2.2. Дәстанның сюжетиндеги мотивлерлердиң мазмунлық ҳәм конструктивлик роли
Фольклористика ҳәм әдебияттаныўда мотивлердиң әдебий шығарма сюжетин пайда етиўде мазмунлық ҳәм конструктивлик роли, бул түсиниклердиң бир-биринен өзгешелиги ҳәм олардың ҳәрбирине айқын анықлама, сыпатлама берилген болып, олардың эпикалық жанрлар сюжетиндеги орны жөнинде кең түрде сөз етиле баслайды. А.Н.Веселовскийдиң анықламасы бойынша,мотивлер инсан «жәмийетиниң ең дәслепки дәўирлеринде тәбияттың ҳәмме ўақыт алғашқы инсан алдына қойған саўалларына жуўабы ямаса шынлықтың инсан есинде айрықша ядта қалған ҳәм тәкирарланып турған тәсирлери», «Мотив – ең қәдимги сананың ҳәм турмыслық бақлаўлардың талапларына образлы жуўап бериўши баянлаўдың ең әпиўайы бирлиги»54. Архаик фольклорда ең дәслепки турмыслық ҳәм мифологиялық дүньяның образлы улыўмаластырыўшы формулалар сыпатында пайда болған мотивлер айрықша өнимдарлыққа ийе болып, ол өсиў, трансформацияланыў, өзгериў, қайта ой елегинен өткерилиў имканиятларына ийе болған55. А.Н.Веселовский тәрепинен мотивтиң сюжет пайда етиўши элемент, сюжет конструкциясының бир элементи сыпатындағы функциясы анықланғаннан кейин, фольклористикада эпикалық жанрларды изертлеўде мотивлерди, ажыратыў, сюжетлерди олардың қурамындағы мотивлер бойынша ажыратыў, мотивлердиң генезиси, турмыслық ҳәм тарийхый өз-ара байланысын анықлаў, раўажланыўы, вариантласыўы ҳәм, әсиресе ‒ оның сюжетке қатнасын анықлаў тарийхый-фольклорлық анализдиң ең тийкарғы бөлеги есапланады.
Мәлим болғанындай, дәстан жанры әсиресе түркий тиллес халықлардың қаҳарманлық дәстанлары сюжети бойынша оғада қурамалы система болып, оның сюжетлик системасы ҳәр қыйлы дәўирлерде пайда болған, ҳәр қыйлы жәмийетлик формацияларға тийисли болған мотивлерден қуралған. Мотив оларда эпикалық сюжеттиң элементи сыпатында көринеди. Мотивлер узақ ўақыт даўамында эпикалық традиция системасында жасап, ол бул жерде өз орнына, усы жерде өзиниң белгили бир мазмунына ийе болған. Басқа мотивлер менен бирликте олар белгили бир жанр, мысалы, дәстан системасын, моделин жаратқан.
Сюжеттин система сыпатында ең айрықша белгилериниң бири ‒ бул ишки динамикалығы. Эпикалық сюжеттиң ўақыт кеңислигинде бирдейине белгили бир ўақыялар жүз берип, буннан былай да раўажланып отырады. Бул ҳәрекет сол сюжеттиң қурамындағы мотивлер арқалы әмелге асырылады. Сондай-ақ мотивтиң өзине де динамикалық раўажланыў тән.
Фольклорлық сюжеттиң және бир өзине тән қәсийети ‒ бул оның ишки өзгериў имканиятына ийе болыўы. Бул өзгерислер тийкарынан еки типке ийе. Олардың бириншисинде сюжет түпкиликли өзгериске ийе болмай, бул өзгерис белгили бир шығарманың вариант, версия ҳәм редакцияларын жүзеге келтиреди. Екинши типте болса, сол сюжет тийкарында жаңа сюжет, жаңа шығарма пайда болады.
Қәлеген бир миллий эпос өз мазмуны ҳәм усы мазмунды баянлаўы бойынша белгили бир тарийхый ҳәм типологиялық түрде шәртленген традициялық шеңберге ийе болады ҳәм усы шеңбердеги дөретиў қағыйдаларынабойсынады. Егер бул нәрсени сюжетке қатнаста қолланатуғын болсақ, онда дәстан дөретиўде жыраўлар ҳәм жыраўшылық мектеплериниң арсеналында дәстан дөретиў ушын зәрүр болған пүтин бир мотивлер базасы болғанлығын тастыйықлайды. Жыраўлардың эпикалық шығармаларды атқарыўда традициялық эпикалық базадан пайдаланыўыбойынша В.В.Иллиароновтың төмендегипикири якут олонхосутларларына байланыслы айтылған болса да,ол белгили дәрежеде қарақалпақ жыраўларының дөретиўшилигине де тийисли, деп тастыйықлаўымыз мүмкин: «Атқарыўшы феноменал ядқа ийе болыўы керек. Атқарыўшылардың феноменал яды эпик текстлерди өзлестириўде белгили дәрежеде роль ойнаған. Бирақ ҳешқандай феномен халықтың эпикалық традициясында топланған барлық байлықты толығы менен өзлестире алмайды. Якут олонхосутларының эпик репертуарында орта есап пенен онлаған олонхолар орын алған. Атқарыўшылардың яды эпик дөретпелерди өзлестириўде ҳәм атқарыўда тийкарғы орынды тутпайды. Шынында эпикалық билим айрықша шараятларда раўажланады ҳәм жетилиседи. Эпикалық билимниң әмелге асыўында традиция да белгили орынды тутады. Традиция қаншелли күшли болса, текстлер, образлар, сюжетлер, мотивлер де соншелли турақлылыққа ийе болады. Ҳәрбир атқарыўшының шеберлиги дәстанды атқарыў процессинде оның өзиндеги эпик билимди атқарылып атырған шығарма көлеминде шеберлик пенен жүзеге шығара билиўинде. Бул процесс ең алды менен оннан импровизатолық талантты талап етеди. Басқаша айтқанда, атқарыўшы өзи еситкен ҳәм билген эпик билим дәрежесинде ҳәрекет етеди»56.
Әлбетте, эпикалық традицияда әсирлер даўамында қәлиплескен мотивлер базасы өзгериссиз ҳалында болмай, олар жыраўлар репертуарында жаңадан пайда болып отырған дәстанлардың қурамына енип, оған жыраўдың эпикалық пикирлеў дәрежеси, импровизаторлық уқыбына қарай жаңа элементлер қосылып отырған. Бирақ бул жағдайда да, жоқарыда айтып өткенимиздей, жыраўлар қаҳарманлық эпостың дөретилиў шеңбери, оның тийкарғы нызамлықларына бойсынған ҳалда жаңа дәстанлардың дөретиўине тийкар жаратқан.
Түркий тиллес халықлардың қаҳарманлық эпосының қәлиплесиў басқышлары оның сюжети структурасын кең көлемде изертлеген алым В.М.Журмунский ең бириншилерден болып, дәстанлардың сюжетиниң қәлиплесиўинде ертеклик сюжет ҳәм мотивлердиң тийкарғы база болғанлығын ҳәм бул базаның түркий тиллес халықлардың ҳәр бириниң миллий эпик традициядағы эволюциясын басқышпа-басқыш ашып береди. Буның ушын алым бир-бири менен тарийхый-генетикалық қатнасқа ийе Сибирь түрки тиллес халықлары, монгол тиллес халықлар фольклорындағы батырлық ертеклердиң сюжетлик қатламын Орта Азия түркий тиллес халықлары эпосының сюжетлик структурасы менен тарийхый-типологиялық метод арқалы изертлеп, бул халықлардың қаҳарманлық эпосының келип шығыўының бир төркинге ийе екенин анықлайды. Алым өзиниң илимий изертлеў объекти сыпатында «Алпамыс» дәстанының миллий версияларын алады. Себеби «Алпамыс» дәстанына тән сюжетлик модель көплеген түркий тиллес халықлардың жыраўшылық традициясында жаңа қаҳарманлық дәстанлардың пайда болыўында тийкарғы үлгилердиң бири болған. В.М.Жирмунский «Алпамыс» дәстанының сюжетлик структурасын монгол ҳәм түркий тиллес халықлардың батырлық ертеклерине тән болған ҳәм солардың тийкарында қәлиплескен «батырдың кәраматлы туўылыўы», «болажақ батырға ат қойыў», «батырдың үйлениўи», «батырлық сынақ», «батыр өз ҳаялының тойында» сыяқлы тийкары ҳәм бул мотивлерди байланыстырыўшы басқа да мотивлерден ибарат екенлигин дәлиллейди.
Илимий изертлеўимиздиң объекти болған «Жәҳанша» дәстанының сюжети қурамындағы мотивлер анализи де дәстанның сюжетлик структурасы бойынша қарақалпақ, соның менен бирге түрки тиллес халықлардың қаҳарманлық эпос традициясы бойынша «Алпамыс» типиндеги дәстанлар тийкарында дөреген, сондай-ақ жыраўлар тәрепинен күшли поэтик трансформациялаў нәтийжесинде жаңа қаҳарманлық дәстанға айланған формасы есапланады.
«Жәҳанша» дәстаны сюжети қурамында қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларындағы «батырдың туўылыўы», «болажақ батырға ат қойыў», «батырдың балалығы», «сынақ», «батырдың аты», «қаҳарманның үйлениўи» сыяқлы дерлик көпшилик мотивлер орын алған. Келип шығыўы жағынан ертеклик сюжетлерге барып тақалатуғын ертеклик мотивлер түркий тиллес халықлардың эпикалық дөретиўшилик традициясында сюжет пайда етиўши мотивлер сыпатында әлле-қашан орныққан мотивлер есапланып, ҳәр бир түрки тиллес халықлардың миллий эпикалық дөретиўшилигинде көплеген қаҳарманлық эпослардың сюжетлерлик структурасына енип, жаңа дәстанлардың пайда болыўына дәрек хызметин өтеген. «Жәҳанша» дәстанының сюжетлик структурасында бул мотивлер ең алды менен бул дәстанның идея-тематикалық бағдары, тарийхый шынлықтың ҳәм орталықтың өзгешелиги, соның менен бирге усы дәстанды атқарған жыраўлардың жеке стили, объектив болмысты аңлаў принциплери сыяқлы факторлар тәсиринде өзине тән интерпретацияға ийе болған. Өйткени, дәстан тийкарында усы дәўирге дейинги барлық қаҳарманлық дәстанға тән болған «атса оқ өтпейтуғын, шапса, қылыш кеспейтуғын» физикалық жақтан теңсиз күш-қудиретке ийе, «өз елин сыртқы басқыншылардан қорғайтуғын» мәрт батыр образы «Жәҳанша» дәстаны арқалы «айрықша ақыл-ой, билим-өнер ийеси», «ҳәрқандай қарама-қарсылықларды терең ақылы, көрегенлиги, дипломатиялық саўаты менен жеңе алатуғын» жаңа сыпатлар менен толықтырылады. Әлбетте, батырдың бул сыпатқа ийе болыўы ушын басқа тарийхый ҳақыйқатлық – түрки урыўлардың әййемги цивилизация орайларының бири есапланған Шын-машын империясы менен қатнасы Қазаяқлы урыўы мысалында дәстан өзегине тартылады. Бул тарийхый шынлықтың эпикалық көриниси сыпатында дәстанды дөреткен жыраўлар усы тарийхый ҳақыйқатлықтың ертек көринисиндеги сюжетлеринен пайдаланады. Орта Азия халықлары, солардың арасында қарақалпақ ертеклик фольклорында сақланып қалған «Басқа журтқа өнер үйрениў, билим алыў ушын барған бала ҳаққында»ғы ертек сюжети «Батырдың Шынмашынға сапары» мотиви көринисинде дәстанды дөретиўши жыраўлар тәрепинен қайта ислеў арқалы дәстан өзегинен орын алады ҳәм «Жәҳанша» дәстанының тийкарғы, дәстандағы ўақыялардың раўажланыўында айрықша динамикалық сыпатқа ийе орайлық мотивке айланады ҳәм басқа мотивлердиң усы сюжетке мазмунлық жақтан ийкемлесиўине тийкар жаратады. Соның менен бир қатарда, мотивлер дәстанларда басым тәрепи менен эстетикалық усылда ҳәм типологиялық жоллар менен қолланады. Биз усы мәселелерди «Жәҳанша» дәстанындағы мазмун струкрурасы арқалы үйрениўди мақул көрдик.
Do'stlaringiz bilan baham: |