кислота орталығынан қорғаўда, газ жолларына қаплаў, пол ҳәм 
тарновларға жатқызыў ушын ислетиледи. 
Кислотаға шыдамлы плиткалар
жоқары ҳәм биринши сортларда 6 қыйлы маркада: 
фарфорлы кислотаға шыдамлы (КФ), дунитли термокислотаға шыдамлы (ТКД), гидролиз 
санааты ушын термокислотаға шыдамлы (ТКГ), қурылыс конструкциялары ушын кислотаға 
шыдамлы (КС), шамотли кислотаға шыдамлы (КШ) ҳәм шамотли термокислотаға шыдамлы 
(ТКШ). Плиткалар квадрат, туўры мүйешли, пона тәризли ҳәм қўшалоқ формаларда болады. 
Плитка ӛлшемлери: узынлығы ҳәм ени 50-200 мм, қалыӊлығы 15-50 мм болады. 
Плитканыӊ суў сиӊдириўшеӊлиги 0,4-8%, кислотаға шыдамлылығы 97-99%, қысылыўдағы 
беккемлик шегарасы 10-15МПа, ийилиўдеги беккемлик шегарасы 10-40МПа, суўыққа 
шыдамлығы 15-20 цикл ҳәм термик шыдамлылығы 2-10 мәрте ыссылық алмасыў цикли. 
Плиткалар аппарат ҳәм үскенелерди, қурылыс конструкцияларын, пол ҳәм газ 
жолларын кислота тәсиринен, термокислотаға шыдамлы плиткалар болса писириў қазанлары 
ишин қаплаў ушын ислетиледи. 
Кислотаға шыдамлы трубалар сыртқы ҳәм ишки тәреплери кислотаға шыдамлы сыр 
менен қапланады. Трубалар арнаўлы технологиялық усылда гил массасын жүдә 
тығызластырып таярланады. Трубалар химия, тӛгинлер ислеп шығарыў, целлюлоза-қағаз 
санаатларында ислетиледи. 
Отқа шыдамлы керамикалык материаллар
. Бул жағынан керамикалық материаллар 
отқа шыдамлы (1580-1770
0
С), отқа шыдамлылығы жоқары (1770-2000
0
С) ҳәм отқа 
шыдамлылығы жүдә жоқары (2000
0
С жоқары) түрлерге бӛлинеди. 
Отқа шыдамлы материалларға гербиш, блок, плита ҳәм фасон элементлери киреди. 


41 
Минерал 
қурамына 
қарай 
отқа 
шыдамлы 
материаллар 
қумтопырықлы, 
алюмосиликатлы, магнезитли, хромли ҳәм углеродлы болады. 
Қумтопырықлы (динасли) отқа шыдамлы буйымлар кварц қумы ҳәм гил тийкарында 
таярланады. Динасли буйымлар отқа шыдамлылығы 1710-1750
0
С, қысылыўға беккемлиги 
15-35 МПа. Динасли буйымлар санаат хумдонлари (мартен, кокс, цемент писириў) ишин 
қаплаўда ислетиледи. 
Алюмосиликатлы отқа шыдамлы буйымлар кварц, шамот, гил ҳәм каолин араласпасы 
тийкарында алынады. Олардыӊ отқа шыдамлылығы 1610-1710
0
С, қысылыўға беккемлиги 
кеминде 10 МПа болып, кокс, шийша еритетуғын хумдонлар ишин қаплаўда ислетиледи. 
Шамотли отқа шыдамлы буйымлар отқа шыдамлы гил ҳәм шамот тийкарында 
алынады. Олардыӊ отқа шыдамлылығы 1710-1730
0
С, қысылыўдағы беккемлиги 10-12,5 МПа. 
олар домна, керамика хумдонлари, пуў қазанлары ишин қаплаўда ислетиледи. Отқа 
шыдамлылығы жоқары буйымлар қурамыда 45% тен артық Al
2
O
3
болған шийки зат (боксит, 
корунд) тийкарында таярланады. Олардыӊ отқа шыдамлылығы 1770-2000
0
С болып, шийша 
еритиў хумдонлари қурылысында ҳәм басқа санаат кәрханаларында ислетиледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish