Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


«Жәҳанша» дәстанындағы образлар системасы



Download 292,3 Kb.
bet21/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

2.3. «Жәҳанша» дәстанындағы образлар системасы
Улыўма қаҳараманлық эпослардың образлар дүньясы оларды дөретиўдеги халыктың арзыў-әрманлары, ой-тилеклери менен ушласқан болады. Фольклорист алым Қ.Мақсетов қаҳарманлық эпосларда ҳәм улыўма қарақалпақ аўызеки халық дөретиўшилигинде қаҳарманлық образлардың дөрелиўи ҳаққында төмендегидей шешимлерди береди: “халықтың тәғдириндеги ишки ҳәм сыртқы қарама-қарсылықлар тийкарында әдилликке умтылыў идеясы сол халықтың барлық арзыў-әрманларын өз бойына сиңирген халық ушын, ел ушын жан беретуғын, жеңилмейтуғын қүдиретли күшке ийе батырлардың умытылмас образларын дөреткен ҳәм ол геройларды халықтың парахат өмир сүриўи ушын кесент беретуғын халық жаўларына қарсы қояды, бундай алдынғы қатардағы идея ең жақсы халық тәрепинен дөретилген батырлардың образлары арқалы иске асырылған”82. Қарақалпақ халқының өткендеги баҳалы мийрасының эпикалық формалары арасында ең баҳалы дөретпелерден есапланған «Жаҳанша» дәстанындағы образлар да алым дурыс белгилеп берген жоқарыдағы мақсетлерден келип шығып дөретилген.
«Жәҳанша»да усы дәстан бас қаҳарманының халық түсинигиндеги идеаллар негизинде турмыс шынлығы эпикалық формада кең планда алынып, оның туўылыўы, есейиўи, ер жетиўи, жигит болыўы ҳәм ел ағасы дәрежесине көтерилиўи, яғный пүткил Шынытатар (ноғай) елине хан болып сайланыўы менен байланыслы ўақыялардың барлығы халық турмысына тән болған тарыйхый шәраят, тарыйхый ҳақыйқатлық, фольклорлық дөретпелериндеги инсан образын жасаў принциплерине бойсындырылған83.
Жәҳанша туўылғанында, перзентли болып қуўанышқа бөленген нәрестениң ата-анасы ‒ Сәнгилбай менен оның зайыбы Ақбилек дәбдебели той берип, жыйналған халықтан балаға ат қойыўды сорайды. Халық Сәңгилбайдың баласына «Жәҳанша» деп ат қояды. «Жәҳән» ‒ пүткил әлем, кең дүньядеген түсиникти аңлатса, «ша»,яғный «шах» ‒ ел басқарыўшы патша, хан деген мағананы аңлатады. Демек, бас қаҳарман «Жәҳанша» ‒ пүткил әлемниң пәтшасы, жәҳәнди басқарыўшы деген мәни береди. Бул символлық атама дәстанның толық мазмунын өзинде қамыйды. Себеби, ҳақыйқатында да, дәстанның финал бөлиминде Жәҳаншаның өз атына сай абырой-атаққа, жоқары мәртебеге ерискениниң гүўасы боламыз. Және де Жәҳанша атамасына илим-билимди де ийелеген, өзинде даналықты жәмлеген, ақыл-парасаттың да ийеси, ҳүкимдары деген образлық мәни жүклетилген. Инсанның усындай дәрежеге ерисиўи басқа да дәстанларға тән болған бир қанша бөрттирилген, гиперболизацияланған ҳалда болса да, онда халықтың арзыў-әрманы, үмитлери, жанлы реал характерлери, эстетикалық идеалы менен тығыз байланыслы болған өмир шынлығы таңбаланған болып, қаҳарманның образы ‒усылардың эпикалық фольклордағы сәўлеси екенлиги анық.
Әлбетте, биз дәстандағы қаҳарманлар образы туўралы сөз еткенимизде, өмир шынлығына, объективликке тийкарланған қаҳарманлардың гейпара унамлы ҳәм унамсыз тәреплерине, яғный, дәстан атқарыўшысы менен дөретиўшисин инсан характерлерине көркем-эстетикалық қатнасындағы реализмге баслы дыққат аўдарыўымыз шәрт. Бирақ та, фольклорлық әдебий қаҳарманлар образын жасаў мәселесинде халық идеалын көзде тутып таллаў жүргизгенимиз мақул. Себеби, ҳәр қандай фольклорлық дөретпеде халықтың арзыў-әрманлары, олардың келешекке болған мақсет ҳәм тилеклери ең баслы орында сүўретленеди. Бул принцип фольклорист алым Қ.Мақсетов тәрепинен былайынша көрсетилген: «Әдебий шығармаларда сәўлеленген адам тулғасы, бизге эмоционаллық күши менен тәсир етеди, реал ҳақыйқатлықты образ бенен бериў арқалы адамда айрықша ой пайда етеди. Көркем жазба әдебияттағы ҳәм фольклордағы эстетикалық белгиниң ең үлкен көриниси көркем образлар жәрдеми менен күшли тәсир етиўи арқалы белгиленеди».84
Дәстанның бас қаҳарманы Жәҳаншаның күн сайы үлкейип, кәмил инсан болып жетисиўи эпик қаҳарман ушын тән болған дәстүрли усыллар менен баян етиледи ҳәм қаҳарман образының усындай тез пәт пенен раўажланыўының сюжет барысында сүўретлениўи фольклорлық типтеги образ жасаўда характерли болған типлик қубылыс екенлиги мәлим.
Дәстанда ең алды менен қаҳарманның физикалық күш-қүдирети, шаққанлығы, мәртлиги биринши орынға қойып ашып берилген: яғный Жәҳаншаның ылақ ойынында көзге түсиўи, аўыллас досты Ерланның усынысы менен қоңсы елатқа барып ат шабыў, ылақ ойнаў сыяқлы жигитлик өнериндеги Жәҳаншаның артықшалығының ашып берилиўи мақсетке мүўапық. Усының менен бирге, дәстан қаҳарманының илим-билимге болған интасы ҳаққындағы эпикалық баянлаўлар синтетикалық мазмунға ийе болып, қаҳарманның буннан былайғы ҳәрекетлерине жол ашып береди.
Дәстандағы образлар системасын көзден кеширгенимизде, тийкарғы образлары болған бас қаҳарман Жәҳанша, орта ҳаллы шарўа адам Сәнгилбай, оның иниси Қарабай, кәрўан басы Үсенбек, ҳәр қыйлы оқымыслы устаз-моллалар, Шынытатар ели патшасының қызы ‒ өзи сулыў, өзи ақыллы, әдалатлықты күсеўши қыз Зәўрия, Үсенбектиң қызы Гүлнәҳар, дәўлер менен шопанлар ‒ мине, булардың барлығы реалистлик өмир шынлығына жақынластырылып алынған образлар болып, олар арасындағы қарым-қатнас пенен қарама-қарсылықлар арқалы адам баласының ишки руўҳый әлеминиң өзиншеликлери, олардың даралығы ашып берилген.
Дәстанда Жәҳанша образының қаҳарманлық, батырлыққа бейим өзиншелиги жүз берген ўақыялар арқалы айқынластырлады.


Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish