Жуўмақ......................................................................................................135
Пайдаланылған әдебиятлар..................................................................138
КИРИСИЎ (философия доктори (PhD) диссертациясы аннотациясы)
Теманың актуаллығы. Жәҳан фольклортаныў илиминде халық аўызеки дөретиўшилиги жанрларын үйрениў бойынша илимий концепциялар ҳәм жаңа тенденциялар жүзеге келгенлиги мәлим. Әсиресе, фольклорлық шығармалар системасында эпикалық жанрлардың да эволюциясына, генезисине, сюжетлик-композициялық қурылысына, образлар системасы ҳәм жетекши мотивлердиң генезиси ҳәм типологиясы, көркем-эстетикалық сыпатларына жаңа изертлеў өлшемлери тийкарында қатнас жасаўға үлкен әҳмийет берилмекте. Өйткени, ҳәзирги глобалласыў шәраятындағы хабар ағымының ҳәм хабар алмасыўдың тезлиги ҳәр бир халықтың руўхый мәдениятының сағалары болған халық аўызеки дөретиўшилиги жанрларының поэтикалық әлеми менен кең жәмийетшиликти таныстырыў, олардың ҳәр бир халықтың миллий мәденияты ҳәм қәдириятлар системасында тутқан орнын ҳәм әҳмийетин белгилеп бериў зәрүрлигин пайда етпекте.
Дүнья фольклортаныўында қаҳарманлық эпос теориясы менен байланыслы болған жаңаша жантасыўлардың пайда болыўы, атап айтқанда, эпикалық жанрдың генезиси ҳәм типологиясына тийисли илимий теориялық пикирлер жетилистирилип, қаҳарманлық эпостың генетикалық тийкарларында эволюциялық сыпаттағы архаикалық мифология сюжетлериниң орын ийелеўи ҳаққындағы илимий қараслар ҳәм эпослардың сюжетлик қурылысында әййемги архетиплерди анықлаў тенденциясы сыяқлы изертлеў бағдарлары улыўма эпикалық жанрлардың көркем эволюциясының негизинде мифопоэтикалық ойлаў бағдарының жетекшилигин көрсетип береди. Усы сыяқлы жаңа концепция ҳәм тенденциялар халықтың руўҳый дүньясының тийкарғы дәреклериниң бири болған қаҳарманлық эпослардың көркем эволюциясын фундаментал изертлеў, образлар ҳәм мотивлердиң генетикалық тийкарлары ҳәм типологиялық белгилерин салыстырмалы үйрениў, дәстан атқарыўшыларының жыраўшылық шеберлигиниң қаҳарманлық эпос поэтикасында тутқан орнын анықлаў имканиятын береди.
Бүгинги күндеги елимиздеги илим, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша енгизилип атырған реформалардың бағдарында қаҳарманлық эпослардың да миллий руўҳый мийраслар системасындағы әҳмийетине үлкен итибар берилип, оларды үйрениў бойынша жаңа илимий ойлаў ҳәм принциплерге тийкар салынды. “Ҳәр бир халықтың әзелий тарийхы ҳәм мәденияты ең алды менен оның аўызеки дөретиўшилиги – фольклор өнеринде, дәстан ҳәм эпосларында жәмленген болып, олар миллеттиң өзлигин аңлаў, өзине тән миллий қәдириятлары ҳәм дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўда бийбаҳа дәрек болып”1 есапланатуғынын (“Ҳар қайси халқнинг азалий тарихи ва маданияти, энг аввало, унинг оғзаки ижоди – фольклор санъатида, достон ва эпосларида мужассам топган бўлиб, улар миллатнинг ўзлигини англаш, унинг ўзига хос миллий қадриятлари ва анъаналарини сақлаш ва ривожлантиришда бебаҳо манба ҳисобланади”) итибарға алсақ, “Жәҳанша” дәстаны да қарақалпақ қаҳарманлық эпосының миллий негизлерин көрсетип бериўши дәстанлар қатарында фольклортаныў илиминде изертлениўи тийис болған актуал мәселе екенлиги айдынласады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-февралдағы ПҚ-2789-санлы «Илимлер академиясы искерлигин, илмий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў, басқарыў ҳәм қаржыландырыўды және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы, 2017-жыл 24-майдағы ПҚ-2995-санлы «Ертедеги жазба естеликлерди сақлаў, изертлеў ҳәм кең жайыў системасын және де қәлиплестириў илажлары ҳаққында»ғы, 2018-жыл 1-ноябрдеги ПҚ-3990-санлы «Халықаралық бақсышылық өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы, 2019-жыл 14-майдағы ПҚ-4320-санлы «Бақсышылық өнерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы, 2021-жыл 10-апрелдеги ПҚ-5070-санлы “II Халықаралық бақсышылық өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық өнерин раўажландырыў ушын қолай шәрт-шараятлар жаратыўға тән қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 24-апрельдеги VMQ-304-санлы «Бақсышылық ҳәм дәстаншылық өнерин және де раўажландырыў ҳәм жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы, 2021-жыл 21-апрелдеги VMQ-228-санлы “Халықаралық бақсышылық өнери фестивалын өткериў тәртиби туўрысындағы низамға өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы қарарлары ҳәм де усы дəстүрди əмелге асырыўға тийисли басқа да ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпаларды əмелге асырыўда усы диссертация жумысы белгили дəрежеде хызмет етеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |