Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet219/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   215   216   217   218   219   220   221   222   ...   290
Bog'liq
ОМК

Керамикалық микросфералы бояўлар. 
Чоксыз ыссылық изоляциясы материаллары 
(ЧИИМ) микродәрежеде ҳаўа толтырылған жүдә жуқа дийўаллы керамикалық 
микросфералар тийкарында алынған жаңа материал есапланады. ЧИИМлар ақ ҳәм реӊли, 
созылыўшаң, полимер байланыстырыўшыларға керамикалық микросфералар қосып 
таярланады. Оныӊ 20
о
С температурадағы ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффициенти – 0,001 
Вт/м
о
С. Бояў кепкеннен соң жеӊил, созылыўшаң ыссылық изоляциясы қаплама материалға 
айланады. ЧИИМлар бетлерине -10
0
С дан +200
0
С ға шекем температурада сүртиледи, -60
0
С 
дан +250
0
С ға шекем температурада 15 жылға шекем ислетилиўи мүмкин. Антикоррозия 
қапламасы ол пуўды ӛткизеди, бетке үлкен күш пенен жабысады. 
ЧИИМ лар имаратлар фасадлары, ишки дийўаллар, тӛбелер, бетон поллар, ыссы ҳәм 
суўық суў трубапроводлары, парапроводлар, суўытыў системалары, ҳаўа ӛткизиўшилер ҳәм 
т.б. ыссылық изоляциясы ҳәм безеў ушын ислетиледи. 
Керамикалық микросфералы бояўлар тӛмендеги абзаллықларға ийе: 
-
Металл, бетон, гербиш, черепица, керамика, фасад, пластик, шийша ҳәм басқа 
бетлерге жоқары адгезия; 
-
Нефть ӛнимлари, дузлы еритпелерге, силтилерге, ультрафиолет нурларға, атмосфера 
орталығына, температура ӛзгериўине шыдамлы; 
-
Ыссылық сақлаўда нәтийжели. Ыссылық нурларын 85% қайтарады. 
-
Металл конструкциялардың деформацияланыўының алдын алады; 
-
Қапламалы бүркиў процесси мийнет талап етиўи кем; 
-
+260
0
С киширейеди, +800
0
С 
парчаланади
ҳәм углерод оксиди ҳәм азот оксиди 
ажыратады ҳәм ӛрттиң тарқалыўын әстелестиреди. 
-
Экологиялық қәўипсиз, рН – 8,5 – 9,5. 
 
30.3 Суў-дисперсиялы бояўлар (латекслер) 
Суў-дисперсиялы бояўлар әпиўайы шараятда бир-бири менен араласпайтуғын затларды 
сирт-таранглигини
кескин кемейтиўши эмулгаторлар жәрдеминде эмулсия ҳалына келтирип 
алынады. Суў-дисперсиялы бояўларда суў сыртқы фаза болып, бояў қапламасы пайда 
ететуғын компонентлер усы фазада 
глобула
ҳалында болады. Бояў бетке жағылғанда суў 
азмаз тийкарға сиңеди ҳәм пуўланады, нәтийжеде эмулсия 
парчаланади
ҳәм 
глобула
лар бир-
бирине жабысып тегис қаплама пайда етеди. Қаплама ҳаўада кеўип қатқаннан кейин, 
ығаллылыққа шыдамлы ҳәм ҳаўа ағымын ӛткизиўши қаплама пайда болады. Бул усылда 
алынған латекслер инсан организмине зыянсыз, технологиялық тәрептен қулайлы, 
жанбайтуғын материал болып, қаплама қалыӊлығы ҳәм тығызлығын оныӊ қурамына суў 
киритип қәлегенше ӛзгертириў мүмкин. 
Суў-дисперсиялы латекслер ишинде ең кең тарқалғаны поливинилацетат эмулсион 
бояўлары есапланады. Олар поливинилацетат полимериниң суўдағы дисперсиясы болып, 
дибутилфталат пенен пластифицирленеди ҳәм қәсийетлерин жақсылаў мақсетинде қурамына 
пигмент ҳәм модифицирлеўши қосымшалар киритиледи. Алынған дисперсион бояў 


197 
атмосфера ҳәм ығал шараятқа шыдамлы ҳәм бетон, сыбаў, ағаш бетлерге адгезиясы жоқары 
болады. 
Акрилат дисперсион бояўлар акрил полимерларыныӊ суўдағы эмулсиясы болып, 
атмосфера орталығына шыдамлы ҳәм узақ мүддет хызмет етеди. Акрилат латекслери имарат 
ҳәм иншаатларды сыртқы тәрептен ҳәм ығаллылық болыўы мүмкин болған бӛлмелерни 
безеўде ислетиледи. 
Кремнийорганикалық полимерлер тийкарында алынған латекслер гидрофоблик 
қәсийетине ийе болады. Олар ыссы температура тәсиринде узақ мүддет 
парчаланмайди

Кремнийорганикалық латекслер имарат, сооружениелер ҳәм қурылыс конструкцияларын 
қаплаўда ислетиледи. 
Бутадиенстирол эмулсион бояўлар глифтал лаклердиң суўдағы дисперсиясы болып, 
жоқары сапалы безеў қапламаларын пайда етиўде қолланылады. Ҳәзирги күнде 
жуўылмайтуғын, узақ мүддет хызмет ететуғын, арзан, жергиликли компонентлер 
тийкарында алынатуғын суў-дисперсиялы бояўлар таярлаў актуал мәселе есапланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   215   216   217   218   219   220   221   222   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish