29.2 Бояў қурамлар классификациясы ҳәм тийкарғы қәсийетлери
Бояў қурамлар тийкарынан химиялық қурамы, ислетилиў тараўына қарай
классификацияланады. Олардыӊ химиялық классификацияланыўында пайда болатуғын бояў
189
қатламының тәбияты, қурамы ҳәмде белгилениўи тийкар етип алынған. Белгиленген бас
ҳәриплер бояў қатламы-пленкасы пайда етиўи бойынша қайсы түрге тийисли екенлигин
билдиреди.
Мәселен, алкид-арилли АС, глифталли ГФ, кремнийорганикалық КО, мочевиналы
(карбамидли)
МИ,
перхлорвинилли
ХВ,
полиакрилли
АК,
полиамидли
ПА,
поливинилацетатли ВА, силикатлы ЖС, эпоксидли ЭП ҳәм сол сыяқлылар.
Бояў қапламалардың ислетилиў белгилери бойынша рационал тараўлары 29.1-кестеде
берилген.
29.1-кесте
Бояў қурамлар классификациясы
Бояў қурамының ислетилиў
тараўына қарай атамасы
Ислетилиў
топары
Ислетилиў шараяты
Атмосфера орталығына
шыдамлы
1
Ашық майданда ислетилетуғын түрли климатикалық
тәсирлерге шыдамлы қапламалар
Атмосфера орталығына
шегараланған дәрежеде
шыдамлы
2
Ысытылмайтуғын бӛлмелер ҳәм бастырмалар
астында ислетилетуғын қапламалар
Консервациялаўшы
3
Боялатуғын бетлерге ўақытша ислетилген
қапламалар
Суў орталығына шыдамлы
4
Суў ҳәм суў пуўы тәсирине шыдамлы қапламалар
Арнаўлы
5
Арнаўлы қәсийетлерге ийе болған қапламалар:
рентген нурларына шыдамлы, нурланатуғын,
биологиялық орталығына шыдамлы ҳәм басқ.
Арнаўлы бояў қурамларын тӛмендегише даўам еттириў мүмкин: 6-май ҳәм бензин
орталығына шыдамлы, 7-химиялық орталыққа шыдамлы, 8-термикалық (ыссылық)
орталыққа шыдамлы, 9-электр изоляциясы.
Бояў қурамларын маркалаўда бас ҳәриплер индекси ислетиледи: суў дисперсиялы-ВД,
органодисперсиялы-ОД, суўда араласыўшаң-В, порошоклы (кукунлы)-П.
Белгили бояў қурамын характерлеў ушын мысал келтиремиз: Эмал ХВ-16, яғный
перхлорвинилли эмал (ХВ), 1-атмосфера орталығына шыдамлы, регистрация цифры-6.
Бояў қапламаларын маркировкалаўда сыртқы кӛринисиниң сапасы да есапқа алынады.
ГОСТ бойынша бояў қапламалары дефектлери түри ҳәм саны жағынан сыртқы кӛриниси
сапасына қарай 7 классларға бӛлинеди: I-ҳеш қандай дефект болыўына рухсат етилмейди; II-
VII-дефектлер узынлығы, ени, диаметри ҳәм олар арасындағы аралықларға байланыслы
түрде санын есапқа алған ҳалда (дана
м
2
) айрым нотегисликлер рухсат етиледи; III-VII
классларда толқын тәризлилик рухсат етиледи; V-VII классларда ақпалар ҳәм IV-VII
классларда түрли саялар болыўы рухсат етиледи.
Бояў қурамлары қаплама усылына қарай щеткада сүртилетуғын, пулверизаторда
себилетуғын, кебиў (қурыў) шараятына қарай суўық ҳәм ыссы шараятда қаплама қатламы
пайда ететуғын түрлерде болады.
Бояў қурамлары консистенциясына (қойыўлығы) қарай суйық, қойыў, паста тәризли,
реологиялық қәсийетлерге қарай структураланыўшы системаға тийисли болады. Олардыӊ
қойыўлық дәрежеси себиў усылына сәйкес түрде таярланыўы керек.
Лак-бояўлардың қойыўлығын (қовушоқлигини) вискозиметрлер жәрдеминде ӛлшенеди
ҳәм секундларда (с) анықланады. Олардыӊ қойыўланыў дәўири
қовушоқликтың
орта баслаў
ўақыты менен белгиленеди.
Бояў қурамлардың қәсийетлерин анықлаў ушын металл ямаса шийша бетинде жуқа
қатты қатлам пайда етиледи. Бояў қапламасы пайда болыўы физика-химиялық ҳәм химиялық
процесслер болып ӛтиўи, қурамнан еритиўшиниң пуўланыўы ямаса суўлы дисперсиялардың
парчаланиши
ҳәм басқа процесслер менен тиккелей байланыслы болады.
190
Бояў қапламалар
қатыў процессиниң тамамланыўын қаттылық дәрежеси арқалы
анықлаў мүмкин.
Лак-бояў қапламалардың кебиў (қуриш) тезлиги олардыӊ сапасына байланыслы
болады. Олар бул жағынан 5 басқышлы түрлерге бӛлинеди. Зәрүрлик болса, лак-бояў
қапламалардың температурадан сызықлы кеӊейиў коэффициенти, ийилиўдеги беккемлиги,
агрессив араласпаларға шыдамлылығы сыяқлы арнаўлы қәсийетлери анықланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |