Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


-тема: Климат өзгериўиниң астрономиялық ҳәм геофизикалық факторлары



Download 10,97 Mb.
bet25/61
Sana25.02.2022
Hajmi10,97 Mb.
#297164
TuriЛекция
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   61
Bog'liq
Палео20

3-тема: Климат өзгериўиниң астрономиялық ҳәм геофизикалық факторлары.
Жер жузиниң қуяш нуры менен тәмийинлениўи дәслеп қуяштың нурланыў мәўсимлерине, қалаберсе, жер шары кеңликлериниң мәўсимлик өзгериўине байланыслы болып, геологиялық бақлаўларға қарағанда миллион жыллар алдын қуяш радиацияси ҳәзиргиге салыстырғанда 20-30 % ке кем болған, бирақ әзелден қуяш энергиясының мәўсимлик өзгерислерине қарай адамлар жыл санаған. Узақ өтмиштен 2 жыллық адамзат мушел сәнеси сақланып келген. Бирақ қуяш энергиясын инструмент яғный қурал арқалы өлшеў XVIII әсирде басланған.
Р. Швабе –1826-жылдан 1843 жылға шекем алып барылған астрономиялық бақлаўлар нәтийжесинде қуяш дақларының пайда болыўы ҳәр 10 жыл ишинде тәкирарланатуғынлығын анықлаған. Қытай дереклери XV әсирде-ақ қуяшта дақлар бар екенлигин анықлаған еди. 1510 жылда Галилей болса дақлар жоқ болғанын жазып қалдырған. Нәтийжеде қуяш мүшесиниң өзгерип барыўы орта есапта 11 жыл, айырым жағдайларда болса 9-8 жыл бәлким, 12-14 жылда анықланған қуяш дақлары өзгерип, жер климаты қәлиплесиўине тәсир көрсетеди ҳәм магнит майданының өзгериўине алып келеди. Бул илимий жуўмақлар ески 11-12 жыллық мүшел сәнесин тастыйықлайды. С14 (көмир углерод) изотоп еки элементи анализи Антарктида ҳәм Арктика аймақларында арқа нурланыў ҳәдийсеси ( Северное сияние) мәўсимлери ҳаўа температурасы менен үзликсиз түрде байланыслы екенлигин көрсетеди.
Тарийхий дереклер қуяш нурланыў кемейгенде хаўада С14 қурамы кемейип барады. Қыста Арктикада қуяш көринбестен полюста 6 ай қаранғы түн хүкимранлық еткен. Атмосфераның ызғарлығы парланып майда музларға ҳәм бөлекшелерге айланады. Ане усы думан нәтийжесинде пайда болған бөлекшелер жерге түспей полюс атмосферасына түсип турған, қуяш нурлары оларды таплатып арктик нурланыўының гөззал көринисин пайда етеди. Буннан тысқары арқа музланыў хәдийсеси ҳаўадағы азон қатламына да байланыслы. 1970 жыллардан Арктика ҳәм Антарктида азоттың кемейип барыўы азон тесигиниң пайда болыўына алып келди. Азот қуяш нуры тәсиринде ашып оның жемирилиўине алып келеди. Қәўипли азон майданы 1 млн.м.кв қа тең тесиклерди пайда етеди. Қуяш радиациясының әҳмийети жүдә үлкен, қуяш энергиясы активлескен сайын атмосфера самал жөнелиси ҳәм булытлардың көшиўи жөнелиси өзгерип барады.
Буннан тысқары қуяштың активлиги атмосферада электр күшин пайда етип, инсан саламатлығына кери тәсир етеди. Бириншиден,413 мың жыллық жер оғының эклептикасы оның орбитасына қарағанда өзгериўи мумкин. Екиншиден, 136 мың жыллық қуяш мәўсимлери жер жузиниң ысыўы ямаса суўыўына тәсир етеди. Үшиншиден, жер орбитасының прецессиясы 21 мың жылда өзгерип отырады. (прецессия дегенимиз – жер шары денесиниң айланыў оғының космос кеңлигиндеги өз бағдарын өзгертип отырыў хәдийсесине айтамыз),10 мың жыл даўамында жер қуяшқа январь айында жақынласады, ал 10-11 мың жылда болса қуяш жазда жақынласады. Жер жүзиниң температурасын мине усы 3 фактор тәмийинлейди. Астрономиялық есап-китапларға қарағанда қуяштан келип турған энергия 20 % ке кемейсе, Арктика ҳәм Антарктика экваторда бирлеседи ҳәм жер шарын биротала муз қаплайды.
Жер шарының ишки факторлары тийкарлары эгзоген факторлар деп аталады. Бул ишки факторлар ең дәслеп оның көлеми, аўырлығы ҳәм формасына байланыслы. Бул факторлар: планетамыздың дүзилиси, жердиң ишкерисинде болып атырған процесслер, оның жузиниң қәсийетлери, айланыў тезлиги, гравитация ҳәм магнит майданлары, тектоник ҳәм вулканлардың активлиги, ыссылықтың ишки дереклери, атмосфера ҳәм гидросфера қурамы ҳәм олардың ҳәрекети, жер шары яғный глобус формасында десекте, негизи эллипс формасында.
Ең баслысы жер шарының аўырлығы суў ҳәм ҳаўаны услап турады. Есаплаўларға көре, узақ өтмиште жер шарының айланыў тезлиги жүдә тез болған ҳәм климаттың кеңлик зоналарының парқы үлкен болған. Жер шарының айланыў тезлигиниң пәсейиўи усы тәризде даўам ете берсе 5 млрд жылдан кейин ҳәзиргиге салыстырғанда жер шары өз оғы әтирапында бир айда бир мәртебе айланады екен.
Және бир фактор жер жүзиндеги материклер ҳәм теңизлер. Олардың өзгешеликлери ҳәр қыйлы, жер шарының ишкерсине яғный шуқырға ҳәр бир км кирип барған сайын температура 30% ке көтерилип барады. Самалдың барлық ўақыт есип турыўы хаўа райы температурасын нормаға келтирип турады.
Жер шарының магнит майданының өзгерип турыўының себеби, жер шарының прецессиясының өзгерип турыўына яғный оның айланыўына ҳәм оғының иймейиўине ҳәм жер шары орбитасының экцентрациясына байланыслы.
Жер жүзиниң қәсийетлериниң өзгериўине еки мың жыллық фактордың өзиде тәсир етип отыр. Бул системаның планеталардың жағдайы ҳәр 1800-1900 жыл даўамында өзгериўи ҳәм олардың гравитациясыда жер планетасының жағдайына тәсир етип отырады. Геомагнит майданының 50 мың жылда өзгерип отырыўы да анықланған. Арқа геомагнит полюсы 12-15000 жыл алдын Арқа океанының шығыс тәрепинде болған. Б.э.ш. 200 жылда болса Арқа геомагнит полюсы Европаға жақын болған. Ҳәзир болса Россияның Баренц теңизинде жайласқан.
Солай етип, магнит майданының өзгериўи ҳаўа циркуляциясы циклон ҳәм муссонлардың бағдарын қәлиплестирип барады екен. Магнит полюсы жақынласса суўық климат қәлиплеседи. Усындай мәўсимлер ўақтында 2 полюстың бир бирине жақынласып қалыўыда гүзетиледи. Бундай жағдай 2028 жылда гүзетиледи екен. Магнит полюсларының бир-бирине жақынласыўы ай ҳәм жер шарының ишки ҳәрекетлери ҳәм температурасына байланыслы. Демек, жер шары полюсларының майданының өзгерип турыўы ҳәм бир бирине жақынласыўы комплекс факторлар себепли болып турады екен.
Жер шарының ишки энергиясың дереги оның аўырлығы, орайындағы массасына ҳәм орайда пайда болған басымға байланыслы. Жер шары орайындағы энергияның көлеми 2х10 ның 38-ши дәрежесиндеги ыссылық болып табылады. Нәтийжеде жер шарының орайы барлық ўақыт ериген, суйықлық ҳалатында болады. Буның нәтийжесинде континентлер қыймылдап турады ҳәм континентлер плиталарының ески шегара сызықлары пайда болады. Плиталардың атамалары: Тыныш океаны шегараларына тән, Антарктида, Америка, Африка сейсмик зоналары деп аталады. Африка сейсмик зонасы континенттиң шығысына жайласқан шығыс Африка таў дизбеклери-сейсмик зона есапланады. 15-20 млн жыл ишинде континентлер ҳәзирги халына келген, жер шары тарийхы даўамында Вулканлар шығарып атқан газдың көлеми 2х10 ның 23-ши дәрежесиндеги граммға тең. Оның көлеми ҳәзирги атмосферадан 50 есе үлкен ҳәм океанлар суўының көлеми еки есе көп. Солай етип, жер жузиндеги океан ҳәм атмосфера вулкан искерлигиниң нәтийжеси есапланады. Кейин суў қурамындағы геохимикалық процесслер, қуяш радиациясы тәсиринде өсимликлер тарийхы раўажланыўында азот ҳәм кислородтан қуралған атмосфера келип шыққан. Мысал ушын ХIX әсир ақыры XX әсир басында жер шарында вулкан искерлиги күшейеди ҳәм ҳаўаға, атмосфераға майда аэрозол (майда бөлекшелер) қурамы ҳаўаға тарқалғаны себепли температура пәсейип кетеди. Климатқа атмосфера газларының қурамыныңда әҳмийети үлкен, мысалы ушын атмосферадан пар жоқ болып кетсе жер жузи температурасы 32 градусқа пәсейип кетиўи дәлилленген.
CO(углерод оксидиниң) биосфера хәрекетиндеги әҳмийети де жүдә үлкен, себеби ҳаўа қурамында CO2 углерод оксидиниң ның проценти көп. Органикалық тиришилик нәтийжесинде CO(углерод оксидиниң) кислород ҳәм углерод барқулла реакцияға кирисип, тиришилик процессин тоқтаўсыз ҳәрекетке келтирип турады. Жер жүзи биосферасы ҳәм атмосферасы ортасында СО2(углерод оксидиниң) бирикпесиниң айланып жаңаланыўы 20-40 жылға тең. Океан ҳәм атмосфера ортасында 5 жылда айланып қайтадан пайда болады, өзгереди.
Музлаў дәўиринде ҳаўа қурамындағы СO2(углерод оксидиниң) көлеми салыстырмалы түрде кем болады, музлаў ҳәм музлық аралығының айырмашылығы 6-9 градусты қурайды. Өсимликлердиң фотосентези нәтийжесинде жылына 100 млрд тонна CO2(углерод оксиди) жоғалып барады. Усы өлшемдеги CO2(углерод оксиди) тири организмлердиң дем алыўы нәтийжесинде атмосфераға қайтып келеди, оның 57 млрд тоннасы материклерге туўра келеди.
Вулкан атылыўы нәтийжесинде жылына 0,7 гекатонна CO(углерод оксиди) атмосфераға қосылады, бирақ адам техникасы 5-10 млрд тонна CO2(углерод оксидин) атмосфера қурамына қосады екен. Мине усы процесслер атмосфера қурамында, жер жүзине кең тарқалады. Буннан тысқары қуяш системасының планета айланысыда бар: Марс айланыўы 1,9 жыл, Юпитер жылы 11,6 жылға тең, Плутон жылы 250- жылға тең. Улыўма алғанда булардың ҳәммеси жер экологиясына үлкен тәсири бар.
Усыған қарамай мәлим аймақларда климаттың экстремал тәризде өзгериўи гүзетиледи. Климат өзгериўи себепли ашаршылық, кеселлик көбейеди. 



Download 10,97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish