Изертлеўдиң республика илим ҳәм технологияларын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына байланыслылығы. Диссертация республика илим ҳәм технологияларды раўажландырыўдың I. «Демократиялық мәмлекетти социал, ҳуқықый, экономикалық, мәдений, руўхый-ағартыўшылықты раўажландырыўда, инновациялық идеялар системасын қəлиплестириў ҳәм оларды әмелге асырыў жоллары» баслы бағдарына муўапық орынланған.
Мәселениң үйренилиў дәрежеси. Түркий халықлар фольклористикасында қаҳарманлық дәстанлардың жанрлық эволюциясы, генезиси ҳәм типологиясы, образлар системасы мәселелери бойынша өзбек2, қазақ3, қырғыз4 ҳәм түркмен5, сондай-ақ, яқут, алтай, чечен, ингуш, тува халықлары эпослары бойынша алып барылған изертлеў жумыслары қаҳарманлық эпослар ҳаққында тыянақлы илимий шешимлерге келиўге тийкар жаратты.
Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының поэтикасының ҳәр түрли мәселелери шет ел алымларынан немис илимпазы К.Райхлдың изертлеўлерине объект болған болса6, жергиликли илимпазлардан Н.Даўқараев, Қ.Айымбетов, И.Сағитов, Қ.Мақсетов, Ҳ.Ҳамидов, С.Баҳадырова, К.Мәмбетов, К.Алламбергенов, Ж.Хошниязов, К.Палымбетов, Ж.Низаматдинов, Ф.Мақсетова ҳәм басқалардың изертлеўлериниң баслы бағдары болды7.
«Жәҳанша» дәстаны қарақалпақ фольклористикасында аз изертленген дәстанлардың бири. Дәстанның өзи аз вариантлы, версиясыз. Дәстан ең дәслеп М.Сейтниязов тәрепинен 1956-жылы атақлы қарақалпақ жыраўы Қурбанбай жыраў Тәжибаевтан жазып алынады8. 1990-жылы ӨзССР ИА ҚҚФ Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтының Қарақалпақ фольклоры секторы алымлары А.Каримов, К.Мамбетназаров, Т.Нийетуллаев ҳәм К.Ерназаровлар тәрепинен баспаға таярлан, ХХ томлық «Қарақалпақ фольклоры» жыйнағының ХХ томында жарық көреди. Екинши мәртебе 2012-жылы 100 томнан ибарат «Қарақалпақ фольклоры» сериясының 43-томында “Жәҳанша” дәстанының Қурбанбай жыраўдан жазып алынған түп нусқа фольклорлық текстлерге текстологиялық анализ ислеўдиң барлық қағыйдалары сақланған ҳалда жәрияланды.
«Жәҳанша» дәстаны 1970-жылдың екинши ярымынан баслап изертлеўлерде көрине баслады. Атап айтқанда, Н.Жапақовтың «Жәрияланбаған дәстанлар» мақаласында дәстан сюжетиниң композициясын қураўшы ўақыялар ҳәм олардың бир-бири менен байланысы, образлары, көркем әдебий тили, екинши дәрежели образлар қурамы ҳаққындағы дәслепки илимий пикирлерди алға сүреди»9. Дәстанға дәрекли болған қунлы илимий пикирлер қарақалпақ қаҳарманлық эпосы, соның ишинде Қурбанбай жыраўдың өмири, дөретиўшилиги, жыраў репертуарындағы «Қырық қыз» дәстаны бойынша илимий изертлеўлер алып барған Қ.Мақсетовтың мақала ҳәм монографияларында жәрияланады10. «Жәҳанша» дәстаны бойынша заманагөй илимий концепцияларға тийкарланған илимий пикирлер 2012-жылы Қарақалпақ фольклоры көптомлығының 43-томында баспадан шығыўына байланыслы томның баспаға таярлаўшылары тәрепинен жазылды11.
«Жәҳанша» дәстаны ҳаққында қарақалпақ фольклористикасындағы изертлеўлердиң бағдары дәстанның қарақалпақ дәстанлары арасындағы орнын белгилеў, дәстанның идея-тематикалық өзгешелиги, образлар системасы, дөрелиў дәўири ҳаққындағы қысқаша пикир ҳәм шолыўлардан ибарат болып, оның жанрлық эволюциясы, сюжетлик-композициялық курылысы, типологиясы, образлар системасы, көркемлиги мәселелери арнаўлы түрде изертлеўди талап етеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |