Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Изертлеў нәтийжелериниң иcенимлилиги



Download 292,3 Kb.
bet6/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Изертлеў нәтийжелериниң иcенимлилиги қолланылған жантасыўлар ҳәм усыллар, шешимин күтип турған мәселениң анық қойылыўы, «Жәҳанша» дәстанының текстин салыстырмалы-типологиялық, структуралық ҳәм тарийхый ҳәм генетикалық типологиялық методлары тийкарында үйренилгенлиги, теориялық пикир ҳәм усыныслардың әмелиятта кең қолланылғаны, ерисилген нәтийжелердиң тийисли мәкемелер тәрепинен тастыйықланғаны менен дәлилленеди.
Изертлеў нәтийжелериниң илимий ҳәм әмелий әҳмийети. Изертлеў нәтийжелериниң илимий әҳмийети қарақалпақ қаҳарманлық дәстаны “Жәҳанша”ның генезиси, жанрлық өзгешелиги, типологиясы ҳәм образлар системасы бойынша исленген илимий шешимлер ҳәм жуўмақлар ҳәм қаҳарманлық эпослары бойынша билдирилген илимий-теориялық пикирлер түркий халықларының халық аўызеки эпикалық мийрасларын салыстырмалы-тарийхый, тарийхый-типологиялық, тарийхый-генетикалық бағдарда изертлеўлер алып барыўда, сондай-ақ, жыраўлар репертуарының индвидуал өзгешеликлерин ашып бериўде белгили дәрежеде теориялық тийкар болыўы менен белгиленеди.
Изертлеў нәтийжелериниң әмелий әҳмийети сонда, диссертацияның материаллары ҳәм нәтийжелеринен тәлим системасының барлық баскышларында «Қарақалпақ фольклоры», «Қарақалпақ дәстанлары поэтикасы», «Әдебият ҳәм фольклор» пәнлерин оқытыўда, оқыў қолланбаларын жазыўда, магистрлик жумысларын орынлаўда жәрдемши материал ретинде, соның менен бирге, сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын дүзиўде пайдаланыў мүмкин.
Изертлеў нәтийжелериниң әмелиятта қолланылыўы. «Жәҳанша» дәстанының генезиси, типологиясы, жанрлық өзгешеликлери ҳәм образлар системасын салыстырмалы-типологиялық аспектте изертлеў тийкарында алынған илимий нәтийжелер төмендеги бағдарда әмелиятта жәрияланды.
«Жәҳанша» дәстанының жазып алыныўы, баспадан шығарылыўы ҳәм үйренилиў тарийхы, дәстан сюжетиндеги әййемги түрки тиллес халықлардың тарийхый қатламлары ҳәм архаик фольклор үлгилериниң салыстырма-типологиясы бойынша илимий-теориялық жуўмақлардан ӨзР ИА Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының ФА-Ф-1-005 санлы «Қарақалпақ фольклортаныўы ҳәм әдебияттаныў тарийхын изертлеў» (2017-2021) темасындағы фундаментал дәстүринде пайдаланылған (Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң 2021-жыл 2-июндағы №126/1-санлы мағлыўматнамасы). Нәтийжеде, «Жәҳанша» дәстанының қарақалпақ фольклортаныўында үйренилиў тарийхына тән илимий-теориялық көзқараслар жаңа мағлыўматлар менен байытылған;
«Жәҳанша» дәстандағы мотивлер ҳәм образлардың типологиялық белгилерин салыстырмалы үйрениў арқалы “Жәҳанша” дәстанының эпикалық қаҳарманлықты өзинде сәўлелендириўши қаҳарманлық эпос жанры екенлиги ҳаққындағы илимий шешимлерден ӨзР ИА Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының Ф1-ФА-0-43429, ФА-Ф1, ГОО2. «Қарақалпақ фольклоры ҳәм әдебияты жанрларының теориялық мәслелерин изертлеў» (2012-2016) фундаменталь изертлеўинде пайдаланылған (Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң 2021-жыл 2-июндағы №126/1-санлы мағлыўматнамасы). Нәтийжеде, «Жәҳанша» дәстанының қарақалпақ халық қаҳарманлық эпосы системасындағы орны ашып берилген ҳәм усы тийкарда қарақалпақ фольклоры эпикалық жанрлар системасы бойынша илимий қараслар жетилиситирилген;
“Жәҳанша” дәстаның поэтикасындағы ҳәм композициясындағы тийкарғы өзгешеликлер болған дәстанның тийкарғы сюжетлик линиясын тәмийнлейтуғын сапар мотивиниң дәстүрий эпикалық үлгилерден қашықласпаған ҳалда қаҳарманның илим-өнер ийелеўге умтылысын сүўретлеўге бағдарланғанлығында ҳәм дәстанның поэтикалық баянлаў формаларында поэзиялық баянлаў усылының жетекшилигинде екенлигин тастыйықлаўшы илимий жуўмақлардан Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының «Ассалаўма-алейкум, Қарақалпақстан!», «Гаўҳар сөзлер» сыяқлы кѳрсетиўлеринде пайдаланылған (Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының 2020-жыл 24-декабрьдағы №01-02/с296-санлы мағлыўматнамасы). Нәтийжеде, «Жәҳанша» дәстанының генезиси ҳәм типологиясы, усы дәстанның идеялық мазмунындағы илим-өнерге тарбиялаўға байланыслы илимий пикирлеўлер ҳәм миллий эпикалық мийраслардың тәрбиялык әхмийети кең жәмийетшиликке жәрияланған.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish