Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet23/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Жәҳанша минген жәниўар,
Урыста жүрген ат еди,
Ат бир лаппа жатады,
Оқ үстинен өтеди,
Және турды секирип,
Жалын тарап жәниўар,
Ийесине зәлел болмағанын,
Ат жәниўар биледи101.
Буннан Туйғын аттың халық ядында сақланған әскерий көнликпеге ийе атлардың улыўмаластырылған белгилерине ийе эпик образы есапланады.
“Жәҳанша” дәстанында батырға жәрдемши персонажлардың функциясын Асқар ханның жаўызлығы салдарынан бар мал-мүлкинен айрылып, өзи сансыз мал кейнине салынған шопанлар Сарандиб ҳәм Сәрўан бабалар болып есапланады. Ол Асқарханның сырларын ҳәм әззи жерин Жәҳаншаға айтып, батырға жәрдем береди. Және бир орында Жәҳанша өз елин сағынғаны ушын устазынан рухсат алып Ура Төбе елине сапарқа атланады. Ол елине шамаласып, жол бойы ушырасқан шопанлардың гәпи бойынша оны ели халқы «Жәҳанша өлип қалды»-деген жалған хабар тарқатыпты. Ал соның ушын да оның ата-анасы Сәңгилбай менен Ақтолқын көзлери жаста, етеклери жасқа толып перзентинен үмитти үзип отырғанда жол бойы ушырасқан Сәрўан баба деген Жәҳаншаға жәрдем берип, оның тирилиги хабарын Сәңгилбай менен Ақтолқынға жеткереди. Бул функциялары жағынан Сарандиб ҳәм Сәрўан баба образлары «Алпамыс» дәстанындағы Қултай баба образы менен сәйкес келеди.
«Ўақыяларды мазмунлық жақтан ҳәм көркемлик жақтан байытыўда бас қаҳарманның образлары қандай әҳмийетке ийе болған болса, сол бас қаҳарманның ҳәрекетлерин қоллап- қуўатлаўшы образлар, оған қарсы қаратылған образлар өзлериниң екинши дәрежели әҳмийетине қарамастан тийкарғы образды күшейтиў ушында сол қурақым зәрүрли деп айта аламыз. Себеби, бас қаҳарман бәрқулла өзине қарсы ҳәрекетлерди жеңиў менен бәнт болады. Олар қанша қарама-қарсылықларды келтирип шығарса, үстем болыўшы қаҳарманның образлары сонша дәрежеде өткирлеседи ҳәм сюжетлердиң, ўақыялардың қызықлығын тәмийинлейди» деп жазады жас алым Ф. Мақсетова өз изертлеўинде102. «Жәҳанша» дәстанында усындай тийкаргы образлар қатарына Қарабай, кәрўан басы Үсенбек, гәўирлерди киргизиўге болады.
Дәстандағы тийкарғы сюжетти кескинлестириўши ҳәм батырға көп тосқынлық ететуғын қаҳарман образлдарының бири – Қарабай образы болып табылады. Қарабай тийкарынан дәстанда айқын өмирлик, турмыслық факт материаллары менен сүўретлениўине бола, нағыз шекленген, тар руўҳый ишки дүньясы басым, өсек сөзге де, күншилликке де бейим қаҳарман образы. Оның қызыққаны тек ғана аңсат, мүмкин саўдагершилик пенен дүнья-мал жыйнаў, байып өмир сүриў болып сөзге түседи. Ол сонлықтан да бир тәрептен өзине жәрдемши, екинши тәрептен Жәҳаншаның өзиниң де Сәңгилбайдың да қурғын өмир сүриўи ушын Шынмашын (Қытай) елине ең дәслеп Жәҳаншаны өз усынысы менен әкеси мол дүнья мүлк, күш-көлик берип атландырған эпизодта нийети дүзиў болады. Ол Шынмашын елине ағасының перзенти Жәҳанша менен бир неше рет атланады. Ал дәстанда солардың еки сапары ғана сәўлеленсе де, Жәҳанша еки сапарда да Қарабайдан жасырын түрде, билим-илим излеп устаз таўып алып, өз идеялының, әрманының иске асыўында саналы түрде гүреседи. Бирақ, Қарабай жас ғайратлы ҳәм түсимпаз, ақыл парасат ийеси Жәҳаншаның бул нийетлерин бийкарлап, ямаса оған шекленген дүньяға көз-қарас пенен қатнас жасап, Жәҳаншаның ис-ҳәрекетлери, билимлендириў менен илимге, өнер ийелеўге умтылысларын басқа тәреплерге бурмалап, оны Ура Төбе елине, ата-анасына жаманлап келе береди. Ақырында Жәҳанша журтта набыт болған деген сөзлерди тарқатқан усы Қарабай болады. Ҳәр бир өсек ҳәм жаман нийетинен кейин ўақыя барынша шийеленисип, Жәҳанша юирде ата-анасына, бирде халқына жаман атлы көринеди.
Дәстанда әдебий фольклорлық қаҳарман болған Жәҳаншаның образының өсиў-өрлеў эволюциясын ашып бериўде, оннан оның характериниң толысып сүўретлениўинде көзи тоймас саўдагер кәрўан басы Үсенбек образы әҳмийетли орын тутады. Қараңыз:

Батыр туўған Жәҳанша,
Сыннан муздай гүңиренип,
Нар түйедей ыңыранып,
Ор текедей керилип,
Толысқан қыздай созылып,
Жаслағандай толы көзин,
Аўдарып батыр ашады,
Жәҳаншаның саясаты,
Өткир еди сол ўақта,
Кәрўанды қара басады,
Ырғып турып орнынан,



Далаға шығып кетеди,
Майданларды аралап.
Булақ суўдан жуўынып,
Таўыс киби таранып,
Жан-жағына қаранып,
Әдеп пенен кәрўанға,
Келип сәлем береди,
Кәрўанниң мийри қанады,
Буның әдеплилигине,
Ишлери ғыж-ғыж жанады,
Хал жағдайды бул кәрўан,
Сыпайылап сорады103.

Үсенбек батыр жигит Жәҳаншаның ақ нийетлерине тилеклеслик билдирип, оған жәрдем қолын созбақшыдай көринсе де, батырдың тилеклерин орынламайды. Ол ҳәттеки жолда ушырасып өлимнен аман алып қалған бул жигитти қуйыға таслап, арқанды кесип жиберип, ол алып бериўге себепши болған алтынлардың, тиллалардың барлығын өз кәрўаны менен бирге татар елине алып қашып кетеди. Ең баслысы Жәҳаншаны Үсенбек көрсеткен бундай қорлық, ҳәттеки өлим тырнағынан өзиниң хадал нийети, ақ көкиреклиги, буған қосымша шыдам тақат пенен, ақыл парасатының үстемлиги, буннан алтын жетерли билим, илим, өнер ийелеп үлгериўи қутқарып аман алып қалады.


Дәстандағы Үсенбек кәрўан басының минез-қулық белгилерине дыққат қарататуғын болсак, ол нағыз жәдигөй, екижүзлемеши, өтирикши, көзи дүнья малға тоймайтуғын, бул жолда ҳәр қандай ҳақ нийетин, ҳадал инсанды набыт етиўден қайтпайтуғын адам образы сыпатында сүўретленген. Ол ҳәттеки Жәҳаншаны еки-үш мәртебе өлимге гириптар етеди, бирақ. жас жигиттиң хадаллығы менен билегиниң күши, ҳақ нийети, ақыл-парасат пенен шыдам тақатының басымлығы Үсенбектиң үстинен жеңиске ерисип отырады.
Үсенбектиң батырға ислеген ҳәр бир қастыянлығынан кейин сюжет бағдары басқа тарепке бурылып, Жәҳаншаның жаңа қырлары ашыла береди. Яғный, Жәҳаншаның образының толық ашылыўы Үсенбек образы менен тиккелей байланыслы.
Дәстандағы қаҳарманға ҳәм қарсы ҳәм оны қоллаўшы қурамалы персонажлар образы сыпатында гәўирлерди атап өтсек болады. «Дәў образы халық исенимлеринде үлкен орын тутады. Ертек ҳәм дәстанларымызда дәўдиң кеселлик ҳәм өлим сыпатында сүўретлениўи көп ушырайды: «Палўан Рустем» ертегинде дәўлер Нәдирша ҳәм адамлардың көзлерин соқыр етип үңгирге қамап қояды. Ертек қаҳарманы дәўлерди жеңип, оларды өзине бойсындырғаннан соң , адамлар дәў зулымы ҳәм ол келтирген кеселликтен қутылады»104. Дәстанда дәўлер бирде қаҳарманды қоллаўшылық, бирде қарсы шығыўшылық ўазыйпаларын өтейтуғын қурамалы образлар болып табылады. Жәҳанша Үсенбек арқанды кесип оны қудықтың ишине таслап кеткеннен соң, не кыларын билмей, сырлы қудықтың ишиндеги өзге әлемди көрип, ҳайран қалып оны аралап жүргенде өзара жәнжеллесип отырған үш дәўди көреди. Дәўлердиң екеўи бир жумбақты шеше алмай атырғанын,егер Жәҳанша усы жумбақты шешсе тири қалатуғынлығын, болмаса өлтиретуғынлығын айтады. Әлбетте Жәҳанша өзиниң алған билими нәтийжесинде дәўлердиң берген жумбағын олардың бир-бирин өлтиретуғындай етип шешеди ҳәм олардан қутылады. Дәўлердиң үшиншиси перзентиниң дағынан күйип жүрген болып, Жәҳаншаның тар шертип отырғанын еситип дәўдиң көз алдына тири гезинде сазенде болған өзиниң баласы елеслеп кетеди. Ол Жәҳаншаны өз баласына мегзетип, жигитти арқасына мингизип жердиң бетине алып шығады ҳәм кәрўанның изинен жеткереди. Усы тәреплери менен дәўлер образы қаҳарманды сынаўшы ҳәм оны қоллап-қуўатлаўшы образлар қатарына киреди. Оларда басқа дәстанлардағы эпикалық дәстүрге айланған қаҳарманға карсы гүресиўши шексиз физикалық қушке ийе образдың сыпатлары көринбейди.
Дәстанда басқа қаҳарманлық эпослардағы сыяқлы ҳаял-қызлар образына да айрықша итибар берилген. Бунда белгисиз қыз-келиншеклер аламаны, Ура Төбе аўылындағы қыз Назым (бирақ еле ол нағыз әдебий образ дәрежесине жетисе алмаса да), Асқарбайдың қызы Гүлҳәсел, кәрўан басы Үсенбектиң қызы, ҳақыйқатқа бир қанша жақын, әдалатлылықты қоллаўшы Гүлнәҳар, кәрўан басының ҳаялы, татар елиниң патшасының қызы Зәўрия, бизиң өткендеги ҳәм ҳәзирги турмысыздағы, нағыз өмирдеги бар болған адам характерлеринен алынған, ең баслысы гейпаралары хадаллықты, адамгершиликти, теңликти, әдалатлылықты қуўатлаўшы, хадал мухаббат ийеси, пуқара халықтың ғамхоры, айырымлары оған қарама-қарсы сыртқы сулыўлыққа, жетерли хадал мухаббатқа ийе емес, қызғаншақ болып көринетуғын ҳаял-қызлардың өмирдеги бар сәўлеси дәстан образлары болып табылады.
Дәстандағы батырдың туўылыў мотивине байланыслы дәстүрде әдетте батыр менен егизек яки оның менен бир ўақытта туўылған қыз перзент те болады. Олардың функциясы егер қарындас болса, батырды қоллайды, ал, басқа шаңарақьта туўылған болса, батырждың қалыңлығы болады. “Жәҳанша” дәстанында усы туўылыў мотивиниң үлгиси бар. Яғный, батыр менен бирге Сәңгилбайдың инисиниң Шийрин деген қызы да туўылады. Бирақ, қаҳарманлық эпостағы бирге туўылған қыз образы толық ашылмаған. Себеби, ол дәстан сюжетинде басқа қатнаспайды. Ал, батырдың яры болыў функциясы патриархал шаңарақтың унамсыз қағыйдаларына қарсы шығыўшы мәрт қыз Шынытатар патшасының қызы Зәўрияға жүкленген. Зәўрия акыллы, соның менен бирге, басқа қаҳарманлық дастанлардағы ҳаял-кеызлар сыяқлы батыр да. Бундай сыпаттағы ҳаял-қызлар образы ҳаққында Ж.Хошниязов былай дейди: “Буларнинг кўпчилиги юрт ҳимоячилари, ўз уруғдошлари, қавм-қариндошларини қийинчиликдан қутқаришдаги ақл-идроки, куч-қуввати, ўзига муносиб куёв танлашдаги жасорати, полвонлиги милоддан аввалги даврлардаги Тўмарис, Зариадр, Одатида каби сак-массагет қавмлари ботир қизлари эпик образларининг давоми сифатида акс этади. Шунингдек, савроматлар (миллоддан аввалги VII–VI асрлар) аёллари бошқалардан ҳарбий лаёқати билан ажралиб турган. Улар эркакча кийиниб овга чиқишган, урушларда иштирок этган, ўз душмани устидан ғалаба қилмагунча турмушга чиқишмаган. Бу ўзига хослик миллий достонимиз «Қирқ қиз»да ҳам кўзга ташланади105. «Жәҳанша» дәстанында Зәўрия қаҳарманларша кийинип, жаўларға қарсы гүресиў ушын майданға ат ойнатып шықпаса да, әкесиниң басқарыў сиясатына қарсы гүреседи.
Соның менен бирге дәстанда «сол дәўирдиң жәмийеттиң моральлық келбетин ашып бериўде бай мағлыўмат берип»106 турыўшы ҳаял-қызлар образлары бар. Олардан, кәрўан басының қызы Гүлнәҳар, усыған уқсас мухаббат урысы көрсе қызар Асқарбайдың қызы Гүлҳәсел, Жәҳаншаның анасының образлары дәстандағы сол дәўирдиң жәмийетлик турмысындағы ҳаял-қызлардың дәстандағы типик көринислери болып табылады.
Улыўма, «Жәҳанша» дәстанының образлар системасындағы ең ири фигура болған Жәҳанша образынан баслап оның әкеси, оғада қурамалы образ сыпатында көзге түсетуғын Сәңгилбай, оның өмирлик қостары, бирақ дәстанда толығырақ ашылмаған ана образы ретинде сәўлеленген Ақтолқын, күншил, өсекшил ҳәм түсиниксиз қаҳарман образы Қарабай, өтирикши, сатқын кәрўан басы Үсенбек, кәрўан басының қызы Гүлнәҳар, көрсе қызар Гүлҳәсел, нағыз устазлар Оман ҳәм Азим, ҳәр қыйлы характердеги бири қызғаншақ, ақыл еси дурыслы емес, тек ғана өз пикирин мақуллап билектиң күши менен иске кирисе беретуғын гәўир-дәўлер, Арыслантүй ҳәм оның ләшкерлери, татар қызы Зәўрия, сол елдеги шопанлар менен падашы топардағы көпшилик аламан, кәмбағал, дийхан шопанлар образлары дәстан сюжетиниң тартымлы шығыўында тийкаргы фигуралар болып, олар қарақалпақ халық қаҳарманлық дәстанларының образлар системасын барынша байытыўға қатнасқан деп айта аламыз.
БАПҚА ЖУЎМАҚ

  1. «Жәҳанша» ‒ дәстан жанрының қаҳарманлық эпос түрине қатнаста белгиленген барлық критерияларға жуўап береди. Диссертацияда дәстанның қаҳарманлық эпос жанры екенлиги салыстырмалы типологиялық тәризде илимий таллаўлар арқалы көрсетип берилген. Дәстан сюжетиниң тийкарғы мазмунында қарақалпақлардың этногенезинде әҳмийетли орын ийелеўши Қазаяқлы урыўының турмысы менен байланыслы ўақыялар сәўлеленген.

  2. «Жәҳанша» дәстаны сюжети қурамында қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларындағы «батырдың туўылыўы», «болажақ батырға ат қойыў», «батырдың балалығы», «сынақ», «батырдың аты», «қаҳарманның үйлениўи» сыяқлы дерлик көпшилик мотивлер орын алған. «Жәҳанша» дәстанының сюжетлик структурасында бул мотивлер ең алды менен бул дәстанның идея-тематикалық бағдары, тарийхый шынлықтың ҳәм орталықтың өзгешелиги, соның менен бирге усы дәстанды атқарған жыраўлардың жеке стили, объектив болмысты аңлаў принциплери сыяқлы факторлар тәсиринде өзине тән интерпретацияға ийе болған.

  3. Дәстанда батырға жәрдемши ҳәм ўақыяларды кескинлестириўши, соның менен бирге, бирде қаҳарманды қоллаўшы, бирде оған қарсы шығыўшы функцияларды өзинде жүклеген қоспалы образлар орын алған болып, олардың көпшилиги қаҳарманлық эпостың дәстүрий образлары сыяқлы сыпатларға ийе болса, басқалары дәстан аткарылған дәўирдеги реал өмирдиң талапларына муўапық жаңаша сыпатлары менен сүўретленген ҳәм олар қарақалпақ қаҳарманлық эпосларының образлар системасын байытыўға катнасып тур.



Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish