Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Дәстан сюжетиниң тарийхый тийкарлары



Download 292,3 Kb.
bet8/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

1.2. Дәстан сюжетиниң тарийхый тийкарлары
Қарақалпақ халқының қаҳарманлық дәстаны «Жәҳанша» да дүнья халықларының қаҳарманлық дәтанлары сыяқлы ҳәзирги көриниске ийе болғанға дейин ҳәрбир аўызеки эпикалық дөретпеге тән болған ҳәм өз ишине көплеген тарийхый жәмийетлик басқышларды қамтыған эволюциялық жолды басып өткен. Сонлықтан ол структуралық жақтан көп қатламлы эпос есапланады. Қаҳарманлық эпостың қәлиплесиў жөниндеги теориялық мәселелерге тоқтап өтиў, бириншиден, «Жәҳанша» дәстаны сюжетиниң қәлиплесиўи улыўма барлық қаҳарманлық дәстанларға тән эволюциялық басқышларды басып өткенин ҳәм усыған паралелльтәризде оның өзине тән өзгешеликке ийе екенин анықлаўда ҳәм, екиншиден, усы дәстан сюжетиниң қәлиплесиўи ҳаққындағы концепциямызды белгилеўде зәрүр қәдем саналады.
Көркем әдебияттың, солардың арасында ҳәр бир халықтың көп әсирлик миллий мәдениятының ажыралмас бөлеги есапланған қаҳарманлық эпостың генезисин ҳәм оның сюжетиниң қәлиплесиўи мәселесин изертлеў бойынша өз бағдарына ийе пүтин бир илимий мектеплер, соның менен бирге, бул мәселеде жеке концепциясына ийе алымлар топары бар екени мәлим. XIXәсирде Европада эпостың келип шығыў дәреклери бойынша тарийхый, мифологиялық, неомифологиялық ҳәм антропологиялық мектепке тийисли болған алымлар тәрепинен эпостың генезиси бойынша көплеген мийнетлер жаратылды ҳәм олар тәрепинен илимде алға сүрилген концепциялар архаик эпос ҳәм оның эволюциясының жетик формасы есапланған классикалық эпостың қәлиплесиўи ҳаққындағы буннан былай дөретилген мийнетлерге тийкар салған.
Эпостың архаик дәреклери бойынша классикалық дәрежедеги илимий мийнетлер дөреткен рус алымы Е.М.Мелетинский, Батыстың жоқарыда атап өтилген мектеплериниң К.Чэдвик, М.Чэдвик, С.Баура, К.Вайс, Ф.Рэглан, Ян де Фриз, Ш.Отран, Э.Миро, Ж.Дюмезиль, Г.Р.Леви, А.Кун, М.Мюллер сыяқлы көрнекли ўәкиллериниң мийнетлеринде сәўлеленген концепцияларды илимий анализге тартады. Алым Батыстағы тарийхый мектепке тийисли «эпостың тарийхый ўақыяны анық сәўлелендириўи, хроникалылығы» ҳәм «мифтиң эпостың қәлиплесиўиниң соңғы басқышы екенлиги», мифологиялық ҳәм неомифологиялық ҳәм антропологиялық мектеплердиң «эпикалық сюжеттиң обрядтың (салт-дәстүрдиң) «композициясын» механикалық түрде сәўлелендириў»и ҳаққындағы тезислерин анализлеп, қаҳарманлық эпостың генезиси ҳаққындағы бурынғы концепцияларды критикалық көз қарастан анализлейди ҳәм қаҳарманлық эпостың қәлиплесиўи ҳаққындағы мәселени жаңа концепциялар менен байытады16.
Е.М.Мелетинский қаҳарманлық эпостың келип шығыўы ҳаққындағы В.М.Жирмунский ҳәм В.Я.Пропптың концепцияларына айрықша кеўил бөледи. Өзиниң «Қаҳарманлық эпостың келип шығыўы» атлы мийнетинде ол қаҳарманлық эпосты изертлеўде В.М.Жирмунский тәрепинен қолланылған тарийхый-типологиялық салыстырыў методының бул мәселеде ең зәрүр ҳәм дерлик бирден-бир қурал екенлигин, бул методты қолланыўда улыўмалық ҳәм жеккелик диалектикасы жөнинде умытпаўды ҳәм буннан алынған теориялық нәтийжелерди дара алынған ҳәрқандай фольклорлық текстке тиккелей қоллана бериўге болмайтуғынын ескертип өтеди. Алымның пикири бойынша, В.М.Жирмунский ҳәм В.Я.Пропптың мийнетлерин салыстырмалы методтың, әсиресе олардың қаҳарманлық эпосты әйемги праформаларды схоластикалық көз-қарастан реконструкциялаўды алға сүриўши концепцияларды бийкарлаўшы – халықлық архаик эпосларды конкрет изертлеўге бойсыныўы бирлестиреди. Соның менен бирге,илимпаз В.М.Жирмунскийдиң тарийхыйлық ‒ эпостың тийкарғы белгиси екени ҳәм оның усы тәрепи менен ертекке қарама-қарсы қойылатуғыны, жәмийетлик басқыштың раўажланыўы менен, эпоста «тарийхыйлық мөлшери»ниң артып баратуғыны жөниндеги концепциясы менен В.Я.Пропптан өзгешеленетуғынына айрықша кеўил бөледи. Алымның тастыйықлап өткениндей,В.Я.Пропп қаҳарманлық эпостың тийкарғы белгиси сыпатында «тарыйхыйлықты» емес, ал «қаҳарманлықты» биринши орынға қояды. Яғный, В.Я. Пропптың пикирине сүйенетуғын болсақ, тарийхый мотивлер ‒ең әйемги, тийкарынан мақлуқлар менен гүрес ҳәм қаҳарманлық некени сәўлелендириўши «мәмлекетликке дейинги» қаҳарманлық эпос формаларында ушыраспайды. «Мәмлекетликке дейинги» эпос генетикалық жақтан миф пенен байланыслы ҳәм соның менен бирге оған идеологиялық жақтан қарама-қарсы турады17.
Е.М.Мелетинскийдиң жоқарыда тилге алынған мийнетинде қаҳарманлық эпостың келип шығыў мәселесин изертлеўде бундай эпостың ең әййемги архаикалық формаларының жанрлық өзгешелигин анықлап алыў зәрүрлиги жөниндеги концепция алға сүриледи, буның ушын әййемги қаҳарманлық эпос формаларының мифологиялық ҳәм ертеклик эпос формалары менен байланысын анализлеў кереклиги айтылады.
Алым эпостың әййемнен халықлық болғанлығын айта келип, оның төркинлерин фольклордың раўажланыўының ең әййемги архаикалық басқышларынан излеў кереклигин уқтырады. Сондай-ақ, ол өз изертлеўлеринен келип шығып, қаҳарманлық эпостың төркини панегирика, диний әпсаналар, әўладлар жылнамалары емес, ал класслыққа шекемги жәмийеттиң халық эпосы ең биринши дәрек екенлигин ҳәм оның тек сюжетлик элементлери ғана емес, ал эпикалық идеалының қәлиплесиўи, қаҳарманлық эпостың қайталанбас гөззаллығын өзине жәмлеген өзине тән эпикалық гармониялылығын алғашқы дүзимниң фольклорлық традиция менен байланыслы екенлигин тастыйықлайды18.
Биз қаҳарманлық эпостың, соның ишинде бизиң изертлеў объектимиз болған «Жәҳанша» дәстаны сюжетиниң генезисин анықлаўда Е.М.Мелетинскийдиң концепциясына сүйениўди мақул таптық. Өйткени эпостың әййемги дәреги ‒ алғашқы, яғный класслық дәўирге дейинги эпос екенин тастыйықлайды. Бул процесс соңғы дәўирлерде эпик формаға түскен ҳәм архаикалық қатламды өзишине қамтып алған «Жәҳанша» дәстаны сюжетиниң қәлиплесиў басқышлары ушын да тән екениниң гүўасы боламыз. Бул жағдай ең әўели дәстанның сюжетиниң қәлиплесиўин анықлаўды және оның мифлик дәўирге, яғный архаик фольклорға қатнасын анализлеўди талап етеди.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish