Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


-лекция: Эндоген (ишки) геологиялық процесслердиң экологиялық жағдайға тәсири. Тәбияттың раўажланыў ритми



Download 10,97 Mb.
bet26/61
Sana25.02.2022
Hajmi10,97 Mb.
#297164
TuriЛекция
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   61
Bog'liq
Палео20

4-лекция: Эндоген (ишки) геологиялық процесслердиң экологиялық жағдайға тәсири. Тәбияттың раўажланыў ритми.


Климаттың өзгериўиниң космослық факторларынан ең баслысы бул қуяш радиациясы ҳәм қуяш активлигиниң асып ҳәм пәсейип турыўы болып табылады. Климат өзгериўине қуяштың искерлиги 11жыллық , 90 жыллық, 10200 жыллық ҳәм 1900 жыллық циклери себеп болады. Ҳәрбир цикл 1,76 млн жыл, ҳәр бир галактиканың жуўмақланыўы 65-235-400-570 жыл, усы дәўир аралықларында жердеги фауна ҳәм флора толық алмасып жаңаланыўы гүзетилген.
Инсаният раўажланыўында климат өзгериўиниң жүда әҳмийети күшли. Тектоник ҳәрекетлер себепли таўлар өседи, жер жарылады ҳәм бул жарықлар бойлап дәрьялар пайда болады. Дәрьялар кеңислигинде түрли флора ҳәм фауна пайда болады. Әсиресе, алғашқы дәўир тас әсири мәдениятының раўажланыўы сол дәрья аймақларына туўра келеди.Усындай жерлерде яғный дәрья бойларында цивилизациялар пайда болады. Усы орынларда металлургияның раўажланыўы бийкардан емес, себеби, тектоник ҳәрекетлер жер асты қатламларын көтерип, жарып түрли минерал ҳәм металл рудаларын ашып береди.
Микроэлементлердиң топырақ қурамында болыўы ямаса болмаўы инсан саламатлығы ушын әҳмийетке ийе (мс: зоб кеселлиги х.б). Биологиялық процесслерди бир путкил үйренип шыққанда генетиканың раўажланыўының өзгериўиниң бири сыпатында омыртқасызлардың раўажланыўы -0,3, жер баўырлаўшылардики 1,7, қуслар ҳәм сүт емизиўшилердики 2,9 тезлигинде раўажланыўы анықланған.
Мийнет өнимдарлығы алғашқы дәўирде 10000 жылда 1,2%ге асқан , қулшылық дәўиринде 4% ке асқан болса феодализм дәўирине келип 8% ке асқан, ақырғы жылларда мийнет өнимдарлығы ҳәр15 жылда 2 есеге асып бармақта. Инсан тарийхы даўамында байланыс тезлиги 1000000 мәртебе тезлескен, ҳәрекет тезлиги 100000 есе, хабар тезлиги 1000000 есе, материяның раўажланыў тезлиги 3 млрд жылда 4 млрд есе тезлескен. Метагаллактика 20 млрд жылдан бери бар болса, тезлесиў 20 млн мәрте жоқарылады. Жер жүзинде ҳаўаға ҳәм инсанларға тәсир қылатуғын 142 түрли ритм мәўсимлери бар екен. Мәселен: бир фактор жердиң қурыўына алып келеди.
Орта Азияда Арал ҳәм Каспий аймақлары экологиялық тәрептен көп үйренилген. Инсан цивилизациясы раўажланыўында геологиялық процесслер айрықша әҳмийетке ийе. Жердиң жылжыўын қәлиплестириўши бул тектоник процесс кеңисликлерди қәлиплестиреди дәрьялардың шөгинди экосистемасынан келип шығып, бул жерде рудалы ҳәм рудасыз қазылма байлықларын пайда етеди. Иран, Орта Азия ҳәм Киши Азияның таўлы жерлеринде әййемги металлургия ошақлары жайласқан. Инсан ҳәм ҳайўанлар саламатлығына тәсир көрсетиўши микроэлементлер есапланады.
Ҳәзирги Голоцен дәўири климаты салыстырмалы түрде тыныш дәўир есапланады. Греландия ҳәм Антарктида музлықларының үйренилиўи ақырғы мың жыллар даўамында қысқа мүддетли температураның өзгерип турыўы бақланған.
Орта Азияда климат өзгериўи менен Каспий ҳәм Арал теңизиниң бойы өзгерип турады. Бир заманлар оның бассейни Азов ҳәм Қара теңиз бассейнлери менен қосылып кеткен. Температураның төменлеўи Евразия майданларында ығаллылықтың жоқарылаўына алып келеди. Орайлық Азияда болса музлаў дәўиринде тийкарынан қурғақ ҳаўа райы ҳәм суўық ҳукимран болғанлығы анықланған.
Антропоген ямаса Плейстоцен дәўириниң сәнеси 2 млн жылдан аспайды. Бул дәўирде жер жүзиниң рельефи биротала қәлиплесип болады. Тектоник процесслер орогенез (таўлар өсиўи) процессине алып келеди. Тектоник ҳәрекетлер жарықларды пайда етип ҳәм суўдың ол жерлерге жыйналыўы дәрьялардың пайда болыўына алып келеди. Таўлардан ағып турған сайлар жыныслардың уныраўы нәтийжесинде пайда болған таспаған қум ылайларды жеткерип, пәс тегисликлерди пайда етип, шуқырлықларда үлкен-киши суў бассейнлерин толтырып барады яки океанға ағып шығады. Дәрьялар өз өзеклеринен ағып келинген жатқызылған материал алювий деп аталады. Яғный дәрьялар жайылып ағып барған сайын олар пайда еткен тегисликлер алювиал тегисликлер деп аталады.
Дәрьялардың жоқары ағымындағы суўға тускен материаллар (пролювиал) деп аталады.Дәрья өзегинен пайда болып турған материаллар парқы үлкен. Жоқары ағымда дәрьялардан тийкарынан ири таслар топланады, пәстке домалап келеди. Даланлықларда болса тийкарынан шөгип қалады. Пәс тегисликлерде тийкарынан қумлар шөгеди.
Дәрьяның төменги ағымларында ылайлар шөгип, кең майданларды пайда етеди. Нәўбеттеги тектоник көтерилиў дәрья өзегин тереңлестирип барады ҳәм тереңлесип барыўы көл яки теңиз бенен теңлескеннен кейин тоқтамайды. Дәрья түбинде жыйналып баратырған шөгинди ҳәм жатқызықлар бийиклиги өзен жағалаўларына дейин көтерилип барыўы нәтийжесинде суў тасып жағаның төменги жерине қарай аға баслайды ҳәм жарып жаңа өзенди пайда етеди. Буның нәтийжесинде пәс тегисликлер ландшафты шараятындағы дәрьялардың барлығы өзгерип жылан изи формасында ағады. Буны меандр деп атаймыз.
Дәрьяның төменги ағымларында дәрья өзенлери жайылып ырмақ жылғаларға айырылып ағыўы нәтийжесинде ылайлар шөгип кең майданларды пайда етеди. Нәўбеттеги тектоник көтерилиў болса дәрья өзегин қайтадан тереңлестирип барады ҳәм өзенниң адағындағы көл ямаса теңиз бенен теңлескеннен соң тоқтайды. Оннан соң дәрья және меандр формасында ағып жағаларды жемирип ө өзенин кеңейттире баслайды.
Орта Азияда ақырғы млн жыл плейстоцен даўамында 4 терасса бойы пайда болған. Булар сол дәўирдеги жер жузиниң тектоникасының искерлиги нәтийжеси есапланады. Сырдәрья бассейнинде ең жоқары терасса Косқорған терассасы болып, ол 450-500 мың жыл алдын қәлиплескен. Буның қәлиплесиўи Миндел музлаўына туўра келеди.Таскент террасасының майданы болса Рис музлаў дәўирине туўра келип сәнеси 200 мың жылдан артық. Мирзашөл терасасы дәўири Вюрм музлаўына тең, оның сәнеси 40 мың жылдан артық. Сырдәрья терассасының пайда болыўы 15 мың жылдан аспайды. Ҳәзирги дәўирде бул система Сырдәрья бассейни терассаларының номенклатурасы деп аталады.
Арал теңизиниң түбинде Вюрм дәўиринде күл реңли ылайлар пайда болған, суўы шорланбаған. Бул дәўирде Каспий теңизинде 30-20 мың жыл алдын Хвалинс трансрегрессиясы ( кеңейиўи)гүзетиледи.
Орта Азия аймағында музлықлар аралығы дәўирлеринде халық саны көбейип, музлаў дәўирлеринде болса қублаға қарап шегинген, ыссы дәўирлерде арқаға қайта көшип келиўлер басланған. Бул аймақларды дәслеп архантроплар өзлестире баслаған.
Инсан от энергетикасын әййемнен билгени менен от жағыў өнерин кеминде 100 мың жыл алдын өзлестирди. Инсанның физикалық көринисине тәсир етиўши тийкар қоршаған орталық биохимиясы есапланады. Топырақтағы түрли микроэлементлер қурамы ҳайўанлар саламатлығына да тәсири үлкен. Питекантроп Ява атаўындағы сүйеклерден сүйек церрозы кеселлиги белгилери табылған. Ҳәзир таўлы аймақлардың көпшилиги суўда йод жетиспеўшилигинен қыйналады.
Гранит жынысының жер жүзине жақынлығы брохикифомияға( домалақ баслы), мезокефалия ( мәйек баслы), долехокфалия (узын баслы) аўырыўларға алып келеди. Узын жиңишке баслы адамлар тийкарынан экваториал шәраятта жасайды. Жоқары таўлы халықтың көкирек бөлими, аяқ-қолларының сүйеклери узын болады, себеби жоқарыда ҳаўа басымының азлығы, яғный кислород кем болады.



Download 10,97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish