Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Дәстан сюжетиндеги архаик фольклор үлгилери



Download 292,3 Kb.
bet9/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Дәстан сюжетиндеги архаик фольклор үлгилери.
Миф архаик жәмийеттиң прозалық фольклорында тек аз көлемде бөлине баслаған жанрлық синкретизиминде гегемонлық орынды ийелеген19.
Егер мифтен ертекке өтиў дәўиринде мифологиялық космос «шаңарақ» пенен белгиленген болса, ал мифтен эпосқа өтиўде болса, кәўимлер ҳәм тарийхта өмир сүрген архаик мәмлекетлер арасындағы байланыс биринши орынға шығады.
Архаик эпостың сюжети қәлиплесиўиниң баслы дәреги ‒ батырлық ертек-қосыклар ҳәм әсиресе ең дәслеки әўладбасы – мәдений қаҳарманлар ҳаққындағы миф ҳәм ертеклер болып табылады. Булар архаик фольклордың орайлық персонажлары болған. Архаик эпос тарийхый өтмишти әййемги мифлердиң тили ҳәм концепциялары тийкарында улыўмаластырады ҳәм соның менен бир қатарда сол мифте сәўлеленген прозалық фольклордың традициясына әмел қылады. Қәўимниң өтмиши шығармада сөз етилген дәўир, яғный «ҳәзирги адамлар» тарийхы сыпатында баянланады ҳәм инсанның дөрелиўи, мәденият элементлерин өзлестириў, мифлик мақлуқлардан адамларды қорғаў сыяқлы прозалық фольклор формаларын пайда етеди.
Архаик эпикада, әдетте, белгили дәрежеде мифологик, адамлардан ибарат өз қәўими –бийгәна, демоногиялық, хтоник көринистеги душпан қәўим көринислерине тийкарланған дуаль система орын алған. Бундай қарама-қарсылық эпосларда басқа да мифлик «дүнья» ҳәм өзге «қәўимлер»диң сәўлелениўине тосқынлық жасамайды, бирақ бир-бирине душпанлықтағы усы еки қәўим ҳәмме ўақыт биринши планда турады. Қәўимлер термининдеги бул қәўимлер арасындағы гүрес космосты хаостың жаўыз күшлеринен қорғаў мәнисин конкретлестиреди. Көрсетип өтилгениндей, «душпанлар» көпшилик жағдайда хтоник көринисте болып, яғный олар жер асты дүньясы, өлим, кеселликлер менен байланыстырылып сәўлеленеди, ал «өз» қәўими «орта жерде» жайласқан болып, оларға аспанның иләҳий күшлери әмеңгерлик етеди20.
Усы негизде, мифологиялық тийкар эпостың классикалық формаларында да сақланады. Бирақ халықлардың мәмлекетлерге биригиўи (консолидациясы) анық сәўлеленген дәўиринде жүзеге келген бул формалар демифологизацияланыў процессинде әҳмийетли басқышларды басып өтеди. Архаик эпикадан парқлы рәўиште ‒ олар енди тарийхый аңызларға сүйенеди ҳәм ең әўели узақ өтмишти енди мифлик емес, ал тарийхый, анық айтқанда ‒ тарийхқа дейинги дәўирди сүўретлеўде олардың «тили»нен пайдаланады. Олардың архаикадан баслы өзгешелиги сәўлеленген ўақыялардың анықлылығы емес, енди космослық терминлерде емес, ал этникалық, географиялық атамалар, тарийхый урыўлар ҳәм қәўимлер, мәмлекетлер, урыслар, көшип-қонысланыўлар сәўлеленген «тил»инде. Эпикалық миф типинде қурылса да онда кейинги дәўирлерде тәртип орнатыўшы ата-бабалардың актив ҳәрекети сәўлеленген болады. Бул жерде дүньяның жаратылыс емес, ал миллий тарийхтың басы, әййемги мәмлекетлердиң қурылыўы ҳәм т.б ҳаққында гәп кетеди.
Космос ушын хаосқа қарсы мификалық гүрес урыў, қәўим ямаса мәмлекет, өз дини ушын гейде мифлик ҳәм сыйқыр атрибутларына ийе «басқыншылар», «кәпирлер»ге қарсы гүрес формасына өтеди. Ертектен өзгешелиги ‒ эпос ҳәм миф әдебий тоқыма сыпатында емес, ал болған ўақыя сыпатында қабыл етиледи. Тек романлық эпоста қаҳарманлық ҳәм сыйқырлы ертеклер өз-ара биригеди21. Деген менен, бундай биригиўлер типологиялық характерде жүзеге келип, олар жергиликли жәмийетлик талапларға бойсынған ҳалында қәлиплеседи. Мәселен, Орта Азиядағы түркий тиллес халықлар орталығында пайда болған ири көлемли эпикалық доретпелер бойынша изертлеўлер алып барған Х.Зариповтың, Т.Мирзаев, Б.Саримсақов, Н.Рахманов, М.Жураев, М.Расулова, Ш.Турдимов, У.Жуманазаров, Ж.Эшонқул, Ә.Марғулан, Ә.Қоңыратбаев, Р.Бердибаев, Р.Қыдырбаева, А.Жайнакова, А.Садыков, Б.Мамедиязов ҳәм т.б. алымлар миллий дәстанлардың дәреклерин үйрениў барысында жергиликли типологиялық өзгешеликлерди анықлаў менен бир қатарда, генетикалық дареклерге де айрықша кеўил бөледи. Миллий дәстанлардың өзлерине тән айырмашылықлары бир қатар салмақлы концепциялар ислеп шығады. Әсиресе эпикалық мағлыўматларды архаикалық сюжетлер тийкарында олардың контаминацияланыў, трансформацияланыў ҳалатларына байланыслы тийисли илимий шешимлер ислеп шығылды.
Ири эпикалық дөретпелердеги архаикалық белгилерине нәзер аўдара отырып алым М.Жўраев мынадай шешимге келеди: «Воқеликнинг бадиий идрок этиш анъаналарининг ибтидоси сифатида қадимий замонларда шаклланган мифологик тасаввурлар тизими фольклордаги эпик жанрларнинг сюжет силмиласи ва образлар тизимининг юзага келишига асос бўлган»22. Усы пикирге тийкарланған ҳалад биз «Жәҳанша» дәстанындағы әййемги дәўирлерде қәлиплескен мифлик сюжетлер халықлық дөретиўшилик усылларының жәрдеминде өз тәсирин жоғалтпай дәстанның пайда болыўында салмақлы орын ийелеген деп айта аламыз.
Қаҳарманлық эпостың өзине тән үлгиси есапланған «Жәҳанша» дәстаны да архаик эпос басқышын басып өткен болып, өзинде усындай архаик эпос белгилерин белгили дәрежеде сақлап қалған. Космос ушын хаос пенен гүрес мифлик яғный архаик сюжет дәстанда енди VI–X әсирлер аралығында Шығыста түркий халықлардың урыўлық ҳәм мәмлекетлик бирлеспелерге биригиўи ҳәм ыдыраўы, өз-ара ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен алып барған урыслары, өз бирлигин сақлап қалыў ушын алып барған азатлық гүреслери ҳәм әсиресе олардың отырықшы турмысқа бейимлесип, цивилизацияласқан мәмлекетлер менен мәдений байланыс жасаўға умтылыслары формасына тарийхый шәраят ҳәм эстетикалық талаптан келип шығып, трансформацияланған. Дәстанда әсиресе мәдениятласқан турмысқа умтылыў ҳәм буны илим-билим ийелеў арқалы әмелге асырыў идеясы жетекшилик етеди. Соның менен бирге, дәстан сюжети дәстүрий болып табылады, яғный батырдың айрықша физикалық күш ийеси көринисинде сыпатланыўы да оның илим-билимди меңгерген инсан ретиндеги сүўретлениўине паралелль рәўиште берилген. Дәстан сюжети де усыған сай, Жәҳаншаның илим-билим жолында ушыратқан тосқынлықлары ҳәм оның өз халқын бирлестириў жолындағы гүреси сыяқлы еки бағдардағы сюжет линиясына ийе. Бир қарағанда, илим-билимлилик ҳәм айрықша физикалық күшке ийе болыўдың бир образда жәмлениўи дәстүрий қаҳарманлық эпос ушын характерли емес, бирақ усыжағдай дәстан сюжетиниң жоқары шеберлик пенен қурылыўы нәтийжесинде бул новаторлық қаҳарманлық эпостың жаңа типиниң қәлиплесиўине унамлы тәсир жасаған.
Ал, дәстанның бас қаҳарманы Жәҳанша да әййемги мифтеги адамзатқа ийгилик алып келиўши, оларды жаўыз күшлерден қорғаўшы мәдений қаҳарманның классикалық эпостағы көриниси екенлиги даўсыз. Дәстанның көпшилик қаҳарманлық эпослардан парқы, онда жаңа прогрессив идеал ‒ батырдың тек физикалық күш ийеси ғана емес, ал билим-илим ийелеген баслы персонаж сыпатында өз халқына хызмет етиўи,өз елин ақыл-сана менен басқарыў, илим ҳәм билимге ийе жәмийетти дүзиў идеясы жетекшилик етиўи, соның менен бирге барлық қаҳарманлық дәстанларға тән болған – бас қаҳарманды айрықша күш ийеси ретинде идеалластырыўға бағдарланған дәстүрий форма да сақланып қалған.
Дәстан сюжетиниң қәлиплесиўинде әййемги түрки тиллес халықлардың, солардың арасында қарақалпақ миллетиниң консолидациясында орын тутқан урыўлардың әсирлер даўамында қәлиплескен ҳәм усы халықлардың фольклорында сәўлеленген мифлик қараслар белгили роль ойнаған. Әсиресе, әййемги түрки халықларының әлемниң дүзилиси ҳаққындағы қарасы дәстан сюжетиниң тийкарғы компонентлериниң бири болып табылады. Дәстанда бас қаҳарман Жәҳанша Шынытатар елиниң патшасының қызы Зәўрияға үйлениў ушын Үсенбектиң кәрўанына ерип кетип баратырғанда, кәрўанбасынын алдаўына тап болып, бир ески қудықта қалып қояды. Жигит қудықтың ишин аралап, бул жерде дүньяның бетиндеги сарайлардан да артық сарай ҳәм бағды көреди. Усы сарайда ол бир жумбақты шеше алмай, басы қатып отырған үш дәўге (дәстанда олар гәўирлар деп аталады) тап болады. Дәўлер жигитке усы жумбақты шешип берген жағдайда ғана азат болатуғынын, ал,керисинше болса, әжели өзлеринен болатуғынын айтып ескертеди. Жигит өзиниң нешше жыллар бойы алған билими арқасында дәўлердиң берген жумбағын шешеди. Дәўлердиң үшиншиси перзентиниң дағынан күйип жүрген екен. Жәҳанша қудықта таўып алған тарын шертип отырғанын еситкен дәўдиңкөз алдына тири гезинде сазенде болған өзиниң баласы елеслеп кетеди. Ол Жәҳаншаны өз баласына мегзетип, жигитти арқасына мингизип жердиң бетине алып шығады ҳәм кәрўанның изинен жеткереди. Хошласарда ол Жәҳаншаға шаппаттай тери берип,сол терини күйдирсе, өзиниң жәрдемге жетип келетуғынын айтады. Бул орында дәўлер образы қаҳарманды сынаўшы ҳәм оны қоллап-қуўатлаўшы образлар түриндеги символлық харктерге ийе персонажлар болып табылады. оларда басқа дәстанларда дәстүрге айланған қаҳарманға карсы күшлердиң излери сезилмейди дерлик. Дәстанлардағы унамлы факторларды есапқа ала отырып фольклоршы Ж.Эшонқул: «Тўғри бу образ халқ эртак ва достонларида поэтик характер касб этиб, кўпроқ эпик ижодиёт қонуниятларига буйсинади, бироқ айни пайтда дев образининг мифологик жиҳатлари ҳам кўриниб туради… Халқ ижодидаги дев образи фақатгина поэтик тасаввур маҳсули эмас, балки маълум бир жиҳатлари, хусусан генезисига кўра ўзига хос тарихий асосларга ҳам эгалигидан далолат беради»23 деген еди. «Жәҳанша» дәстанында тарийхый тийкарларға көрсеткиш бола алатуғын белгилери дәўлердиң күнделикли турмыслық талапларға ылайықластырылған өзгешеликлеринде көринеди.
Қәдимги түрки халықлардың мифлик қарасы бойынша жаратылыс ‒ жоқарғы күшлер жасайтуғын аспан әлеми, ортаншы, яғный Тәңри жаратқан инсаният, ҳайўанат, пүткил тәбият әлеми ҳәм тиришиликтиң жаўы болған жер асты әлеминен ибарат болған өлилер дүньясынан қуралған. Дәстан сюжетинде усы үш әлемниң үшиншиси – жер асты дүньясы тап усындай формада өз интерпретациясына ийе болған.
Бул мифологема «Жәҳанша» дәстаны сюжетиниң қәлиплесиўи дәўиринде күшли трансформацияға ушырап, жер асты дүньясы туўралы мифлик мазмунын жоғалтып, батырдың өз мақсети жолындағы қарсылықларды жеңиўин сүўретлеўши жәрдемши компонент сыпатында қолланылған. Мифлик архаик формада әдетте мәдений қаҳарман жер астындағы антогонистлер менен гүресип оларды жоқ етеди. Ал дәстанда Жәҳанша дәўлерди көп қыйыншылық пенен, өзиниң билими арқалы, физикалық күш қолланбастан жеңеди. Соның менен бирге, архаик формадағы антогонистлер де дәстанда гиперболалық сыпатларға ийе болыўына қарамастан, инсанларға тән пазыйлетлерди аңлай алатуғын дәрежедеги антроморф формаға ийе. Қарақалпақ фольклоры үлгилеринен дәстан, әпсана ҳәм ертеклеринде бул типтеги қаҳарман басым жағдайда ислам мәденияты тәсиринде «кәпир» мәнисиндеги «гәўир» атамасы менен белгили. Дәўлердиң бири дәстанда жоқарыда көрсетилип өтилгендей батырға қудықтан жер бетине шығыўға жәрдем береди. Бул эпизод өзинде фантастикалық элементлерди қамтығаны менен, онда турмыслық факт, этика фонында сәўлеленген. Өйткени Жәҳанша бул эпик ситуацияда өзиниң адамгершилик, мийзамкешлик сыяқлы пазыйлети менен дәўди өзине қаратады. Бунда оған алған билими де жәрдем береди. Эпизодта жер асты көринисин сәўлелендириўде әййемги түрки ҳәм түрки емес халықларда кең таралған жер асты дүньясы ҳаққындағы қараслары белгили дәрежеде өзиниң архаик формасын сақлаған. Қудықтың түбиндеги дүнья, яғный жер асты дүньясы жер бетиндеги дүньядан да артық, бағлар, сарайлар, түрли жемиске ҳәм байлыққа толы мәкан сыпатында сәўлеленген. Ол көбирек мусылман дүньясы фольклорында өз көринисин тапқан Жәннет туўралы қарасларға жақын.
Дәстанның тийкарғы идеясы орта әсирлердеги түркий мәденият дүньясының ояныў дәўириндеги жәмийетлик талапларды әмелге асырыўшы илажлардың эпикалық көринислери сыпатында да тән алыўымыз мүмкин. Себебеи, VII әсирден XIII әсир аралығында дүнья жүзлик тарийхый салмаққа ийе болған Ал Хорезмий (799-850), Ал Фарабий (873-950), Абу Райхан Беруний (973-1050), Абу Али Ибн Сина (980-1057), Юсуф Хас Хаджиб (1021 жыллар), Ахмет Югнакий (XII ә.) ҳәм соңын ала илимди үгит нәсиятлаўшы уламалардың устаз-шәкиртлик жоллары даўам еттирилип, бир қанша әсирлер даўамында қәлиплескени бәршеге мәлим. Бул дәўирлерде илим-билим тараўында әдеўир жаңалықлар қолға киргизилиўи мененбир қатарда руўҳый санамызды жетилистириўши дидактикалық, миллий турмысымыздағы унамлы-унамсыз факторларды сәўлелендириўши поэтикалық ҳәм прозалық дөретпелерде пайда болып, өз қәлиплесиў, раўажланыў жолларына да ийе бола баслады. Солардың қатарында «Жәҳанша» дәстанында сөз етилетуғын илим-билим мәселелерине қаратылған эпикалық дыққат итибарды халықлық сананың жетискенлиги қатарында баҳалаўға толық мүмкиншиликлер бар деп есаплаймыз. Себеби, бул дәстанда биз жоқарыда белгилеп өткен басламалардың ҳәм олардың нәтийжелериниң эпикалық көринислерин өзине тән дөретиўшилик дәстүрлер усылында сәўлелендириў жолларының амелий шешимлери көзге тасланып турады. Анығырақ айтқанда, орта әсирлердеги илим-билим тараўындағы жетискенликлер жәмийетлик әҳмийеттеги турмыслық талаплар тийкарында халықлық ҳәм миллий дөретиўшилик тәжирийбелериниң байыўына тиккелей тәсир жасағаны менен ажыралып турады. Соны да айтып өтиўимиз керек, илим-билим излеп қаҳарманның сапарға атланыў мотиви миллий дәстанларымызда жүдә сийрек ушырасатуғын кбылыс болғаны менен, ол миллий дәстан дөретиўшилик тәжирийбелериниң шеңберинен шығып кетпеген, бурыннан қәлиплесип киятырған сюжетлик, мотивлик детальларды дәстанның мазмунына өзлестирип алған ҳәм басқа да фольклорлық жанрлардың тәсиринде толықтырылған дәреклик имканияты мол дәстанлар қатарынан орын алады.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish