Экологиялық мәденият - бул қоршаған орталық хаққында терең билимге, тәбиятты асыраў сезимине ийе болыў, өсимликлер ҳәм ҳайўанларға ғамхорлық көрсетиўде, тәбият запасларынан ақылана пайдаланыў, оларды көбейттириў бойынша қайғырыўға қаратылған әмелий искерликтиң уллы көрсеткиши.
2- сораў. ҒМА ҳәм бурынғы Аўқам Республикаларында экологиялық машқалалар
1-слайд
ҒМА мәмлекетлеринде қоршаған орталықты қорғаў мәселесинде ортақ болған машқалалар көп, ол бурынғы Аўқамнан қалған нәсил ХХI Әсирге келип кескинлесе баслады.
Бурынғы Аўқам территориясы жүдә үлкен тәбиий ресурс майданына ийе еди- жанар май энергетикасы, жер, минерал, шийки зат, тоғай, суў ҳ.б. Бул ресурслардың болыўы ири өндирис күшлериниң пайда болыўына ҳәм ХХ әсир орталарына келип Аўқамның дүнья жүзинде өндирис көлеми бойынша 2 ши орынға, ал айырым түрлери ( көмир, нефть,полат, қалайы) алыў бойынша 1 орында турған еди.
Командалық-административлик система ҳәм қәлиплескен хожалық механизими тәбияттан пайдаланыўды рационал түрде қорғаўға стимул бере алмады. 1990 жыллардағы экономикалық кризис экологиялық кризислерге алып келди. Илимий терминологияда экологиялық апатшылық зоналары деген түсиник пайда болды.
Арал машқаласы_- 1983 жылдан баслап р Сырдарья теңизге қуймай қалды, суўдың қәдди 19 м.түсип кетти. XXI әсир басына келип оның акваториясының майданы ярымына шекем азайды, теңиз өзиниң дәслепки көлеминиң 4-3 бөлегинен айырылды. Нәтийжеде Амударья ҳәм Сырдарьяның төменги ағысы территориялары интенсив түрде қурғақлана баслады, дәрия суўлары шорланды , экологическиялық система, хайўанатлар ҳәм өсимлик дүньясы деградациялана баслады.
Радиоактив зоналар –Белоруссия, Украина, Россия Қазақстан территорияларында жайласқан. Бул биринши гезекте 1940 жж Түслик Уралда ( Челябинскте)атом әскерий заводының қурылыўы, Қазақстан Республикасы Семипалатискиде неше жыллардан берли ядерлық сынаў зонасына айланыўы, Узақ Шығыста термоядерлық қурылманың атылыўы, Тундра адамларының нурланыўына алып келди.
Украина ҳәм Белоруссия территориясында - Чернобыль апатшылығы млн адамлардың өмирине, келешегине, ден саўлығына, миллий экономикасына, мәдениятына тәсири – булардың барлығы Белоруссия территориясын экологиялық жақтан қәўипли зона деп атаўға алып келди. АЭС тың жарылыўы 30 радиустағы ( Чернобыль,Припять,Киев) – 20 областқа тәсирин көрсетпекте
БМШ мағлыўматларына қарағанда Аўқам территориясындағы бундай зоналар майданы 4 млн.кв.км жерди қамтыйды. Бул Германия, Франция, Испания, Уллыбритания мәмлекетлериниң территориясын қосып есаплағандағы майданға тең. Бул машқалаларды шешиўде ҒМА республикалары биригип комплекс илажларды әмелге асырмақта
Do'stlaringiz bilan baham: |