1.3. Дәстан сюжетиниң қәлиплесиўинде дәстанлық ҳәм ертеклик сюжетлердиң әҳмийети
Дәстандағы архаик фольклордың космос ҳәм хаос арасындағы мәңгилик гүрес сюжетиниң жаңа формаға трансформацияланыўдан басқа, және мифлик-ертеклик элементлерде орын алған.
Дәстан сюжети тийкарынан кирисиў, батырдың илим-билим ийелеў ушын Шын-Машынға жол алыўы, Шынытатар елине Асқарханның қызына үйлениў ушын барыўы баян етилген үш бөлимнен турады. Дәстанның кирисиўи пүткил түрки, монгол халықларына тән болған қаҳарманлардың иләҳий туўылыўы, оған ат қойыў менен байланыслы эпизодлардан ибарат. Түрки тиллес халықлардың қаҳарманлық эпосын изертлеген В.М.Жирмунский өзиниң «Алпамыс ҳаққында дәстан ҳәм батырлық ертеги» мийнетинде бир бирине тарийхый ҳәм генетикалық жақтан жақын болған Қубла Сибирь, Орайлық Азия, Орта Азияның монгол ҳәм түркий тиллес халықларындағы кейин ала бул халықлар фольклорында қаҳарманлық эпостың қәлиплесиўине тийкар жаратқан архаик батырлық ертеклерин Орта Азия халықларының монументал естелиги болған «Алпамыс» пенен байланысын кең түрде изертлейди24. В.М.Жирмунскийдиң изертлеў объекти болған «Алпамыс» дәстанының сюжетиниң қәлиплесиўи ҳаққындағы илимий қараслар «Жәҳанша» дәстаны ушында характерли болып, бул тийкарлар дәстан сюжетиниң кирисиўинде белгили дәрежеде сақланған. Буны ең алды менен бундай формадағы кирисиўдиң қарақалпақ қаҳарманлық дәстанының дөретилиўинде дәстүрий формаға айланғаны менен түсиндириў мүмкин. Бирақ, бундай түрдеги кириспе қаҳарманлық эпостың эволюциясынан келип шығып, ҳәрбир дәстанда өзине тән мазмунды пайда етеди ҳәм тек сол дәстанға тән интерпретацияға ийе болады. Өзиниң архаик формасында, яғный В.М.Жирмунский тәрепинен атап өтилген «Алып-Манаш» алтай, «Ак-Кан» шор, «Қан – Шентей», «Таласпай» қазақ ҳәм т.б батырлық ертеклеринде батырдың туўылыўы, оған ат қойыў ҳәм қаҳарманның балалығы мотивлеринде мифлик элементлер басым болса, Орта Азия халықларының қаҳарманлық эпосында мифлик элементлер белгили дәрежедеги өзгешеликлери менен көринеди. «Жәҳанша» дәстанында мифлик элемент ислам дининиң тәсири астындадерлик өз мазмунын жоғалтқан болып, онда халықта бийперзент ата-ананың қудайдан бала тилеў нийети көринисиндеги дәстүрий формада берилген. Дәстанда Ура Төбе елинде қазаяқлы урыўынан болған еки ағалы-инили Сәңгилбай менен Қарабай ғаррылық жасына жетсе де, бийперзентликтиң дағынан күйеди. Олар күни-түниқудайдан перзент сорап жылайды. Күнлердиң күнинде олардың усы тилеги қабыл болып, Сәңгилбайуллы, ал Қарабай‒ қызлы болады. Перзент туўылғаннан кейин дәстүрий формадағыдай оларға иләҳий күш ийелери емес ал халық ат қояды. Соның менен бирге, қаҳарманның кәмалға келиўи эпизоды да қаҳарманлық дәстанларға тән сыпатқа ийе емес. Жәҳаншада әзелден-ақпазыйлетлерге ийе болады, яғный ол гөдеклик шағынан-ақ өткир зейинлилик, әдеп-икрамлылыққа ийе болып, оқыўға ықлас қояды. Бул қәсийетлер қаҳарманның дәстан сюжетиндеги буннан кейинги ҳәрекетлерине төркин жаратады.
Бул элементлердиң дәстанда тиккелей мифлик формада емес, ал рудимент формасында сақланып қалған, себеби «…мифологик матнлар ҳозирга қадар тўла жамланиб, тарихий – генетик ва типологик нуқтаи назаридан махсус ўрганилмаган. Бунинг бир нечта сабаблари бор: аввало миф яхлит жанр сифатида фольклор насрининг эпик тизимида тўла ҳолда сақланиб қолмаган. Яъни асотрий тасаввурларнинг тадрижий ривожи давомида аждодларимиз томонидан яратилган мифологик сюжет элементлар эпос, эртак, афсона, оғзаки ҳикоя ва бошқа жанрлар таркибига сингиб кетган... Зеро, мифологема қадимий асотирлар сюжетининг ўзагини ташкил этади25. Демек, дәстанда миф қалдықлары, яғный рудиментлер дәстанда өзине тән көринисин тапқан, деўге болады.
Дәстан сюжетиниң қәлиплесиўинде тарийхый қатламды табыў оғада қурамалы мәселе есапланады. Себеби дәстандағы тарийхый қатлам, яғный тарийхый фон Орта Азия халықлары, соның ишинде қарақалпақлардың фольклорындағы ертеклик ҳәм ертеклик емес проза жанрлары үлгисинде өз көринисин тапқан тарийхый аңыз, батырлық, сыйқырлы, турмыслық ертеклердиң синтези көринисине ийе. Дәстан сюжетиндеги тарийхый ўақыялар ертеклик сюжетлер тийкарында баянланған. Бирақ, дәстанда сөз етилген эпик топоним, этнонимлер ҳәм антропонимлер тийкарында дәстандағы тарийхый фон, яғный тарийхый фольклор үлгиси есапланған тарийхый қатламды аңлаўға болады. Бул синтез, әсиресе, дәстанның екинши бөлиминде айқын көзге тасланады.
«Жәҳанша» дәстанындағы ўақыялар эпик ҳәм тарийхый мәкан Ура Төбеге локалластырылған. Қаҳарманның эпик маршруты Шын-Машын (Қытай) ҳәм Шынытатарға бағытланған. Қаҳарман илим-билим ҳәм өнер ийелеў мақсетинде Шын-Машынға төрт мәртебе барады. Дәстандағы Шын-Машын, яғный Қытай Орта Азия халықлары, соның ишинде қарақалпақ аўыз әдебиятында да илим-билим ийелеў ҳәм өнер үйрениў темасына арналған фольклорлық дөретпелердиң тийкарғы темаларынан есапланады. Қарақалпақ фольклорында бул тема көбинесе ертеклерде, әсиресе турмыслық ертеклерде жийи ушырасады. Бунда эпикалық мәкан ‒ гүллеп-жаснаған, соның менен бирге көплеген илим-билим беретуғын, өнер үйрететуғын орай сыпатында сүўретленген. Фольклорлық дәреклердеги усы турақласқан Шынмашын темасы түркий халықлардың қәдимги цивилизация ошағы болған Қытай мәмлекети менен сиясий ҳәм мәдений қатнасықлары сәўлеленген тарийхый дәреклерге дыққат аўдарыўды талап етеди. «Жәҳанша» сюжетиндеги ўақыялар, эпикалық топонимлер, географиялық орталық ҳәм т.б соған усаған көплеген детальларды анализлеўбул дәстанның улыўма түрки тиллес халықлардың тарийхында үлкен орын тутқан, өзинен кейин усы халықлардың миллий руўхый мәдениятында, әсиресе қаҳарманлық эпостың қәлиплесиўине түртки болған,VII-VIIIәсирлерде Евроазияның үлкен бөлегин өз ишине алған Түрк қағанлығы дәўириниң ўақыяларын мазмунына қамтыған белгилери сезиледи. Өйткени, түркий халықлардың ең әййемги дәўирлеринен бери қарай басып өткен тарийхый жолында олардың Шын-Машын, яғный Қытай империясы менен ең жақын,тарийх бетинде из қалдырарлықтай сиясий-экономикалық ҳәм мәдений байланысы Түрк қағанаты дәўирине туўра келеди.
Белгили болғанындай, Тюрколог алымлар салмақлы тийкарға ийе дәлиллер негизинде Түрк қағанлығы дәўирин түркий қаҳарманлық эпосы қәлиплесиўиниң тарийхый басқышларының бири сыпатында көрсетип өтеди. Усы дәўирге тийисли Орхон-Енисей жазба естеликлери көплеген белгили сырт ел ҳәм Орта Азия халықларының қаҳарманлық эпосын изертлеўши алымларының изертлеў объектине айланған болып, В.М.Жирмунский, Х.Зарипов, А.Н.Бернштам, Л.Гумилев, И.В.Стеблева, Н.Рахманов сыяқлы алымлар тәрепинен бул мәселе белгили дәрежеде үйренилген. Деген менен, фольклористика илиминде Түрк қағанлығы дәўири ўақыяларының түркий тиллес халықларының көп жанрлы фольклорындағы излери еле кең түрде үйренилмеген мәселелерден есапланады. Бул машқала бойынша ески түрк жазыўларының Орта Азия халықлары дәстанларындағы типологиялық ҳәм генетикалық байланысларын изертлеген алым Н.А.Рахманов «Ески түрк жазыўларында мифлер, мотивлер, сюжетлер, образлар, жанрлар ҳаққында айтыўға имкан беретуғын жетерли дәрежедеги эпослардың ески үлгилерин сақлаған монументлер бар»26 деп оғада дурыс баҳалайды.
Бизиң жумысымыздың объекти болған «Жәҳанша» дәстанында сәўлеленген ўақыялар усы Түрк қағанлығы тәрепинен алып барылған идеологияны белгили дәрежеде сәўлелендиреди, деп пикирлеўге ийтермелейди. Түрк қағанлығы дәўирин көплеген тарийхый дәреклер тийкарында изертлеген Л. Гумилевтың мийнетинде жүдә дыққатқа ылайық пикирлер бар. Алымның тастыйықлаўына қарағанда, қағанаттың идеологиясы Қытай мәдениятын бийкарлаў ҳәм қоңсы еллерге өз артықмашылығын көрсетиў сыяқлы еки принципке бойсындырылған. Избе-изликте алып барылған усы еки принцип түрклердиң уллы держава сыпатында қәд көтериўине де, қулаўына да себепши болған27. Қытай империясының түрклерге қатнастағы сиясаты жазба естеликте өзиниң айқын сәўлелениўин тапқан. Мысалы, Тонюкукке арналған жазыўында Йоллық тегин «Бизлерге сансыз алтын, гүмис, дән, жипек берип атырған табгачлардың тили шийрин, берип атырған инамлары «жумсақ» усы жумсақ сөзлери берген байлықлары арқалы олар узақта жасаўшы халықларды қатты өзине тартты. Ал, буған алданған халықлар оларға жақын көшип келип, олардың жаман даналықларын өзлерине сиңдирди»28.
Қытай империясының алып барған усындай сиясатының Түрк қағанаты ушын ақыбети де Кул тегин естелиги жазыўында төмендегише баян етилген: «табгачлар тәрепинен исленген бундай жарамаслық ҳәм алдаўлар ақыбети аға-инилердиң бири бирине қарсы қуралландырыўға, халықты өз басшыларына бағынбаўға, изинде пүткил түркий елди алааўызлыққа алып келди»29. Тоньюкук тилинен баян етилген жазыўда былай делинген: «Мен, дана Тоньюкук табгач мәдениятының тәсиринде тәрбия алдым… Хан маған: «маған жақынлас» деди. Мен оған жақынласқанлардан болдым»30.Л.Гумилёвтың көрсетип өткениндей, өз мәдениятын Қытайларға қарсы қойыўға тийкарланған сиясатқа әмел қылған Тоньюкук «қаланы саҳраға алмастырды»31.
Түрк қағанлығының ҳүкимлиги дәўиринде олардың сиясий-экономикалық турмысында, ҳәтте пүткил Шығыс географиялық ареалында Қытай империясының гегемонлық еткени мәлим. Көплеген тарийхый дәреклер Қытай империясы менен шегаралас Түрк қағанлығының сиясий, экономикалық тарийхы да усы империя менен байланыслы болғанын дәлиллейди.
Тарийхый мағлыўматларға қарағанда,VI, VII әсирлер аралығында империя пайтахты Чаньаньда император сарайында алым, шайыр, философлардың жипек гезлемелерге жазылған мийнетлери тийкарында китапхана шөлкемлестирилиўи, мәмлекеттиң илим ҳәм техникадаайрықша жетискенликлерге ерискени ҳәм пайтахтта үш жоқары билим беретуғын оқыў орнында 8 мыңнан аслам жаслардың тәлим алғанын көрсетеди32. Ал, бундай мәдений жетискенликлерден пайдаланыў Түрк қағанлығының мәмлекетти ҳәртәреплеме рәўажландырыў сиясаты нәзеринен шетте қалмағаны да тарийхый дәреклерден мәлим. Түрк қағанлары жаслардың Қытай империясында билим алыўынан белгили дәрежеде мәпдар болған. Түрк қағанлығы ҳазылзадаларының Қытайда тәлим алыўы туўралы сол ўақыттағы пайтахт инспекторы Сэ Дәнниң биографиялық жазыўларында: «Империя орайы – ҳүкимет сарайында, дүньяның төрт тәрепинен сада халықлардың балалары гиреўде жасап,Ққытай нызамларын дәстүр ҳәм көрсетпелерин үйренди. Олардың пайтахтта гиреўде жасаған ўақытларында бурыннан әскерий билимлери, дәрежелери бар еди ҳәм императорлық мектепте еле де түрли билимлер алып қытай тилин үйренди»33.
Мине, усындай жағдайларды есапқа алсақ, Түрк қағанлығының Қытай империясы менен байланысы, әлбетте, усы қағанлық қурамына кирген халықлардың тарийхый фольклорында өз изин қалдырыўы тәбийий.
Л.Гумилевтың түрк қағанлығы дәўириниң аўызеки әдебияты ҳаққындағы пикирлериниң арасында айрықша дыққатқа ылайықбир факт бар. Илимпаз түркий тиллес халықлар арасында кең таралған «Алпамыс» дәстанының «Алып-Манаш» аты менен белгили алтай версиясын түрк қағанлығы дәўири фольклорына жатқара отырып, бул ертектеги Алып-Манаштың ата-анасы тәрепинен атастырылған қалыңлығын таслап, Ақ ханның қызы Эрке Карақчыны излеп кетиўи, оның Ақ ханның қолына тутқынға түсиўи ҳәм ертектиң соңында Ақ ханды ҳәм оның қызын өлтириўи туўралы сюжетти ески «батырдың қалыңлық излеп сапарға атланыўы» мотивиниң сол дәўирдиң идеологиясына сай трансформацияланған формасы сыпатында қарайды және бул мотивти орхон жазыўларындағы «түрклердиң өз үйинде, Отюкенде жасаў кереклиги, табгач ханына байлық, солардың арасында сулыў қызлар ушын умтылмаў кереклиги» жөниндеги нәсиятын еске түсиретуғынын айтады34.
Түрк қағанлығының өз елин табғачлардан, яғный Қытай елинен абзал көриў сиясаты, бизиң пикиримизше, «Жәҳанша» дәстанында да белгили дәрежеде трансформацияланған формада орын алған. Дәстан қаҳарманы Жәҳанша Шын-Машынға оқыўға келгенде, Асқарханның қызы Гүлҳәсел оған ашық болып қалады. Жигит оның муҳаббатын қабылламайды. Жигит өзиниң Шынмашынға қалыңлық излеп емес, ал оқып, билим алыў ушын келгенин айтады35. «Алып-Манаш»та бас қаҳарман Ақ ханды ҳәм оның қызын жаманлығы ушын өлтиреди. Бул жерде, Л. Гумилёвтың айтып өткениндей, сол дәўирдеги түрки халықлардың табгачларға қарсы сиясаты өз сәўлелениўин тапқан болса, «Жәҳанша» дәстанында сол ўақыттың өзинде түрки миллеттиң өзлигин, өз мәдениятын сақлап қалыў, оны илим-билим арқалы жоқары басқышқа көтериў идеясы жатады. Орхон жазба естеликлериндеги түрк қағанлары сыяқлы, Жәҳанша да Қытайда алған илим-билимди бийкарламайды, ал өз билиминтуўған елиниң гүллеп-жаснаўы, батырлардың тек қара күш ийеси ғана емес, ал терең ой-пикир, ақыл ҳәм санаға ийе болыў ушын пайдаланыўды гөзлейди. Соның ушын да Жәҳанша қыздың муҳаббатын билим-илим алыў мақсетине тосқынлық сыпатында көрип, қабыл етпейди. Ол бир ўақытлары Ура төбе ели менен бирге бир ел болған Шынытатар елиниң патшасының қызы Зәўрияға ашық болып, оны излеп сапарға атланады ҳәм усы еки елди бир-бирине қосады.
Н.Жапақовтың «Жәрияланбаған дәстанлар» мақаласында дәстанды қарақалпақлардың Ноғайлы дәўириндеги сиясий ўақыялар менен байланыстырып, оның қәлиплесиў дәўирин XV әсирлер, деп шамалайды36. Деген менен, Ноғайлы дәўирине жатқарылған барлық қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларында Ноғайлы халқы «татар» емес, ал «Ноғайлы» деп аталған ҳәм бул нәрсе «Жәҳанша» дәстанына салыстырғанда, тарийхый дәстанларда бираз айқынлыққа ийе.
Қарақалпак халық аңызларын изертлеген А.Бекимбетовтың аңызлардың тарийхый қатламындағы топонимлер ҳаққындағы: «қорақалпоқ топономик афсоналари табиат объектлари, эски шаҳар, қалъа ва қўрғонлар, қадамжолар ва халқ яшайдиган маконларнинг келиб чиқиши ҳақидаги хаёлий тўқима, фантастика орқали яратилган оғзаки, қисқа, ихчам сюжетли асарлар бўлиб, уларда қорақалпоқларнинг кўп асрлар давомида такомиллашган ва эволюцион босқичлардан ўтган объектив муҳит ҳақидаги қарашлари ўз аксини топган»37 деген пикири «Жәҳанша» дәстанындағы топонимлердиң де халықтың миллий тарийхы менен сағалас екенлигин тастыйықлайды. Биз «Жәҳанша»дағы суў, жер, мәкан атамаларын анализлей отырып, дәстанда Түрк қағанлығы дәўирине байланыслы ўақыялардың сәўлеленгенлигин дәлиллеўши және бир фактти келтирип өткимиз келеди.
Бул ‒ дәстандағы эпик мәкан Ҳәсер таўы ҳәм Шынытатар ели.
Жәҳанша әкеси менен келисе алмай, қайтадан үйинен шығып кетип, кәрўан жолда Үсенбектиң кәрўанына илеседи. Кәрўан Шынытатар елине сапар шегип баратырған болады. Кәрўан бир таўға жеткенде,ҳәмме бирден қәўетерге түсип қалады. Жәҳанша буның себебин сорағанда, Үсенбек оған:
Do'stlaringiz bilan baham: |