Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet222/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   218   219   220   221   222   223   224   225   ...   290
Bog'liq
ОМК

Ағаш микроструктурасы.
Ағаш үлгилери микроскопда кӛрилсе, оныӊ структурасы 
жүдә кӛп түрли ири ҳәм ӛлген клеткалардан ибаратлығы белгили болады. Тири клетка 
пўст,
оныӊ ишиндеги протоплазма, клетка ширеси ҳәм протопластдан (мағиз) қуралған. 
Клетканың 
пўсти
тийкарынан жоқары молекуляр целлюлозадан (клетчатка), (С
6
Н
10
О
5
)
n
ибарат. Клеткалар ӛткизиўши, механикалық ҳәм топлаўшы түрлери парықланады. 
Ӛткизиўши клеткалар ығаллылық ҳәм азықлықты жоқарыға кӛтереди. Олар найча ҳәм 
трахеидларға бӛлинеди. Ийне жапырақлы клетканың денесинде 
найча
лар болмайды; ол 
тийкарынан 
узунчоқ
клетка-трахеидлардан дүзилген. Трахеидлар арасында смола менен 
толған жоллар болады. Механикалық клеткалар дийўалларыныӊ қалыӊлығы менен 
характерли есапланады. Дүзилиси ҳәм қәсийетлери жағынан ағаш тәбийий композицион 
материал есапланады. 
31.2-сҥўрет. Қарағай ағашының микроструктурасы 
1-трахеидлар; 2-жыллық қатлам; 3-вертикал смола жолы; 4-ӛзек нурлары. 
31.3 Ағаштыӊ тийкарғы қәсийетлери
Физикалық қәсийетлер. 
Ағаш қурамы тийкарынан целлюлозадан ибарат болғаны 
ушын оныӊ тығызлығы турақлы болып, мәниси жағынан 1,54 г

см
3
тең. Ағаштыӊ орташа 
тығызлығы болса, оныӊ түрине салыстырғанда ӛзгериўшең болады. Ҳәтте бир түрдеги 
ағаштыӊ орташа тығызлығы теректиң ӛскен орны, ҳаўа райы, топырағы қурамына қарап 
ӛзгериўшең болыўы мүмкин. Ағаштың ығаллығының артыўы оныӊ орташа тығызлығының 
артыўына алып келеди. Соныӊ ушын ағаштыӊ стандарт орташа тығызлығы салыстырмалы 
ығаллығы 12% болғанда анықланады. 
Ағашта гигроскопик ығаллылық ҳәм капилляр ығаллылық болады. Гигроскопик 
ығаллылық тоқыма дийўалларында сиңген ҳалда, капилляр ығаллылық болса тоқыма 
бослығы ҳәм тоқымалар аралық бослықларында болады. 
Гигроскопик ығаллылық шегарасы 30% әтирапында болады. Ағаштыӊ толық ығаллығы 
(гигроскопик ҳәм капилляр ығаллылық) 30% артық болып, жаңа кесилген ағаш ушын 40-
120% аралығында болыўы мүмкин. Ағаш суўда узақ мүддет сақланғанда ығаллығы массаға 
салыстырғанда 200 % ке шекем артады. 
Ағаштыӊ теңсалмақлы ығаллығы орталықтың температурасы ҳәм ығаллығына 
байланыслы болады. Бӛлмеде сақланған ағаштыӊ ығаллығы 8-12%, қурғақ ҳаўада сақланған 
ағаштыӊ ығаллығы 15-18% болыўы мүмкин. 


200 
Кебиўи, исиниўи ҳәм 
тоб ташлаши
орталық температурасы ҳәм ығаллығына 
байланыслы болып, ағашдан таярланған буйым ҳәм конструкциялардың формасы ҳәм 
ӛлшемлериниӊ ӛзгериўине алып келеди. 
Ағаштыӊ ығаллығы гигроскоплик шегарасынан кемейгенде оныӊ тоқымалары 
бослықларындағы ығаллылықтан тысқары тоқымалар дийўалларындағы ығаллылық та шыға 
баслайды. Бул болса ағаштыӊ қоқ кеўиўине, қәсийетлериниң ӛзгериўине ҳәм тоб ташлашига 
алып келеди. 
Ағаш талшық тәризли дүзилисте болғаны ушын кеўиўден салыстырмалы киширейиў 
түрлише болады: талшықлары бойлап-0,1% (1 м ге 1 мм), радиал бағдар бойынша-3-6% (1 м 
ге 3-6 см) ҳәм тангенциал бағдар бойынша-6-12%(1 м ге 6-12 см). 
Кӛлемли киширейиўди, талшықлары бойлап киширейиўди есапқа алмаған ҳалда, 0,1% 
анықлықта тӛмендеги формула жәрдеминде есапланады: 
%
100



ab
b
a
ab
У
o
o
v

бул жерде: а ҳәм b-басланғыш ығаллылықтағы үлгиниң кесе кесим майданы 
ӛлшемлери: а
о
ҳәм b
о
-тап сондай, абсолют қурғақ ҳалда. 
Ағашты қоқ кеўиўден сақлаў ушын лак-бояў затлары менен қаплаў зәрүр. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   218   219   220   221   222   223   224   225   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish