6- Тема: Голоцен дәўири климаты ҳәм тәбиий шәраяты.
Голоцен –музлаўдан кейинги дәўир. Музлаў даўири тамамланыўы менен ҳәзирги дәўир климаты қәлииплесе баслады. Музлықлар арқаға шегинип, турли кеңликлерге тән өсимлик ҳәм хайўанат дуньясы қәлиплеседи. Ҳәзир 14мың жылдан бери ыссы климат ҳуким сурмекте. Сибир, Арқа Америка, Арқа Европа мәңгилик музлыкларды, субарктик өсимликлери аймақлары жузлеп км ларға арқаға шегинеди.
Голоцен дәўириниң баслы тийкарғы бөлеги эрамыздан алдынғы 8-4мын жыллықлар Атлантик оптимумы деб аталады. Ҳаўа райы әдеўир турақлы ыссы ҳәм көпжаўынлы болған. Африка Саҳрасында да жылына 300-400 мм жаўын жаўған. Африканың орайындағы Чад кɵли кеңейип майданы Каспий теңизине жеткен. Археологиялык жақтан бул дәўир басқышына неолит туўры келеди. Бул дәўирде дийҳаншылық пенен шарўашылық раўажланып, ислеп шығарыў экономикасы қәлииплеседи. Бул дәўирде арқа аймакларда қурғақшылық күшейеди. Африкада да бир заманлар Нил менен теңлесетуғын дарьялар аққан, олардан бириниң жағалаўларында тас шоққыларда сызылған петроглифларда табылған.
1) Ең аййемги петроглифлар эр.алдынғы 7-6 мың жыллықларға тийисли болып, пил, жирафа сүўретлери, буйвол х.б ушрайды. Бул хайўанларды аўлаўшы ҳалықлардың түрлери негроидларға уқсайды.
2) Неолит дәўири эр.алдынғы 5-4 мың жыллыққа тийсли сўретлер, бул жерде шарўашылық кɵринисин ушратыўмыз мумкин. Қарамал падалары шопанлары европоид бет әлпетине ийе болған.
3) Эр.алдынғы 1200 жыллары атлар суўрети ушрайды. Ат Орайлық Азияның арқа аймақларында бейимлестирген.
Евразия кеңисликлеинде эр. алдынғы 2 мың жыллықтың 2-ярымында ҳәм оннан алдын Ямная, Катакомба, Андроново мәдениятларының ўәкиллери шарўа халкы жылқы бағыўшылық санаатын дуньяға таратқан. Бул археологиялық мадениятлар халқы көшип жүргенлиги себепли олардың мәдениятларының айырмашылығын халқы көмилген мазарлардан, гөрлеринен табылған буйымларға қарап ажратқан.
Ямная – Ўра, Ёрма гөрлеринен пайдаланған,
Катакомбная – Лахадқа көмиў әдетине ийе қәўимлер,
Андроново – Ағаштан кәбир ислеген.
Палеогеорафлардың гүзетиўине қарағанда Қызылқум территориясы э.ш 4 мыңыншы жыллықларда жайнаған орын болған. Амударья, Сырдарья, Зарафшан мол суўлы болып, Каспийга қуйылған. Бул аймақларда жабайы ɵгиз (тур) х.б турақлы ығал ықлымға масласқан хайуанлар журген.
Қубла Туркменстандағы Копетдағ сайларыда мол суўлы болып, бул жерде э.ш 8-4 мың жыллықларда Жайтун мәденияты қәлиплеседи. Жайтун мәдениятына тән буйымлар арқа аймакта кең кɵлемде табылған Келтеминар мәденияты менен шегаралас болған. Келтеминар мәдениятының аңшы, теримши халқы э.ш 3 мың жыллықта ҳаўа қурып суўыўы нәтийжесинде ығал арқа аймақларға шегинип орта кеңликтеги жерлерди ɵзлестирген. Нәтийжеде батыс жɵнелисте Шығыс Европа аймағына жетип барған ҳәм шығыс жөнелисинде Алтай ҳәм шығыс Түркистанға да тарқаған.
Бухара оазисиниң батыс аймақларынан батысқа барып жеткен Зарафшан дарьясының етеклеринде Келтеминар мәденияты мәнзиллери табылған. Оның жағалаўларында 80 метрлик тик жар шетинде эр. алдынғы 4мың жыллық ақырына тийсли Келтеминар мәдениятына тийсли орынлар табылған. Бир заманлар бул мәнзиллер Зарафшан дарьяси етегинде пайда болған кɵл атирапында пайда болған. 6 мың жыл даўамында жуз берген тектоник дәрья өзенине салыстырғанда ɵзеги 80 метрге көтерилип кеткенлигин көрсетеди.
Ҳәзирде де Орта Азияның майданы тийкарынан Арал теңизиниң туби де сейсмологлардын хабарына кɵре жылына орта есапта 1см ɵсип бармақта. Уй хайўанларынан қой менен ешки биринши рет Жақын Шыгыста қолға үйретилген. Соның ишинде еки ɵркешли туйе Келтеминар мәденияты уәкиллери тәрепинен ɵзлестирилген.
Европада төрт салкын ҳәм ығал мәўсимлер анықланған, булардың сәнеси эр. шекемги 3700-3100, 2600 ҳәм 2- мын жыллыкларға туўры келеди. Голоцен климат суўыўы Батыс Европада 3 ши мың жыллықлар басына туўры келеди. Бул мәўсимде қурғақшылық хәўиж алған ҳәм кɵплеген мәденият орайлары ўайран болған. Соның нәтийжесинде Орайлық Азияда Бактрия, Маргияна мәденияты пайда болды.Саполлытепа, Жарқўтон, Гонур, Тоғолок, Даштли3 баска алғашқы қалалар сол кɵшиў ақыбетинде Орта Азияға, Жақын Шығыс мәдениятын алып киреди. Археологиялық мәдениятлардың ɵзгериўлери жазыў, сол жерден табылған. Сондай ақ бул дәўирде қыста Дунай дарьясын муз қаплап оның үстинен ат ҳәм пиядалар ɵтип жүрген.
Бир заманлар Қубла Арабстанда Сабий патшалығы болған, сол дәўирге тийисли хәзир қурып атырған дарьяда эр. алдынғы 9 әсирге тийисли улкен тоған табылып, оның бойы 600 метрди қураған.
Сондай-ақ бул дәўирлерде әййемги Кытайда, Мысыр, Европа дереклеринде эр. алдынғы 3 мын жыллықтың 1-ярымында үлкен ɵзгерислер болып турған. Каспий теңизииң сатқы 80 метр бәлент болған. Себеби, оған путкил музлықлардың ериген суўлары жыйналған. Эр.алдынғы 7мың жыллықта болса оның сатқы ҳәзиргиден 20 метр пәс болған. Европа территориялары голоценниң ыссы мезгилинде Алп таўлары тоғайларының шегарасы ҳәзирге қарағанда 1км бәлент болған.
Атлантик плювиал дәўиринде Орта Азия территориясында ыссы болған аймақларда кɵбирек жаўын жаўған. Сол даўирде Орта Жер тенизиниң шығыс территорияларында Европаға, Арқа Африкаға, Қубла Азияға мегалитлер мәденияты тарқала баслады. (Долмен, Менгир, Кромлехлар). Мегалит –үлкен таслардан қурылған имарат. Сибир аймақларында мамонтлар голоцен даўириниң басында яғный 12 -10 мың жыл алдын қырылады. Бул дәўирде Орайлық Азияда қурғақшылық ҳүким сүрген. Ыссыкɵл көлиниң трансрегрессияси гүзетиледи. Бул дәўирде Жақын Шығыс, Орта Шығысты суўғарып турған Атлантик циклонлар жолы арқаға жылжыйды.
Голоцен даўириниң басында ( 13-6 мын жыллық ) музлықлардың ериўи нәтижесинде жәҳән океанларының сатқы ҳәр мың жылда 9 см ге кɵтерилген. Европа территорияларында аййемги голоцен мәўсиминде қурғақшылық жүз бере баслайды. Англия Европадан ажралып, Аляска Камчаткадан ажырап қалады. Ақырғы 4 мын жылда океан сатҳы 1 метрден 4 метрге дейин кɵтерилип келмекте, буның себеби Арктика ҳәм Антарктида музларының ерип кетиўи.
Атлантик плювиал дәўиринде Орта Азияның сахраларында жылына 250-450 мм ға шекем жаўын жаўып турған, ыссылық ҳәзиргиден 8-10 гр пәс болған. 3-2 мың жыллықларда ықлым қурып ыссылық кɵтериледи. Жайтунның орынын Анов мәденияты ийелейди. Даштда энеолит, бронза дәўирине тийсли мәнзиллер пайда болды. Эр. алдынғы 2мың жыллықларда болса Орта Азияның қубла территорияларында БМАК мәденияты қәлииплести. Даштда болса арқа кɵшпели Андроново мәденияты кирип келеди. Ақырғы 4мың жыллык ишинде 7 ығал мәусим гузетилген. Булар эр. ал, 1900,1300,760,20 ҳәм эрамыздың 920,1120,1700 жылларынан басланады. Бул мәусимлер нәтийжесинде отырықшы дийханшылық га кеңейип гә тарайып барған. Хорезм экспециясының анықлаўы бойынша Сарықамыс аймағында да адамлар неолитте ɵмир кеширген. Бул аймақтың суўы эр. ал. 2 ши мың жыллықта қурыйды. Эр. ал. 8-7 мың жыллықларда болса Ўзбойдан Сарықамысқа және сўў келе баслаған ҳәм бул аймақтан сакларға тийсли Қуйисой мәнзиллери табылған. Эр.ал. VI әсирден баслап бул жерде Гузеликыр, Қалалықыр мәдениятлары ҳәм әййемги Хорезм мәденияты қәлиплеседи.
Do'stlaringiz bilan baham: |