Голоцен дәўиринде тийкарғы жетискенлик шарўашылық ҳәм дийқаншылық негизинде цивилизацияның экономикалық негизи жаратылған.
Амудәрьядағы бақлаўлар ол жерде б.э.ш 8-7 мың жыллықтан баслап, түрли өсимликлерди мәденийлестиргенин көрсетеди. Жақын Шығыста бул процесслер 10-9 мың жыллықлардан басланады. Өсимликлердиң молекуляр қурамын үйрениў арқалы нохат, чечевица өсимликлерин бир орында бир мәртебе өзлестиргенин билемиз. Арпа генетик тәрептен бир қанша орында өсирилген. Қой менен ешки болса Жақын Шығыста мезолит дәўиринде қолға үйретилен.
Евразияның көп аймақларына өсимлик ҳәм ҳайўанлар таяр халда миграция жолы менен тарқалған.Жүўери ҳәм тары Африкада тарқалғанлығы анықланған. Ҳараппа мәденияты ўәкиллери зығыр, пахта өсимликлерин мәденийлестиргени анықланған. Түрли районлардағы ландшафт өзгешеликлери таў дизбеклери, ямаса сахралар, самал есиў, жаўынгершилик ҳәм температура режимине тәсири үлкен болған. Турақлы жыллы климат Атлантик оптимумы дәўиринде мәдениятлардың гүллениўине алып келген. Бул гүллеў демографиялық партлаў менен жуўмақланған.
Мысал ушын 7 мың жыллықта ҳаўа райының суўып кетиўи нәтийжесинде Эгей теңизиниң бойы 15-20 метрге пәсейип кетеди ҳәм Киши Азияның алғашқы дийханлары қысқа ўақыт ишинде Балкан ярым атаўына кирип барады, Коронова мәдениятын пайда етеди. Б.э.ш 5 мың жыллықда арқаға қарап Гумельницы мәденияты қәлиплеседи ҳәм 4-3 мың жыллықта бул мәденият ўәкиллери Қара теңиздиң арқа аймақларына барып, Днепрде Триполье мәденияты қәлиплестиреди.
Ири миграциялар бронза дәўири, дәслепки темир дәўири миграциялары климаттың ысып суўыўына байланыслы, гиксослардың Мысрға, индоарийлердиң Хиндистан ҳәм Орта Азияға, дорийлардын Критқа бастырып кириўи б.э.ш XVII-XVIII әсирлерге тийисли. Олар Қазақстан ҳәм Орта Азия Андроново мәденияты ўәкиллери еди. Теңиз халықлары XII әсирде Мысрға ҳәм Хеттлерге бастырып келиўи, Финикия халқының XI-XII әсирлерде Орта жер теңизи аймақларын ийелеўи, XII әсирден баслап Карасук мәдениятының ўәкиллери әййемги скиф әўладлары әййемги Монголиядан батысқа қарай жылысыўлары климат өзгериўи менен байланыслы деген жуўмаққа келмекте.
Бақлаўларга көре миграциялар мәмлекетшиликтиң қәлиплесиўи процессинде беккем дүзимлердиң ҳүкимран болыўына алып келеди. Тәбийий қоршаған орталық турақлы болса әййемги мәмлекетлерди әззилетеди. Мысалы б.э.ш XI әсирде ыссы климат жағдайында Африкадағы Мысрдың жаңа патшалығы, Қытайдағы Шан Ин мәмлекети кризиске ушырайды, XVI-XVII әсирлерде суўық климат нәтийжесинде және қәлиплескен болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |