Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet11/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Жигитлерим жыласады зар-зар,
Бул жолларда Арслан туй залым бар,
Суўсынына ишеди адамның қанын,
Соннан қорқып жигитлерим қайғырар.
Мәканы ол Ҳәсер таўдың ишинде,
Арыслан арқайын залым күшине,
Төрт тәрептен ат қояды шуўласып,
Рейимсиз жаду ол адамның басына, деп жуўап қайтарады38.
Қарақшы Арыслан туйдың мәканы Ҳәсер таўдың ишинде екен. Дәстанда «Ҳәсер» атамасы менен берилген эпикалылық мәканды ҳәзирги дәўирдеги топономикалық ҳәм тарийхый мағлыўматлар менен салыстырыў бул мәселеге айқынлық енгизиўге мүмкиншилик жаратады. Дәстан текстинде қаҳарманның Шын-Машын ҳәм Шынытатар елине қарай баратуғын жолы тәбияты күтә ыссы, таў дизбеклери жайласқан мәканнан өтеди. Дәстандағы көрсетилген усы эпикалық мәкан ‒ «Ҳәсер таўы» ҳәзирги Өзбекстанның қубла аймақлары ҳәмТәжикстан территориясын ийелеген Гиссар таў дизбеклери, деген пикирди пайда етеди. Екиншиден, дәстандағы «Ҳәсер» атамасы усы таў дизбегиниң тәжиклер тилиндеги «Ҳисор» атамасына оғада жақын. Бултаўлы аймақта Тәжикстанның Гиссар қаласы жайласқан болып, бул қаладағы Гиссар қорғанын үйрениў тийкарында алымлар оның 3000 жыллық тарийхқа ийе екени ҳәм бул қорғанның үстинен өтетуғын жолдың Қытайды Иран менен байланыстырып, бул жер өз ўақтында кәрўанлар тоқтап өтетуғын бәндирги ўазыйпасын атқарған ҳәм онда саўда орынларына ийе қорған жайласқан. Гиссар ҳәзирги ўақытта қалаға айланған (2015-жылда қаланың 3000 жыллығы белгиленген)39.
Дәстанда Арыслан туй «аўзы басын түк басқан» қорқынышлы, мақлуқ сыпатлы адам сыпатында сәўлеленген. Оның сыртқы көриниси дәстанда геперболалық сыпатламаға ийе болыўына қарамастан, онда сол жердиң жергиликли халқына тән болған антропологиялық белгилерди анық көриўге болады. Көплеген тарийхый ҳәм аўызеки мағлыўматлар Уллы жипек жолының саўдагерлер ушын жүдә қәўипли болғанын ҳәм саўда кәрўанлары мәнзилге жеткенше олардықураллы топарлар қарақшылардың топылысынан қорғағаны айтылады. Бултарийхый факт дәстанда орын алған болып, Уллы жипек жолында саўда қатнасықлары раўажланған дәўирге тән болған типик ўақыя өз көринисин тапқан.
Бас қаҳарманның қалыңлық излеп сапар шегиўи маршрутының тийкарғы мәнзили ‒ Шынытатар ели. Бул эпик мәкан қандай тарийхый шынлық пенен байланыслы екенин дәстан сюжетиндеги Сәңгилбай менен Зәўрияның монологы сүўретленген эпизод арқалы билиўге болады:
Балам, саған бабаңыздың арзы бар,
Ашшы сөйлеп жанға салма қайғы зар,
Өз елим депкелип едим алдыңа,
Бундай сөзди қылма маған миясар.


Сизлер енди ҳәзиргиниң беглери,
Ашшы болар бийәдептиң тиллери,
Бабаларым өткен екен бул жайда,
Киятырған Ура төбе еллери.


Қозғадың, әй балам, бурынғы дәрттен,
Душпанлар қайғы салып. Бизиң ел кеткен,
Келген екен бунда ата-бабамыз,
Айтайын сөзлерди бурынғы гәптен.


Ашықтың пидады ярым деп жаны,
Ҳәр заманның болар дейди әрманы,
Көп еллери кеткен Шынытатардың
Бул шәҳәр ғой бабамыздың мәканы.


Кеткен халықлардың несийби тартып,
Ел болған ол Ура Төбеге барып,
Дос болыўға бизлер енди қайтадан,
Киятырмыз бизлер журтларға қайтып40.

Көпшилик қаҳарманлық дәстанларға тән болған (әсиресе, Алпамыс дәстанында айқын сәўлеленген) бөлинип кеткен елди бириктириў темасы «Жәҳанша» дәстанында өзгеше интерпретацияға ийе. Сәңгилбайдың сөзине қарағанда, бурынлары бир болған ел «Алпамыс» дәстанындағы сыяқлы аға-ининиң өз-ара жәнжели салдарынан емес, ал «душпанлардың иритки салыўы» себепли бөлекленип кетеди. Дәстанда сүўретленген бул ўақыялардың тарийхта Түрк қағанлығы қурамына кирген, сол дәўирдеги Қытай империясының шегарасына жақын жайласқан аймақта болып өтиўи бизге Қытай империясының түркий халықлардың, яғный Түрк қағанлығын өз қолы астында услап турыў ушын алып барған иритки сиясатын, түркий урыўлар, ел басқарыўшылар арасындағы кескинликти еске салады. Усындай сиясий шәраят Түрк қағанлығының тарийх сахнасынан жоғалып кетиўине себепши болғаны белгили. Жәҳанша Шынытатар елине Ҳәсер таўларынан өтип барады. Л.Гумилевтиң «Әййемги түрклер» мийнетинде келтирилгениндей, Қытай менен шегаралас аймақлардағы түрки тилдеги жер атамалары күтә көп. Бизиң пикиримизше, дәстандағы «Шынытатар» топониминде Шын императорлығы қурамына кирген түрк елатының турғынлары нәзерде тутылған. Деген менен, эпикалық дөретпелерде географиялық атамалар ҳәм топонимлер жыраўлардың (атқарыўшылардың) дүньятанымы ҳәм көзқарасларына байланыслы жийи-жийи өзгерислерге ушырап туратуғынлығы мәлим. Сонлықтан, дәстандағы ҳәр қыйлы атамалар ҳаққында сөз кеткенде оны туўры мәнисинде қабыл етиў бираз қыйыншылықларды жүзегше келтиреди. Солай болса да биз дәстанның сапар мотивине ылайықластырылған мазмунын терең баҳалай отырып, дәстандағы пайдаланылған атамалар дыққатқа ылайық деп есаплаймыз.


Буннан «Жәҳанша» дәстанының тийкарында Түрк қағанлығы менен сиясий ҳәм мәдений қатнасықлар раўажланған тарийхый дәўирде Қытайда илим-билим үйренип, тәлим алған түркий ҳасылзада ҳаққында аңыз әңгимелердиң дәстан сюжетиниң қәлиплесиўине ҳәм оған тарийхый фон жаратыўына түртки болған, деген жуўмаққа келиўимиз мүмкин. Лекин жыраў бул аңыз сюжетиндеги тарийхый ўақыяның тек айрым элементлерин сақлап қалып, оған параллель ямаса кейинги дәўирде ертекке диффузияланған формаларды пайдаланады. Сонлықтан да дәстанда тарийхый ўақыялардан гөре ертеклик элементлер басым. Қарақалпақ фольклорында «Жәҳанша» дәстанының сюжети формасына уқсас, бирақ ертек эстетикасына бойсындырылған ертеклер баршылық. Бундай ертек сюжетин дәстан сюжети менен салыстырып үйрениў бизге дәстанды дөретиўде жыраўлардың сыйқырлы ҳәм турмыслық ертеклеринен ҳәм мотивлеринен пайдаланғанынан дәрек береди. Бизге белгили, Орта Азия түркий халықлары фольклорында «мың тилла берип өнер үйренген бала» ҳақкындағы сюжет жүдә кең таралған. Қарақалпақ фольклоры ертеклери қурамында усы сюжетке ҳәм ўақыялардың раўажланыўы бойынша «Жәҳанша» дәстанының сюжети моделин тәкирарлаўшы үлгилери ‒ «Өнермент жигит», «Өнерли бала», «Әминбай»41 ертеклери болып табылады.Бул ертеклердиң бәринде мың тилла берип ямаса ата-анасының бар мал-мүлкин берип, есесине илим-билим ийелеп, өнер үйренген ҳәм усының арқасында қыйыншылықты жеңиў ўақыясы сәўлеленеди. Усы үш ертектиң қаҳарманлары да бай адамлардың перзенти болып, бай оларды еле де көбирек байлық арттырыў ушын көп қаржы менен (мың тилла) басқа журтқа жол тартқан кәрўанға қосып жибереди. Ўақыялар көбинесе белгисиз эпик мәканда болып өтеди, яғный ўақыя локалласпаған. Тек «Әминбай» ертегинде қаҳарманды сатып алған байдың Қытай тәрептеги Ҳиндистанның Калкут қаласынан екенлиги айтылады. Үш ертектиң де тийкарғы сюжетти пайда етиўши мотиви ‒ қаҳарманлардың мың тилла есесине билим-илим ийелеп, өнер үйрениў мотиви болып, бул мотив ертекте алға сүрилген идеяның ашылыўына хызмет еткен. Қаҳарманлардың өз мақсетин әмелге асырыў жолындағы конфликт дәстанда Жәҳанша менен сол дәўир ушын дәстүрий пикирлеўши ҳәм жаңалықты қабыл етпейтуғын, стереотиплик көз-қарастағы Сәңгилбай, Қарабай, және де қаҳарманның журтласлары арасында болса, бул конфликт ертекте ушыраспайды. Қаҳарманның жақынлары оның умтылысына қарсылық көрсетпейди ҳәм оның шешимин дурыс қабыллайды. Буның тийкарғы себеби ‒ дәстан жанрында алға қойылған мақсет, яғный ең алды бурын урыў, жәмәәт мәпин жоқары қойылыўы. Дәстанда бул конфликт сол дәўирде ески дәстүрий пикирлеў менен жаңалыққа, прогресске умтылыў ортасындағы гүреске қурылған. Ертек қаҳарманының ата-анасы жигиттиң шешимине қайыл болады. Мысалы, «Өнермент жигит» ертегинде бас қаҳарман саўдагер болыўды қәлемей («Жәҳанша» дәстанындағы сыяқлы) басқа қалаға барып саз шертиўди ҳәм усташылықты үйренип, усы өнерлериниң арқасында жақсы турмысқа ериседи. Ертектиң тийкарғы идеясы, халық тили менен айтқанда, «Өнерли хор болмайды».
Ал, «Өнерли бала» ертегинде қаҳарман жүз тилла берип хат жазыўды, қарақал ойынын ҳәм дуўтар шертиўди үйренеди.42 Баланың ата-анасы адамлардан қарыздар болып қалады ҳәм баланың айтыўы менен ол қул базарына салынады. Қул базарында жигиттиң қунынмың тилла деп баҳалағанға ашыўы келген басқа елдиң елшиси оны сатып алып өлтириўди гөзлейди ҳәм ҳаялына өз мақсетин билдирип хат жазып,хатты үйине жеткериўди ўәзирине буйырады. Жолда қасындағылар дем алып отырғанда, жигит саз шертип бериў бәҳәнеси менен аяқ-қолын жаздырып алады да, пурсаттан пайдаланып хатты оқып шығады ҳәм орнына басқа хат жазады. Ол өз мақсетине ерисип, елшиниң қызына үйленеди. Соң, үшинши өнериниң арқасында жигит сол елдиң патшасының қызын қарақал ойынында утып, мәлийкаға үйленип, тахтты ийелейди.
Жоқарыдағы еки ертектиң сюжет жөнелисинде «Жәҳанша» дәстаны менен улыўма усаслық бар болса, «Әминбай» ертегиниң сюжети көплеген тема ҳәм мотивлери менен дәстан сюжетине еле де жақын. Ертек қаҳарманы әкесинен мың тилла алып, саўда ислеў мақсетинде жолға рәўана болады. Бир елге барып, қаланы аралап жүргенинде, бир адам оған бағда өтетуғын сейилге мирәтнама берип кетеди. Әминбай бул жерде басқа еллердиң шахзадаларының әскер шертки ойынын көрип, мың тилла берип бул ойынды үйренеди. Усы тақылетте ол жетпис түрли хат жазыўды ҳәм шатыраш ойнаўды үйренеди. Баланың ата-анасы «баласы биймәни өнерлерди үйренипти» деген елдиң насағынан қашып Самарқантқа көшип кетеди, ол жерде де күнин көре алмай, баланың сөзине бола оны қул базарына салады. Баланы Ҳиндистанның Калкут қаласының бир саўдагери сатып алады. Жолда кәрўан шөлден қыйналып, бир қудықтың қасында тоқтайды. Қудыққа суў алыўға ҳешким түспейди ҳәм бала бул ўазыйпаны өз мойнына алады. Жигит Ол қудыққа түсип, жоқарыға суў әперип атырғанда, қудықтың ишинен бир сандық таўып алады. Жәҳанша сыяқлы, Әминбай да сандықтағы қымбат баҳалы тасларды шелекке салып жоқарыға жибереди. Саўдагер бул байлықты Әминбай менен бөлискиси келмей, арқанды кесип, баланы қудықта қалдырады. Қудықта қалған бала бир ғаррыны ушыратады ҳәм оған әскер шертки ойынын көрсетеди. Буны көргенде, бир ўақытлары Сулайман патшаның пәрманы себепли өлип кеткен, усы өнерди билетуғын баласы ғаррының есине түсип кетеди. Ғарры Әминбайға жақсылық етип, қудықтан шығыўға жәрдемлеседи. Ертек қаҳарманы дәстандағы Жәҳанша сыяқлы, кәрўанның изинен жетип алып, кәрўан ийесине хызмет етип жүреди. Саўдагер жигиттиң көзин жойыў нийетинде қызына хат жазып, Әминбайдан берип жибереди. Жигит хаттың мазмунын өзгертип жазып, қызға тапсырады. Хатта жазылған буйрық бойынша Әминбай байдың қызына үйленеди43. Буннан кейин ертекте қаҳарманның сол елдиң патшасын шатыраш ойында утып, патшаның қызына үйлениўи ҳәм патшалыққа ийелик етиўи мотиви орын алған болып, бул мотив «Жәҳанша» дәстанында да ушырайды.
Көрсетип турғанымыздай, «Әминбай» ертегиндеги ўақыялар Самарқанд, Ҳиндистанның Калкутта қалаларына локалластырылған. Бизиң пикиримизше, бул локалластырыў «Жәҳанша» дәстанына тийкар болған тарийхый ўақыялардан кейинги дәўирлерде қәлиплескен ҳәм түркий халықлардың олардан бираз жоқары басқышларда турған цивилизация нәтийжелери болған илим-билим, искусствоны меңгериўге болған умтылыслар тийкарында жүзеге келген. Ертеклерде қаҳарманлық эпосқа тән болған қаҳарманның туўылыўы, балалығы, қаҳарманлық некелесиў сыяқлы мотивлердиң барлығы орын алған. «Жәҳанша»ның усы өзгешелиги, яғный оның сюжетиниң қәлиплесиўинде ертеклик сюжетлердиң орын алыўы дәстанның жанрлық белгилерин анықлаўға кесент еткени белгили. Бул мәселени ертек ҳәм дәстан жанрларының сюжетлериниң өзине тән сәўлелендириў өзгешеликлерин белгилеў арқалы шешиў мүмкин. Жоқарыда көрсетилген ертеклерде турмыс шынлығы анық болыўына қарамастан, бириншиден, ўақыялар шаңарақ фонында сөз етиледи ҳәм, соған сай, қаҳарман ең әўели өзиниң, өз шаңарағының ийгилиги ушын ҳәрекет етеди. Қарақалпақ сыйқырлы ертеклерин изертлеген П.Өтениязов қарақалпақ халық сыйқырлы ертеклеринде қаҳарман мийнеткеш халықтың арасынан шыққан әпиўайы фигура есапланатуғынлығы, қаҳарманның қайсы бир жәниўарға яки сыйқырланған адамға жәрдем етиўи, жақсылығы ушын саўғаға алған нәрселери, сыйқыршыдан үйренген сыйкыр өнери ертектиң тийкарғы мазмунын қурайтуғынлығын айтады44. Бул типлик сыпатлама «Жәҳанша» дәстаны сюжетиндеги ертеклик эпизодлардың дәстан сюжетин қәлиплестириўши ролин анықлаўға тийкар жаратады. Сондай-ақ, ертекте ертеклик элементлер шешиўши әҳмийетке ийе болса, дәстанда олар ‒ эпостың сюжетлик структурасының қосымша элементи болып табылады. Яғный, бул жерде эпик қаҳарманның айрықша физикалық күш ийеси ҳәм, оған паралелл рәўиште, ақыл–санасын, билимин көрсетиўши қосымша деталь сыпатында пайдаланылған. Екиншиден, дәстанда эпикалық фонда урыў, ел ҳәм олардың бирлесиўи сыяқлы эпикалық қаҳарманлықтың айырым элементлери қәўимлер аралық ҳәм урыўлар аралық соқлығысыўлар изин сақлаған тарийхый аңызлар ҳәм дәстүрлерде белгили дәрежеде көзге тасланады.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish