Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet206/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   202   203   204   205   206   207   208   209   ...   290
Bog'liq
ОМК

Полимер қапламалы бетонлар.
Бетон ҳәм темирбетон конструкцияларды агрессив 
орталық тәсиринен сақлаў ушын бети полимер композициялар менен қапланады. Полимер 
байланыстырыўшы сыпатында термопластикалық ҳәм термореактив смолалар ислетиледи. 
Полимер қапламалар лак-бояў, паста, мастика, араласпа, пленка ҳәм плита кӛринисинде 
болыўы мүмкин. Қорғаўшы қапламалар бетон бетине жақсы жабысыўы, беккем ҳәм эластик 
болыўы, агрессив орталықларға шыдамлы болыўы, суў ӛткизбеслиги керек. 
Полимер қорғаўшы қапламалар кӛбинесе эпоксид, полиэфир, фенол-формалдегид 
(грунтовка менен) ҳәм т.б. смолалар тийкарында таярланады. Бетон бетлерин биологиялық 
актив орталықлардан қорғаў мақсетинде карбамид-формалдегид, ацетон-формалдегид 
сыяқлы полимерлер тийкарындағы лак-бояўлар ҳәм композициялар ислетилиўи мүмкин. 
Полимер толтырғышлы бетонлар (фибробетон) 
бетонға белгили узынлықтағы (1000 
мм ге шекем) полимер талшықлар (полипропилен, полиизобутилен ҳәм т.б.) киритип 
қәсийетлери жақсыланады. Бунда бетонныӊ ийилиўдеги, созылыўдағы беккемлиги артады, 
деформативлиги кемейеди, динамикалық күшлениўлерге ҳәм жарықлар пайда болыўға 


187 
шыдамлылығы артады. Бул полимер талшық тәризли толтырғышлар цемент тасы менен 
адгезиясы жақсы болмағаны себепли структурада механикалық байланысқан ҳалатда 
болады. 
Бундай бетонлар свай фундаментлери конструкциялары, жол қапламаларын таярлаўда 
ислетиледи. 
Ағашты модификациялаў. 
Жумсақ ағашларды (қарағай, ақ қайын, терек, 
осина, олха
ҳәм басқ.) полимерлерде сиӊдирип физикалық-механикалық ҳәм эксплуатация қәсийетлерин 
кескин жақсылаў мүмкин. Ағашты сиңдириў ушын фенол-формалдегид, карбамид-
формалдегид, фуран, полиэфир, кремнийорганикалық ҳәм т.б. полимерлер ҳәм 
метилметакрилат, стирол сыяқлы мономерлер, полимер эмулсиялар ҳәм латекслер 
ислетиледи. Ағашты сиңдириў еки тийкарғы процесслерден ибарат: ағашты полимерде 
(олигомерде, мономерде) сиңдириў ҳәм оларды қатырыў. Буныӊ ушын ағаш дәслеп 
тазаланған, кептирилген болыўы керек. 
Ағаш метилметакрилат (стирол) мономеринде сиңдирилсе, талшықлары бойлап 
қысылыўдағы беккемлиги 2-3 мәрте, талшықларына кесе бағытда 4-6 мәрте артады. Бунда 
едирилувчанлиги
2 мәрте кемейеди. Ағаш фуран полимерлери менен сиӊдирилгенде 
беккемлиги 1,5-2 мәрте, қаттылығы 2 мәрте артады, агрессив орталықларға шыдамлы 
болады. Полимерлерде сиӊдирилген ағаш биологиялық орталықларға шыдамлы ҳәм қыйын 
жанатуғын
болады. 
Жумсақ ағашларды полимерлерде сиӊдирип қатты ағаш материаллардан таярланыўы 
тийис болған паркет (
дуб, ясен, бук
сыяқлы), плинтус, 
галтел
, есик ҳәм 
ром
бӛлеклерин алыў 
мүмкин. 
Модификацияланған ағаш тийкарында ығал ҳәм агрессив орталықларда ислейтуғын 
жыйналмалы ағаш конструкциялар, буйымлар ҳәм бӛлимлер таярланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   202   203   204   205   206   207   208   209   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish