Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Ағашты шириў, қуртлаў ҳәм жаныўдан сақлаў



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet226/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   222   223   224   225   226   227   228   229   ...   290
Bog'liq
ОМК

31.5 Ағашты шириў, қуртлаў ҳәм жаныўдан сақлаў
Шириўден сақлаў.
Ағашты шириўден сақлаў ушын антисептиклар менен қайта 
исленеди. Антисептиклерге тӛмендеги талаплар қойылады: замбуруғларга болған жоқары 
токсинлик, ағашқа жақсы сиңиў, жағымсыз ийис тарқатпаслық, инсан ҳәм үй ҳайўанларына 
зыяны болмаўы, ағаштыӊ сапасын пәсейтирмеслик ҳәм т.б. 
Антисептиклер суўда ерийтуғын, органикалық еритиўшилерде ерийтуғын, майлы ҳәм 
паста тәризли түрлерге бӛлинеди. 
Суўда ериўши антисептиклерге натрийли фторид, натрийли кремнефторид, аммонийли 
кремнефторид, ББК-3, ХХЦ, МХХЦ ҳәм ГР-48 препаратлары киреди. Бундай антисептиклер 
қурғақ орында ислетилетуғын ағашларды қайта ислеўда қолланылады. 
Натрийли фторид ийиссиз ақ
 
порошок
 
болып, 3-4% суўдағы еритпеси ағаш, пайраха 
ҳәм кепектен таярланған буйымлар, қамыс ҳәм торфты шириўден сақлаўда антисептик 
сыпатында ислетиледи. 
Аммонийли кремнефторид антисептикалық қәсийети менен бирге ағаштың отқа 
шыдамлылығын да асырады. Антисептиклер реӊсиз болғаны ушын бояўшы затлар 
қосылады. Органикалық еритиўшилердеги препаратлар ПЛ (жеӊил нефт ӛнимлериндеги 
пентахлорфенол) ҳәм НМЛ (жеӊил нефт ӛнимлериндеги мыс нафтенати) жоқары дәрежедеги 
токсинли антисептик болып, ағашқа жақсы сиңеди. Органикалық еритиўши сыпатында кӛк 
май, мазут, керосин ҳәм солвентнафт ислетиледи. 
Майлы антисептиклерге тас кӛмир майы, антрацен майы, сланец майы сыяқлылар 
киреди. 
Майлы антисептиклер ӛткир ийисли, тоқ жигер реӊ, күшли токсинлеўши қәсийетли 
болып, суўда жуўылмайды, металл бӛлеклерди коррозияламайды, бирақ ағашты тоқ-қоӊыр 
реӊге бояйды. 
Усы антисептиклер менен қайта исленген ағашларды ашық ҳаўада, жерде ямаса суўлы 
шараятда (кӛпир ҳәм қазық конструкциялары, шпаллар, суў асты иншаатлары ҳәм т.б.) 
ислетиў мүмкин. 
Антисептик 
пасталар 
битум, 
ериўши 
шийша, 
гилтопырық 
ҳәм 
т.б. 
байланыстырыўшылар ҳәм натрийли фторид ямаса кремнефторид антисептиклери ҳәм 
дисперс толтырыўшылар тийкарында таярланады. Пасталар ислетилиў дәўиринде ығалланыў 
мүмкин болған ағаш конструкцияларды қорғаўда ислетиледи. 
Ағаш буйым ҳәм конструкциялар түрли усылларда антисептик менен қайта исленеди: 
үскенелер жәрдеминде себиў, суўық ҳәм ыссы ванналарда сиңдириў, автоклавда басым 
астында сиңдириў, пасталарды сүртиў. Антисептикти сиңдириў усылы ағаштыӊ ислетиў 
тараўына, сиңиў тереңлиги, сиңдириў усылы ҳәм ағаштыӊ түрине, яғный дүзилисине 
байланыслы болады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   222   223   224   225   226   227   228   229   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish