31.4-сҥўрет. Ағаш жарықларының тҥрлери
а-қас тәризли чатноқ; б-халқа тәризли ажроқ; в-суўықтан жарылыў; г-жарықлар.
Ағаш денеси нормал формасыныӊ ҳәм ағаш дҥзилисиниң бузылыўы.
Ағаштыӊ бул
түрдеги нуқсонлари теректиң нормал болмаған шараятта ӛсиўи ҳәм қоршаған орталықтың
тәсири нәтийжесинде пайда болады.
Усы нуқсонлар ишинде ең нохуши иймек-бүкирлик болып, бир тәрепке қыйсайғанлығы
ҳәм еки тәрепке қыйсайғанлығы менен характерли есапланады. Иймек-бүкирлик ағаш
сапасын пәсейттиреди.
Бақалоқлик
терек денесиниң тӛменги бӛлеги жоқары бӛлегине салыстырғанда кескин
жуўанласыўы түсиниледи.
Жиңишкелениў.
Ағаш денесиниң еки ушы диаметриниң ӛлшемлери арасындағы
парықтың үлкенлиги менен характерли. Бундай кескин жиңишкелениў ағаштыӊ
беккемлигиниң пәсейиўине ҳәм ысырап болыўына себеп болады.
Бурама.
Ағаш талшықларыныӊ терек денеси кӛшерине салыстырғанда қыялап
жайласыўы есапланады. Бурама тәбийий ҳәм жасалма болыўы мүмкин. Жасалма бурама
ағаш талшықларыныӊ жыллық қабатларда жүдә қыя жайласыўы нәтийжеси есапланады.
Бурама ағаш беккемлигин кемейттиреди ҳәм тоб ташлашига алып келеди.
Билонғи
ағаш талшықларыныӊ толқын тәризли жайласыўы ҳәм чалкашиши нәтийжеси
болады. Билонғи ағаш денесиниң айрым бӛлимлеринде ҳәм толық болыўы мүмкин. Билонғи
ағаштыӊ ийилиўдеги беккемлигин кемейттиреди.
Фатила
ағаш денесиниң қандайда бир орнында жыллык қабатлардың қыйсайыўы
есапланады. Фатила нуқсонининг себепшиси кӛзлердиң пайда болыўы менен белгиленеди.
Бул нуқсон бир ямаса еки тәреплеме болыўы мүмкин.
Шириў.
Ағаш замбуруғларнинг кӛбейиўи нәтийжесинде ширийди. Замбуруғлар
ағаштыӊ тийкарын қураўшы целлюлозаны глюкозаға айландыратугын ферментлар ислеп
шығарады. Пайда болған глюкоза замбуруғларга азық болғаны ушын олар және кӛбейип
барады, нәтийжеде ағаштыӊ сапасы кескин пәсейеди. Бунда ағаш массасы кемейеди, денеси
бойына ҳәм кесесине жарылып кетеди, ағаш жарамсыз ҳалға келеди.
Замбуруғлар ағаш ығал болғанда (20% тен кӛп), белгили температурада ҳәм
кислородлы орталықта кӛбейеди. Замбуруғлар суўлы, температура 0
0
С тӛмен болған
шараятда кӛбеймейди. Олардыӊ кӛбейиўи ағаш реңин ӛзгерттиреди. Замбуруғлар түскен
ағаштан конструкциялар таярлаў қәўипли, себеби ағаштыӊ беккемлиги кескин кемейген
болады. Замбуруғларнинг биржа, моғор, реӊ ӛзгертиўши, кӛклик кеселлиги түрлери бар.
Ағаш имарат ҳәм иншаатларда ислетилгенде онда үй замбуруғи кӛбейиўи мүмкин. Ақ үй
замбуруғи ҳәм перде тәризли үй замбуруғи ағаш конструкциялар ушын жүдә қәўипли болып,
оны бир неше айда-ақ пүткиллей истен шығарыўы мүмкин.
Қуртлаў.
Қурт ҳәм насекомалар, қоңызлар ағаш материалы менен азықланып, оныӊ
структурасын тӛменлестиреди. Қурт ҳәм ҳашоратлар жүрген орында кӛплеп тесиклер пайда
болады ҳәм олар ӛзи менен бирге замбуруғларни алып кирип ағаштыӊ бузылыўын
тезлестиреди. Ығал ҳәм илдизи қурыған заиф ағашларды қурт ҳәм ҳашоратлар тез
зыянлайды. Жарақатланған ағашларды имарат ҳәм иншаатлар конструкцияларында
ислетпеген мақул. Ағашта майда домалақ тесик пайда болыўы ҳәм олардан кепек тӛгилиўи
ағашқа қурт түскенинен дерек береди.
203
Do'stlaringiz bilan baham: |