Ендиги сөзди еситиң,
Жәҳаншадай баладан,
Қоянкөк атын алдырып,
Зербаптан терлик салдырып,
Алтын ер және алдырып,
Атты жақсы сайлады76.
Арысландай ақырып,
Қоянкөк атты ойнатып,
Тойда ылақ ойнады77.
Жәҳанша Қоянкөк атты минип,он еки жасында биринши мәртебе сынаққа түседи. Ура Төбе елиниң атақлы адамы Алымбай жалғыз баласына арнап той береди. Тойда өткерилген ылақ ойында Жәҳанша Қоянкөктиң епшиллиги ҳәм өзиниң шаққанлығы менен он еки мәртебе ылақты қарсыласларынан тартып алып сол елдиң ақсақалларының алдына әкелип таслайды. Намысқа шыдамаған Сайрам журтының жигитлери батырдан өш алмақшыболып, оны ортаға алады. Жәҳанша Қоянкөкти қойып жиберип, өзин қоршап алған он сегиз жигит пенен шайқасқа түседи. Дәстандағы бул эпизодта батыр менен оның атының күшиниң биригиўи «Аттың күши – ер күши» деп берилген. Усы шайқаста Жәҳаншаның қарсыласларының үстинен жеңиске ерисиўинде Қоянкөктиң батыр күшине тақәббиллиги шешиўши әҳмийетке ийе болады. Жәҳаншаның Қоянкөк аты менен он сегиз жигитке бәш келип оларды жеңиўи батыр ҳәм оның атының инновациялық дәстүрлерге байланыслы мотивтиң өзине тән интерпретациясы ретинде орын алған.
Дәстан сюжетиниң буннан былай да раўажланыўы барысында Жәҳаншаның илим-билим ийелеў мақсетиниң жүзеге шығыўы менен, Қоянкөк дәстан сюжетинен шығарылады. Жәҳанша әкеси Сәңгилбайға «Қоянкөк атты енди минбеймен», яғный «ат минип, ылақ ойнап ўақытты бийкар өткермеймен» деп, оқыў ушын Шын-машынға сапар шегеди. Бул сапарда оған усы узақ ҳәм қәўипли жолда көшпели турмыс кешириўши, сондай-ақ шарўашылық пенен шуғылланыўшы халықларда ең қәдирли ат түри есапланған әреби ат жолдас болады. Дәстанда әреби атқа батырды қәўип-қәтерден алып шығыў яки болмаса оған саўашта жолдас болыў функциясы жүкленбеген. Ол бас қаҳарманның узақ жолын қысқартыўшы, оның батырлығының атрибуты сыпатында сәўлеленген. Бул жерде дәстанды дөретиўши жыраўлар қаҳарманлық эпос дөретиў традициясының эстетикалық нызамлығына муўапық, әреби аттың жүйриклиги, сулыўлығын тәрийплеўши төмендеги поэтикалық қатарларды киргизген:
Атқа қарап «шүў» деди,
«Шүў» дегеннен гүўледи,
Толықсып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Көзгенеңнен жәниўар,
Мәртке салмай қайғы зар,
Атты булақтан суўлады,
Суўлағанда жәниўар,
Самал киби туўлады,
Ҳәр белдеўден асады,
Ҳәр таўды бир басады78.
Түрк ҳәм Монгол тиллес халықлар қаҳарманлық эпосын изертлеген алымлар эпос текстинде усы жанрға айрықша эстетикалық көркемлик бағышлайтуғын ҳәм өз алдына дара жанр сыпатында да айрықша функцияга ийе магталлар туўралы мағлыўмат береди79. Бул жанрдың қарақалпақ қаҳарманлық эпосларында қолланылыўы мәселеси келешекте өз алдына илимий изертлеў объекти болыўы тийис, деген пикирдемиз. Бирақ қаҳарманлық эпостың қәлиплесиўи бойынша дәреклес болған бул халықлар эпосындағы ат ҳәм батырға тәрийп бериўдеги бул улыўмалық ҳәм усаслық белгили төркинге ийе екенин бийкарлап болмайлы. Дәстан сюжетинде өз орына ийе үшинши ат ‒ Туйғын лақаплы ат. Дәстан сюжети бойынша Туйғын атты Үсен кәрўанбасы Жәҳаншаға Ҳәсер таўында гәўир Арыслантуй менен саўаш қурыўдан алдын инам етеди. Дәстанда Туйғынға: «Кәрўан басына ис түскенде, қашса ‒ қутылатуғын, қуўса жететуғын Туйғын деген тулпары бар еди» деп тәрийп бериледи. Бул әскерий ат Үсен кәрўанбасының тилинен барлық қаҳарманлық эпослардағы дәстүрий формаға сайтүрде төмендегише тәрийпленеди:
Тулпарыны сол кәрўан,
Дизгиннен алып келтирди,
Мақпалдан беллик салдырды,
Зербаптан терлик салдырды,
Алтын ерин салады,
Айылды жуптан шалады80.
Үсен Жәҳанша батырға да қатал саўаш ушын зәрүр болған қурал-жарақты берип, үстине саўыт кийдиреди. Дәстанда Жәҳаншаның ҳәм Туйғын аттың Арыслантуй менен оның сансыз әскерлери арасындағы саўашта Туйғын аттың оған тән болған күш – қудирети, сезгирлиги ҳәм саўашларда алған барлық тәжрийбеси аян болады. Дәстанда Туйғын аттың саўаш майданындағы ҳәрекети төмендегише бериледи:
Жәҳанша минген жәниўар,
Урыста жүрген ат еди,
Ат бир лаппа жатады,
Оқ үстинен өтеди,
Және турды секирип,
Жалын тарап жәниўар,
Ийесине зәлел болмағанын,
Ат жәниўар биледи81.
Туйғын ат Жәҳаншаның Арыслантуй менен болған саўашында шешиўши әҳмийетке ийе болады. Әдетте көпшилик қаҳарманлық дәстанларда атлар батырдың жекпе-жек гүреси эпизодында көбирек сәўлеленеди. Туйғын аттың Арыслантуйдың сансыз әскерлери менен болған саўаш фонында келтирилиўи аттың саўаш майданындағы ҳәрекетлери бизге түркий халықлардың тарийхый турмысының ажыралмас бөлеги болған әскерий демократия дәўирининдеги айрықша таярлыққа ийе атлы әскерлерден дүзилген армия традициясын еслетеди.
Улыўмаластырып айтқанда, Жәҳаншаның Туйғын аты түркий халықлардың усы әскерий демократия дәўиринде алып барған есапсыз тарийхый саўашларында қатнасқан атлардың халық ядында сақланған ҳәм улыўмаластырылған «әскерий ат» белгилерин өзинде сақлаған эпик образы есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |