Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Қаҳарманның туўылыўы мотиви



Download 292,3 Kb.
bet15/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Қаҳарманның туўылыўы мотиви. Қаҳарманның туўылыў мотиви дүньяның көпшилик халықларының фольклорында, әсиресе оның тийкарғы компонентлериниң бири есапланған эпос жанрының тийкарғы объектлериниң бири есапланады. Алымлардың пикири бойынша, қаҳарманның кәраматлы туўылыўы мотивиниң архаик формасы матриархал қатнасықлар дәўириндеги әйемги дәўир адамларының партеногенезис, яғный жынысый қатнассыз туўылыў ҳаққындағы қарасларына барып тақалады57. Бул қарас бойынша, эпос, ертеклерде қаҳарманның дүньяға келиўи сыйқырлы затлар: алма, суў, күн нуры, самал, жаўын суўы менен байланыстырылады ҳәм усындай формада дүньяның көплеген халықларының фольклорында турақласқан мотив сыпатында орын алады. Дәстандағы перзенттиң туўылыў мотиви инсанияттың сана-сезиминиң өсиўи, жәмийетлик формациялардың өзгериўи менен ҳәр қыйлы дәўирде сол дәўирдеги жәмийеттиң дүньяны танымына сай өзиниң эволюциялық басқышларын басып өтеди. Орта Азияның түркий тиллес халықларының қаҳарманлық эпосының қәлиплесиў басқышларын кең көлемде изертлеген алым В.М.Жирмунский бул мотивтиң Сибирь түрки тиллес халықлары ҳәм Орта Азия халықларының қаҳарманлық дәстанларының кәлиплесиўинде тийкарғы мотивлердиң бири сыпатында қарайды58.
Орта Азия халықларының батырлық ертеклери ҳәм оннан кейинги дәўирлерде пайда болған қаҳарманлық эпосларында қартайған бийперзент ата-аналардың қудайдан ямаса иләҳий күшке ийе әмеңгерден перзент сораў менен басланатуғын бул кирис бөлими (пролог) белгили дәрежеде универсаль характерге ийе. Бул жағдай қарақалпақ қаҳарманлық эпосының кирис бөлими ушын да тән болып, ол қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының көпшилигинде ҳәр қыйлы формада орын алған. «Жәҳанша» дәстанында да ол өзине тән формада көриниске ийе болып, бул мотив өз семантикалық ҳәм конструктив функциясы бойынша «Алпамыс» дәстаны типиндеги дәстанлардағы қаҳарманның туўылыў мотиви моделине усас ҳәм, соның менен бирге, дәстан сюжетиндеги ўақыялардың буннан былайғы жөнелиси ҳәм идея-тематикалық бағдарына байланыслы өзине тән интерпретацияға ийе. Сәңгилбайдың жасы алпысқа, ал оның иниси Қарабай елиўгекелсе де, бийперзент болады. Ағалы-инили олардың төрт түлиги сай болса да, қудайдан перзент тилеп жылайы. Дәстанда басқа қаҳарманлық эпосқа тән болған пирлерге сыйыныў, әўлийеде түнеў мотивлери жоқ. Бул мотивлердиң дәстанда орын алмаўының себебин ҳәр қыйлы түсиндириў мүмкин. Олардың бириншиси ‒ дәстанды дөретиўши жыраўлардың (Айтуўар жыраў, Қабыл жыраў, Халмурат жыраў) дәстүрий мотивтен усы мотив бар дәстанлардан парықланатуғын, өзгеше өз алдына дәстан дөретиўге умтылыўы менен байланыслы болса, екиншиден, Қурбанбай жыраўдан дәстанды жазып алыў дәўириниң диний қарасларды бийкарлаўға қаратылған тенденцияға сай, бул мотив дәстан текстинен қысқартырылған болыўы мүмкин, деп шамалаймыз. Себеби дәстанның қолжазба текстинде қаҳарманлардың перзент сораў объекти кимге қаратылғаны берилмеген. Тексте «Яки енди уғылдан, Яки енди бир қыздан, Бергейсең деп екеўи, Перзент дейип жылады» формасында орын алған. Бирақ та дәстан контекстинен қаҳарманлардың бул тилеги жаратқан, яғный, жоқары ғайры күшлерге қаратылғанын айқын аңлаўға болады. Аталардың перзентсиз болыў мотиви әййемги Египет ертеклеринде, “Библия”дағы Аврам (Ибрахим) ҳәм Саара қусаған пайғамбарлардың, буннан еки ярым мың жыл бурын пайда болған ҳиндлердиң “Махабхарата”, “Рамаяна” дәстанларында да сөз етиледи. Усыларға дыққат аўдара отырып алым Ж.Хошниязов “Бундай типологиялық бағдардағы уксаслықлар перзентсизлик мотивиниң әййемгилигин көрсетиўи менен бирге, қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларында бурыннан киятырған мифологиялық элементлериниң сақланыў мүмкиншиликлерин тастыйықлайды. Себеби, булардың ҳәр қайсысының артында тилеклерин орынлаўға қәбилетли илаҳий күшлер турады. Олар сондай күшлерге исенип ҳәрекет етеди. Презентсизлик мотивиниң шығыс дәрегиндеги тәнирлерге байланыслы эпизодлар соң жәмийетлик-турмыслық тәсирлерге ушырап отырған. Бирақ, толығы менен өзгериске ушырамай, тийкарғы бағдар – перзентли болыў тилеги сақланып қалған”59. Дәстандағы Жәҳаншаның туўылыў эпизоды батырдың караматлы туўылыўы менен байланыслы эпизодтың өзи-ақ оның басқа пирлер, әменгерлер ямаса магиялық тәсир нәтийжесинде туўылыўының соңғы дәўирлердеги монотеистлик қарасларға өзгерген дәўирине бойсындырылған формада сүўретленгенинен гүўалық береди. Сәңгилбай менен Қарабайдың тилеги қабыл болғаннан кейин, Сәңгилбайдың ҳаялы Ақтолқын ул бала, ал Қарабайдың ҳаялы Айпарша ‒ қыз туўады. Халықтың перзенттиң туўылыўын белгилеў дәстүри бойынша, Сәңгилбай менен Қарабай елди жыйнап, дәбдебели үлкен той береди. Усы той күни Сәңгилбай менен Қарабай жаңа туўылған нәрестелер жатқан бесикти ортаға қойып, жыйналған халықтанбалаларға ат қойыўды сорайды. Яғный дәстан сюжетиниң қурамына басым көпшилик қаҳарманлық дәстанлар ушын дәстүрий есапланған батырға ат қойыў мотиви енгизиледи. Көпшилик түркий тиллес халықлардың қаҳарманлық дәстанларда жаңа туўылған батырдың атын оның дүньяға келиўин тәмийинлеген иләҳий күшке ийе әмеңгер – пирлер, әзиз әўлийелер, ямаса ғайыптан келген қәлендер қояды. Бул мотивтиң архаик формаларында болажақ батырға ат қойылыўы оның ерлигиниң дәслепки тымсалы болып, өзиниң болажақ батыр екенин халыққа мойынлатқаннан кейин қойылады. Тарийхый ҳәм генетикалық жақтан қарақалпақларға жақын болған Сибирь ҳәм Орта Азияның түрки тиллес халықларының туўылған балаға ат қойыў дәстүри бойынша ‒ мәселен, алтайлылар ҳәм ҳакасларда ‒ бала дүньяға келитўден-ақ шаңарақ баслығы тәрепинен оған ат қойылады60. Салт-дәстүри бойынша қарақалпақларға жақын болған қазақларда болса, бала туўылғаннан соң үш күннен кейин нәрестени бесикке салғанда, аўылдың ең абыройлы адамы балаға ат қояды61.
В.М.Жирмунскийдиң пикири бойынша, баланың туўылыўына байланыслы халық тәрепинен өткерилетуғын бул дәстүр түркий ҳәм монгол халықларының шаманлық динине қатнаслы болған магиялық салттың поэтикалық көриниси болыўы мүмкин62. Деген менен бул ҳалатты тек шаманлық исенимге жүклеп қойыўға болмайды. Ол тотемлик түсиниклер, ҳәр қыйлы тәбият қубылыслар, мифлик қудайлардың қатнасыўынан пайда болатуғынлығы туўралы анимистлик, магиялқ исенимлер менен де байланыслы сөз етиледи63. Демек бул мотив өз мазмунында узақ өтмиштеги ҳәр қыйлы тәнирлерди өз бойына сиңирип дәстанның мотивлик көзқарастан жетилисиўине өз тәсирин тийгизген деп жуўмақ шығарыўға толық имканиятлар бар деген сөз.
Жоқарыда көрсетилип өтилгениндей, дәстанда Сәңгилбай менен Қарабай бала бөленген бесикти тойға келген ортаға қойып, нәрестелерге ат бериўди халықтан соранады. Бул жерде баланың келешекте қандай батыр болатуғынын болжап айтыўшы иләҳий күш ийеси болған персонаж жоқ. Бул факт дәстандағы көпшилик түркий тиллес халықлардың қаҳарманлық эпосында кең таралған ҳәм қаҳарманлық эпостың дәстүрий мотиви сыпатында белгиленген батырдың туўылыў мотивин усы мотивтиң эволюциясының соңғы басқышына, яғный жыраўдың ўақыяны реалистлик, турмысқа жақын көринисте сүўретлеўге умтылыўына байланыслы деп түсиниў мүмкин. Екиншиден, дәстанда болажақ батырға халық жыйналып ат қояды, яғный балаға ат қойыўшы объект ‒ бул халық. Бул жерде жыраўдың батырға исим бериўши объект сыпатында иләҳий күш ийелерин емес, ал халықты таңлаўы да жыраўдың дәстүрий мотивти жеке стилинен келип шыққан ҳалда интерпретациялаўы менен де байланыслы.
Дәстандағы батырдың туўылыў мотивине қатнаслы және бир деталь ‒ бул көпшилик түрки тиллес халықлардың қаҳарманлық эпосына тән болған батыр менен егиз ямаса бир күнде туўылған қыз деталы. Мотивтиң дәстүрий модели бойынша болажақ батыр менен бир күнде туўылған қыз оның болажақ қалыңлығы, ал оның менен бир анадан туўылған қыз болса ‒ батырдың қарындасы, оның жәрдемшиси болыўы керек. Әдетте, түркий қаҳарманлық эпоста қалыңлық қыз дәстан сюжетинде және бир мотив – батырдың үйлениўи мотивиниң пайда болыўына төркин жаратса, ал батырдың егизеги батырдың жолындағы барлық конфликтли ситуацияларды, қарама-қарсылықларды жеңиўде жәрдемши образ сыпатында қатнасыўы тийис. «Жәҳанша»да дәстанның бас қаҳарманы ‒ Жәҳанша менен бир ўақытта туўылған Шийрин батырдың әкеси менен туўысқан Қарабайдың қызы. Ол туўысқанлық қатнас бойынша Жәҳаншаның қарындасы есапланады. Сибирь ҳәм Орта Азияның басым көпшилик түркий тиллес халықлары экзогам некеге бойсынатуғын болып, қанлас некеге, яғный эндогам некеге жети атаға дейин рухсат берилмеген64. Бул формадағы неке қағыйдаларына қарақалпақлар да бойсынған. Дәстанда жыраў некениң усы экзогам формасын нәзерде тутады. Бирақ дәстанда Шийринниң Жәҳаншаның жақын адамы, оның жолындағы қыйыншылықларды жеңиўде жәрдемши сыпатындағы орны да белгиленбеген. Шийрин туўылыўдан-ақ дәстан сюжетинен шығып кетеди, оның менен байланыслы ўақыялар сөз етилмейди. Бизиң пикиримиз бойынша, бул ең алды менен Шийринниң әкеси Қарабайдың дәстанда батырдың жолына тосқынлық қылыўшы персонаж, антагонист сыпатында сүўретлениўи менен байланыслы.Яғный Шийрин бул жерде өз әкесиниң барлық турмыслық қағыйдаларына әмел қылыўшы әпиўайы патриархал шаңарақ ағзасы сыпатында қалады. Патриархал шаңарақтың негатив қағыйдаларына қарсы шығыўшы мәрт қыз функциясы дәстанда жыраў тәрепинен Шийринге емес, ал Ура төбелилердиң өтмиштеги мәканласлары, бурынлары бир халық болып жасаған Шынытатар патшасының қызы Зәўрияға жүкленген.
Қаҳарманлық дәстанларда батырдың кәраматлы туўылыўы менен тиккелей байланыслы және бир мотив ‒ бул болажақ батырдың балалық дәўири менен байланыслы. Батырдың кәраматлы туўылыўы мотиви дәстан сюжетиниң бир компоненти болып, бул мотив барлық қаҳарманлық дәстанлар сюжетинде турақласқан. Бирақ, басқа мотивлер сыяқлы, бул мотивтиң де дәстан текстиниң пайда болыў ҳәм қәлиплесиўиниң дәўирлик басқышына қарай дәслепки архаик көринисине салыстырғанда ҳәр түрли көриниске ийе болады. Бизге белгили, қарақалпақлар, анығырағы қарақалпақ миллетиниң консолидациясында орын тутқан урыўлар менен тарийхый ҳәм генетикалық байланысқа ийе Сибирьдиң түрки тиллес халықлары ҳәм монгол тиллес халықлар эпикалық традициясына тийисли қаҳарманлық дәстанлар ҳәм қаҳарманлық ертеклерде батырдың балалығы өзиниң архаик көринисин жақсы сақлап қалған. Ал, Орта Азияның түрки тиллес халықларының қаҳарманлық эпосында мотив белгили дәрежеде фантастикалық элементлерди өзинде сақлағаны менен, көбинесе реалистлик көриниске ийе. Бул «Жәҳанша» дәстанына да тән болып, дәстанды атқарған жыраўлар бул мотивти баянлаўда белгили дәрежеде реалистлик формада, басқа қаҳарманлық дәстанларға салыстырғанда өзгеше, өзине тән интерпретациялаў жолы менен атқарған. Бул интерпретацияланған мотив төмендеги көриниске ийе:

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish