Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet210/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   206   207   208   209   210   211   212   213   ...   290
Bog'liq
ОМК

29.3 Бояў қурамларыныӊ компонентлери 
Лак-бояўлар таярлаўда тийкарғы компонентлер сыпатында органикалық ҳәм 
органикалық 
емес 
байланыстырыўшылар, 
пигментлер, 
порошок 
толтырғышлар, 
пластификаторлар, 
еритиўшилер, 
сиккативлер 
ҳәмде 
жәрдемши 
материаллар-
стабилизаторлар, диспергаторлар, суйылтырғышлар, қатырыўшылар ҳәм басқалар 
ислетиледи. 
29.3.1 Байланыстырыўшы затлар 
Байланыстырыўшы затлар пигмент ҳәм дисперс толтырғышларды ӛз-ара 
байланыстырып, жуқа бояў қатламы пайда етиўши компонент болып, тийкарға беккем 
жабысыўы талап етиледи. 
Байланыстырыўшылар органикалық ҳәм минерал структуралы байланыстырыўшы 
затларға бӛлинеди. Пайда болыўы жағынан байланыстырыўшы затлар тәбийий ҳәм 
синтетикалық түрлерге ажыратылады. Органикалық байланыстырыўшы затларға тәбийий 
ҳәм ярым тәбийий олифлер, ағаш ҳәм ҳайўанлардан алынған желимлер, полимерлер ҳәм 
басқалар, органикалық емес байланыстырыўшыларға ҳәк, цемент, суйық шийша ҳәм т.б. 
киреди. 
Бояў қурамлардың тийкарғы физика-механикалық, химиялық ҳәм технологиялық 
қәсийетлери байланыстырыўшы затлардың түри ҳәм қәсийетлерине тиккелей байланыслы 
болады. 
Майлы бояў қурамлар ушын байланыстырыўшыларға кеўетуғын 
ӛсимлик 
майлары, минерал майлар, синтетикалык полимерлер ҳәм май лаклари киреди. Майлы 
байланыстырыўшылардан пайда болған перде қатламлары кӛби менен 24 саатқа шекем 
толық кебиўи (қурыўы) талап етиледи. 
Олифлер.
Олифлер тәбийий (натурал) байланыстырыўшы зат болып, зығыр, кенеп 
сыяқлы ӛсимликлер майларына арнаўлы ислеў берип алынады. Олиф атмосферадан 
кислородты бириктирип қурыў, яғный
 
қатыў
 
қәсийетине ийе. Олифлердиң
 
қатыў процессин 
тезлестириў ушын қурамына сиккативлер қосылады. 
Тәбийий олифлер жүдә беккем, ығаллылыққа ҳәм агрессив орталықларға шыдамлы 
қаплама перделер пайда етеди. Олар металл, ағаш, гипс ҳәм цементли араласпалар менен 
сыбалған дийўал бетлерди бояў ушын сапалы қурамлар таярлаўда ислетиледи. Ӛсимлик 
майларын тежеў мақсетинде тәбийий олифлер тийкарында ярым тәбийий олифлер 
таярланады. Қурамында 55% ӛсимлик майы ҳәм 45% уайт-спирт (техникалық керосин) 
болған “Оксол” олифи ҳәм 70% ӛсимлик майы ҳәм 30% уайт-спирт болған 
комбинацияласқан олифлер ислеп шығарылады. Ярым тәбийий олифлер кепкеннен кейин 
жуқарақ, күшли жылтырайтуғын, беккем, бирақ ҳаўа райы шараятына салыстырмалы 
шыдамсыз қапламалар пайда етеди. 
Олар нормал қойыў-суйықлықдағы майлы бояўлар алыўда ислетиледи. Таярланған 
бояў қурамлары металл, ағаш, сыбаў бетлерди безеўде қолланылады. 
Жасалма (комбинацияласқан) олифлер ӛсимлик майлары қосылмасдан ямаса 35% ке 
шекем қосылып нефт ҳәм басқа органикалық шийки затлар тийкарында алынады. 
Жасалма олифлерге глифталли, пентафталли, перхлорвинилли ҳәм басқа олифлер 
киреди. Глифталли олифлер зығыр майы, фталли ангидрид ҳәм глициринди температура 
менен ислеў бериў нәтийжесинде алынады. Жасалма олифлер ҳаўа райы тәсирине 
салыстырмалы шыдамсыз ҳәм реӊи қарамтыр болады. Олар тийкарында бӛлме ишинде 


191 
ислетилетуғын металл, ағаш ҳәм сыбаў бетлерди безеўге жарамлы бояў қурамлары таярлаўда 
қолланылады. 
Майлы лаклар тәбийий ҳәм жасалма смолаларды еритиўшилер ҳәм сиккативлар 
қосылған ӛсимлик майларында еритип алынады. Бунда еритиўшилер лакларға зәрүр болған 
консистенцияны тәмийинлейди. 
Майлы лаклар атмосфера орталығы тәсирине шыдамлы болған бояў қурамларды 
таярлаўда 
ислетиледи. 
Майлы 
бояў 
қурамлар 
алыўда 
синтетикалық 
байланыстырыўшылардың ислетилиўи ӛсимлик майларын тежейди ҳәм оларға жаңа 
қәсийетлер береди. Синтетикалық байланыстырыўшыларға түрли полимер материаллар 
киреди. Полимер байланыстырыўшылар тийкарында лаклар, эмаллар, пасталар, мастикалар, 
суўлы дисперсиялар алынады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   206   207   208   209   210   211   212   213   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish