Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


-Тема: Аййемги дуньяның экологиялық машқалалары



Download 10,97 Mb.
bet31/61
Sana25.02.2022
Hajmi10,97 Mb.
#297164
TuriЛекция
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   61
Bog'liq
Палео20

8-Тема: Аййемги дуньяның экологиялық машқалалары.
Тарихий экология бағдарында түрли экологиялық апатлар жуз бергенлиги белгили. Тәбиий антропоген ҳәм техноген апатлар. Аййемги заманда тийикарынан сыртқы тәсирлердиң яғный: жер кыймылдаў, қурғақшылық, суў тасқынлары алғашқы цивилизация ошақларының жоғалыўына алып келген. Бирақ бул дәўирде де инсанның экологияға тәсири жақсы болмады. Тас әсиринен баслап инсан имаратлар салып, от жағып хайўанларды қырып келген. Ҳәзиргеше инсанлар дийханшылық майданларын кеңейтиў мақсетинде орманларды жандырып жибериў халатлары ушрайды. Инсан қай жерде жасамасын ɵзине тән жасалма орталық жаратып, ɵз шараятын жақсылаўға ҳәрекет етеди. Буның ақыбетинде не кутип тур, оны есап китап кылмайды.
Тийкарынан тас әсиринен бери Беринг ярым аралынан адамлар Аляскаға кɵшип қысқа мүддетте (мың жыл әтырапында) Қубла Американың ақырына жетип барады. Бул процесстин ɵзинде 30 дан артық ҳайўан түрлери қырылады: мамонт, мастодонт, мегатерий, ат, түйе, ленивец (жалқаў), мускатный бык. Оннан кейинги дәўирде жергиликли атлар XV әсирде Испанлар тәрепинен қайта тарқатылады.
Тас әсиринде ɵмир шараятларының аўыр болыўы ашаршылык, антисанитария себепли инсанияттың ɵлим дәрежесин күшейттирип жибереди. Мысалы, Неандертал адамлар 20 жас ғана жасаған. Этнологиялық гүзетиўлерге қарағанда алеутлар 6 жасында кеселге ушраған киши кызларды ɵлтиўге мәжбүр болған. Жүдә кɵп қәўимлер егизек яки албинос (ақ адамлар) туўылса оларды ɵлтирилген.
Дийҳаншылықтан шарўашылыққа ɵтиў инсаният мүмкиншиликлерин мың есе кеңейитип жиберди. Технологиялардың раўажланыўы менен мийнет ɵнимдарлығы асты.Гүндениң орнына темир плугқа ɵтти. Оннан тысқары раўажланған сайын диҳаншылық майданлары шарўадарлык майданлары есабыннан кенеййп барды. 1 кг мал гɵшин алыу ушын 80 кг от кетеди,оған 1 гектар жер керек, демек бир нешше кв.метрден де 1кг ғәлле алыў имканы болған.
Аййемги Шығыс цивилизациясының табиий орталыққа тәсири күшли болған. Уллы дарьялардың төменги ағысы, тоғайлар қурытылып жырткышлар жоғалтылған, суўғарыу системалары қәлиплескен. Кең кɵлемдеги ирригациялар нәтийжесинде суўғарма дийханшылық үлкен ɵним дерегине айналды. Бул жасалма кɵринислер бағ орманлар, аўыллар, каналлар инсанның дɵгерек-әтирапқа жақсы кɵз қарасы акыбети болған.
Бирақ бул жасалма орталық тоқтаусыз кеңейиў мумкин емес еди. Жасалма орталықта табияат тең салмақлығы бузылады, жерлер шорға айнала баслайды. Жаңа майданлар ɵзлестириў мәселеси койылды. Бирақ Аййемги Мысыр шорланбаған. Нил ҳәр жылы тасыўы ɵз аймағының топырақларының жўўылыўына алып келеди. Ҳәр жылы Нил ɵзегиндеги майдан 1 мм ға қосылып барады. Бул қосылып баратырған батпақлықтың шɵгиндиси Мысыр дийҳаншылык топырақларын азықлантырып минерал менен байытып барады, мың жылда 1метр ɵсип барады. Нәтийжеде Мысырда ҳәр жылы мол зүрәәт қырман алыўы анык еди. Мысырда ҳәр жылы Сентябрде Нил суўының дәрежеси 10 метрге кɵтерилген, ноябрьда суў қашып егин тегин жумысы басланған, март айында мол зүрәәт алған. Ҳәзир Мысыр майданының 96,5%и қақраған саҳрадан ибарат, қалган 3,5% майданда ҳалқының 99,5%и жасайды.
Месопотамияның шараяты басқаша, бул үлкениң ҳалқы бир ɵмир шорланыў бәлеси менен гүресип келген. Буның нәтийжесинде ɵз ўақтында белгили болған Хиндстанның Хараппа мәдениятыда ўайран болған.
Аййемги отырықшы цивилизацияларға кɵшпелилер, урыс, талан-таражлар кери тәсир тийгизди.Буны Ора Азия мысалында көриўимизге болады. Металлургия раўажланыўы нәтийжесинде Аййемги Шығыс аймақларында орманлар кесилип жойтылды. Шарўашылыққада кери тәсир тийгизди, мал саны кɵбейген сайын жайлаўлар топырағы сахраға айнала баслады. Аййемги аристократларға тән жыртқышларға аў шɵлкемлестириў де, гладиаторлар урыслары ҳәм жыртқышларша қырылыўына тәсири үлкен болды. Гладиаторлар урысында арыслан ҳәм айыўлар қырып ɵлтирилген.
Бир тәрептен әййемги заманда инсан табиий орталықты асыраў шараларын да кɵрип келген. Орманларды кесип, тереклерди қуўратыў гүна есапланған. Ҳиндистанда эр.алдын V әсирде жазылған Астхаштрада өсимликке зиян тийгизиў, ҳайўанларға зыян келтириўшилерге штраф белгиленген оны дүзетиўге мәжбүр қылған. Хамураппи нызамларында егинлерди малға жегизгенлерге үлкен жаза белгиленген. Мираплар суў бастырса, мийўели тереклер кесилсе жазаланған. Қолайсыз шараятлар, тәбиий апатлар инабатқа алынған. Қурғақшылық жылларда ҳалық саны кемейтирилген.
Аййемги ҳәм орта патшалықлар жеңислери менен бирге абаданшылық ислери менен де мақтанған. Канал ɵткизиў, бағ, яғный майданлар ашыу. Жүда кɵп хайўанлар муқаддес есапланғанлығы себебли Мысыр, Хиндистанда олар адам қолы менен жаратылған мәдений қоршаған орталық шараятында аман қалды. Ҳәтте эпидемия шараятында дәригерлер емлеў усылын қоллайды. Жазба дереклерде Рим империясында тәбиятты асыраў ис иләжлары системасы пәнде жақсы үйренилген. Италия ярым аралы аймақлары зүрәәтли, кәнлери қазылма байлықларға бай болған. Теңиз жағалары кеме сазлыққа кәсиплескен. Дийҳаншылық Рим ҳалқын мийнет сүйиўшилик ҳәм аўыр шараятқа кɵнлигиў қәбилетлерине қәлиплестирген болса, күнделикли урыслар ҳалықты шынықтырады. Рим ҳалқы ҳәр бир затты, мейли ол имарат болсын яки бўйым, оларды беккем ҳәм сыпатлы етип ислеп шығарыўға үйренген. Хожалық бўйымларын ɵз қоллары менен жасаған.
Италия ярым аралының таў тас ланшафты әсирлер даўамында ɵзлестирилген. Бағлар, тас жоллар, кɵпир ҳәм аквидуклар сарқырама суўларды ўзақ жерлерден қала орайына жеткизип турған. Бул қурылмалар ҳәзирге шекем хызметте.
Антик дәўирден баслап саламатлықты тиклеў барысында минерал сўў ҳәм шыпалы лайдан пайдаланыў тәўиплик китабында жазылған. Теңиз сўуда шомылыўда жалаңаш ҳалда тынық ҳаўада ҳәм қўяш нурында журиў. Қырғақ бойында ҳәм таўлы аймақларда теринкур маршутлар дузилди. Гален (араб луқмонлари) диета тийкарлары назариясын ислеп шықты. Ҳәр бир рим пуқараси қаладан сырта азғантай болсада бағ ийеси болыўға хәрекет қылған, бул мәртебе есапланған. Рим патрицийлари уй қорғанлары, виллаларды сарайлардан тысқары ажайып ɵсимликлер, ҳайўанат дуньясы ўәкиллери сўуретлери менен безетилген. Қала сарайларың ишки ҳәм сырткы бɵлиминде тәбиий кɵринислер менен дийўал нағыс кɵринисинде безетилген. Бул жерде тийикарынан қыс кɵринислерин турли натюрморт гуллер, мийуелер, жабайы аң, олжалар терилген кɵринислерден ибарат болған.( натюрморт-тәбият инамы). Рим цивилизациясинда бɵлме ҳәм қала ҳаммамлар мәденияты үлкен болған, ҳаммамға дем алыўға келген. Тек шомылыўға емес бәлким дослар менен ушырасыў ɵткерип турған. Ҳаммамлар әтирапында салқын парклар қурған.
Астрономия пәниде Римде раўажланды. Аграномлық мийинетлерде жер ҳәдийселериниң кемейиўи, оның шаралары, тәбиятты асраў шаралары додаланған. Жер әлбетте тɵгин менен азықланған.
Рим папалары 100 леген жузим сортларын , 10 лаған алма ҳәм ерик сортларын жетистирип шығарған. Бирақ соның менен бирге узақ муддетли аңлары, гладиаторлар урысына тутып келген жыртқышлардың қырылўы, оннан тысқары римликлердиң әскерий жүрислеринде дуньяның территориясын ўайран қылыў, бағларды, егинлерди қуўратыў тактикасы кери әқыбетлерге Рим империясының узақ ўалаятлары қашшақ болыўына себеп болады. Буннан тысқары тәбиий апатлар Рим империясында жүз берген вулканлар атылыўы ўайраналықа алып келди. Рим дереклеринде турли эпидемиялар ҳәм тилге алынған. Оларға қарсы корилетуғын шаралар ҳаққында пикирлер айтылады.



Download 10,97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish