7-Тема. Б.э.ш I-II мың жыллықларда ҳаўа райы ҳәм экологиялық машқалалар.
Ақырғы 2 мың жыл ишинде жер шарының климаты салыстырмалытүрде турақлы болған, бирақ бул ўақыт даўамында ҳәм суўық ҳәм ыссы климат маўсимлери алмасып турған. Европада э.а. әсирлерде суўық ҳәм ығаллық күшейеди. Музлықлар майданы кеңейип, теңизлерде толқынлар көбейеди. Рим шайыры Овидий э.алдын Дунай дәрьясы бойларына сүргин етилген екен. Оның жазыўына қарағанда қыс ол жерде жүдә суўық болып дәрьяларын қалың муз қаплайды екен. Оннан атлы ҳәм пияда жүреди екен дейди. Қара теңиздиңде бир бөлеги музлайтуғын болған. Эрамыз басларында температура қыза баслаған. Мағлыуматларға қарағанда эрамыздын 100 жыллырына келип Арқа Италия аймағында жүзим ҳәм оливия тереги өсе баслаған. Арқа Африка территориясында ғәллешилик күшке мнип Рим империясын нан менен тәмийинлейди.
Орайлық Азияда III-IVәсирлерде әсир қурғақшылығы жуз бериўи нәтийжесинде дашту биёбонда хукимран болып журген Хунн тайпалары қәўимлери көшиўге мәжбүр болды. Нәтийжеде Европада “халықлардың уллы көшиўи” деген ибара пайда болды.
IV-V әсирлерге тийисли Евразия дереклери Кытай, Хиндистан, Рим дереклеринде аййемги мәмлекетлер аймағына Хуннлар кириб келиўи көрсетилген. Онда ақ хуннлар ҳаққында хабар бериледи (Батыс – ак, Шыгыс – көк, Арка– қызыл, Кубла – қара реңлер менен көрсетилген) .
1мыныншы жыллықтын ақырына келип пүткил Евразияда жыллы ҳаўа райы хүкимран болды. Дереклерге қарағанда бул мәўсимде Әмударьяның жоқарғы ағымында қурма, Жеттисуўда жузим өсе баслайды. Ал қубла-батыс Европада викинглер Атлантика бойлап сүзе баслайды. IX-X әсирлерде олар Фарер аралын, Исландия, Греландия аралларын ашыўға имканият алады. XI әсир басларында болса саяхатшылар Америка жағаларын ашады. Арал ҳәм Каспий аймағыда температураның өзгериўине қарай кенейип яки тарайып барады.
Екинши мың жыллықта әсиресе екнши мәўсимге итибар бериўимиз керек. Бириншиден 9-11 әсирлерде кешкен жыллы мәўсим, екиншиден 13-19 әсирлерге тийисли киши музлаў дәўири.
Англияда 1-климатлық оптимум дәўиринде ыссы қурғақ жаз бенен жаўынлы қыслар тән. 2-ши мәўсимде болса, киши музлаў дәўиринде Англия аралларында тийкарынан қубла ҳәм батыс бағдарда самаллар есип турған. Оннан соң Европа климаты суўый баслады. Бул дәўирде турақлы климат пүткил Орта Азия мәмлекетлерине тәсир көрсетти.
Есап китапларға қарағанда киши музлаў дәўири басланғаннан кейин температура 1,5 градус пәсейген. Нәтийжеде дийханшылық өсимлик жеткериў вегетация мәўсими 21 күнге қысқарған. Усы дәўирде Орайлық Азия таўларында тоғайлар территориясы 200 метр пәске қарап кеңейген.
Есап китапларға қарағанда киши музлаў дәўири басланғаннан кейин соңғы дәўирлердиң ҳаўа райы 1,5 есеге пәсейген. Нәтийжеде дийханшылық өсимлик жетистириў, вегетация мәўсими 21күнге қысқарады. Тийкарынан сол дәўирде Орайлык Азияның таўларында тоғайлардың территориясы 200 метр пәске қарай кеңейеди.
XV әсирде Арктика музлықлары Греландия, Исландияны муз бенен қаплайди. Алдын пайда болған аўыллар жоқ болады. Ықлым өзгериўи нәтийижесинде азық-аўқатлардың балансы жоғалады. Бул дәўирде Россияда ҳәм машқалалар көбейди. Ашаршылық жуз берди.
Егер XVI-XVII әсирлерде әстен-ақырын температура көтериле баслаған болса, XVIII-XIX әсирлерде және суўый баслаған. Бул климат өзгериўлери ҳаўа-райының церкуляциясына байланыслы болады. Европа шамаллары церкуляциясында болса ҳаўа-райының түрлише өзгериўине алып келеди.
Климат тийкарынан кубла- батыс тәрептен келген шамал менен байланыслы болған. Бул ҳәм Голфстрим тәсири нәтийжесинде XII-XIII әсирлерде Англияда орташа жазғы температура 16,3 градус , қысқы температура 1,2 градусқа тең болған. Киши музлаў дәўиринде болса XVI-XVIII әсирде орташа жазғы ыссылық 1,5 градус , киши ыссылық -3,2 градусқа тең болған. Норвегия, Исландия музлықларын бақлаўлар олардың көлеми XII әсирге келип кемейиўин ҳәм 17-18 әсирлерде болса көбейиўин көрсеткен. Соның менен биргеликте музлықлар майданы кеңейип, океан сатҳи пәске түскен.
XVIII әсирде океан сатҳи ҳәзиргиге қарағанда 17-20 дәрежеге пәс түседи. Мине усы өзгерислер инсаният жәмийиетиниң социаллық өмирине тәсири үлкен болады.
Мысалы Европада суўык климат мәусиминде некелер кемейип, келин күйеўлердиң жасы асып барады. Англияда XVI әсирде қызлар 27 жасқа шыққанда турмысқа шығатын болған, 1700 жыл бул кɵрсеткиш 30 жасқа шыққан. XIX әсирде 23жасқа туседи. Норвегия мәмлекетинде XIX әсирде қызлар 16-17жаста ержетсе, XX әсирде болса 13-14жасқа түскен. Сол менен бирге ыссы мәусимлерде адамлардың жасау жасы узайғанлыгы гүзетилген. Климат ɵзгериўиниң басқа тәсирлери ҳәм инсанларға тәсир кылады. Турли эпидемиялар тарқалады. Ҳайуанлар, ɵсимликлер турли қыйыншылықларға дус келеди. Узақ Шығыс ҳәм турли аймақ ҳәдийселери дереклерде ушрасады. Японияда Сакура (жабайы алша гули) байрамы белгиленеди, сондай-ақ биринши қар жаўыўы да байрамланған. Әдетте ыссы климат мәусиминде Японияда қурғақшылык гүзетиледи. Демек 2 ши мың жыллықлар басларында жыллы ықлым хүкимран болған. Ал 2-ши ярымында болса суўық климат хүкимран болған екен.
Орта Азия жазба дереклерине көре 9-11 әсирлерде қурғақшылық ҳүкимлик еткен. Температура ярым градус бәлент болған, тереклер куўрай баслаған, жыллық жаўын көлеми 55мм пәс болған. Бул Саманийлер, Қараханийлер руўханийлери, Ғазнавийлер, Селжукийлер, Хорезмлилер дәўирине, яғный туркий елатлардың активлескен дәўирине туўра келеди. Бирақ бул дәўирде температура бәлент болсада, жаўынгершилик ҳәзирге қарағанда 150 есе көп болған.
XII әсирде дийханшылық майданлары кеңейген. Арал теңизиниң суў сатқы көтерилген, Жаңакент қаласы суў астында қалып ўайран болған. 1170-жылы Султан Махсуд өзиниң 100 мыңлық әскери менен музлап қалған Амударьядан кешип жүрис кылады. Ал 1218-жылы Хорезмшахтың Бағдадқа жүриси жүда көп қар жаўыўы нәтийижесинде тоқтайды екен.
XIII әсирде басланған ықлым өзгериўи глобал тәризде кешеди. 1230 жылы қурғақшылық нәтийжесинде Смоленск қаласы ҳалқы қырылып кетеди. Қубла Америка ҳәм ықлым суўытыуы нәтийжесинде дарья қырғақлар, орманлар жоғалып шексиз даштларға айланады. Ҳайўанат дуньясы ҳәм ɵзгереди. Бизонлар тарқайды. Xинд қәўимлери егин егиўди таслап бизон аўлаўға өтеди. XIV әсирге келип қар, жаўын кɵбейип ҳәзиргиге қарағанда 130 мм көп болған. Орта Азияда XVI әсирге келип ыссылық ҳәзиргиге салыстырғанла 1 градус ка кɵтериледи, жаўын-шашын азаяды.Россия арктикасында музлар ериўи нәтийжесинде теңиз кемелери сүзе баслайды. 17-18 әсирлерде болса температура ҳәзиргиден 1 градус бәлент. Жаўын шашын ҳәзиргиден 100 мм ге кем болған.
Do'stlaringiz bilan baham: |