Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Жәҳаншаның Шын-машынға сапары



Download 292,3 Kb.
bet17/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Жәҳаншаның Шын-машынға сапары. Батырдың жат журтқа саяхаты барлық қаҳарманлық эпослар ушын тән мотивлерден болып, өз мурат мақсетлерин әмелге асырыў жолындағы ҳәрекетлери менен тығыз байланыста бериледи. «Жәҳанша» дәстанының сюжет линиясы батырдың сапарына байланыслы болған еки мотивке жүгиндирилген. Олардың бириншиси ‒ Жәҳаншаның илим-билим алыў жолында Шын-машынға атланыўы ҳәм екиншиси ‒ батырдың өз қалыңлығын излеп Шынмашынға сапар шегиўи. Дәстан сюжетиндеги ўақыялардың избе-излиги бойынша батырдың Шынмашынға сапар етиўи ‒ дәстан сюжетиниң тийкарғы өзеги, оның ядросы болып, ол ўақыялардың буннан былай раўажланыўында ҳәм шешим табыўында, соның менен бирге дәстанда алға қойылған идеяны сәўлелендириўде айрықша әҳмийетке ийе. Әдетте, қаҳарманлық эпоста батырдың келешекте қандай инсан болып жетисиўи оның балалық шағынан-ақ көрине баслайды. Қаҳарманлық эпос батырлары еле гөдеклик ўақтынан баслап-ақ өзлериниң физикалық күшке ийе екенин көрсете баслайды. «Жәҳанша» дәстанында қаҳарманлық тек физикалық күш пенен ғана емес, ал оған қосымша билим, өнер ийелеў батырдың қудиретиниң нышаны сыпатында сүўретленетуңынын биз жоқарғы бапларда белгилеп өткен едик. Басқа дәстан қахарманлары сыяқлы Жәҳанша балалық ўақтынан-ақ билим ийелеўге ықласланады ҳәм өз максетине жетиўге умтылады. Дәстандағы бул баслы идеяны жүзеге асырыў ушын, жыраўлар әййемги Түрк қағанлығы дәўиринде түрк қәўимлери менен сиясий ҳәм мәдений қатнасықта болған Шын империясы менен байланыслы ўақыялардың халық аўызеки әдебиятындағы көриниси есапланған әпсана, ертеклик сюжетлерден пайдаланған ҳәм оларды дәстан жанры талапларына сай қайта ислеген. Орта Азия халықлары ертеклик фольклорында басқа қалаға барып өнер үйренип қайтқан бала темасы күтә кең таралған болып, қарақалпақ фольклорында бул «Өнерли бала», «Әминбай» ертеклеринде орын алған. Усы тема «Жәҳанша» дәстанында тийкарғы сюжет пайда етиўши мотив ретинде хызмет атқарған. Әдетте, бул мотивтиң ертеклик («Өнерли бала», «Әминбай») формаларында өз алдына билим алыўды ҳәм өнер үйрениўди мақсет етип қойған қаҳарманның устазы образы берилмеген. Ал, «Жәҳанша»дәстанында болса, бул образ қаҳарманның батыр, өткир ақыл-сана ийеси ретинде қәлиплесиўинде үлкен роль ойнаған. Жәҳаншаға устазлық еткен Әзим устаз бенен Омман баба образларын басқа дәстүрий қаҳарманлық дәстанлардағы батырдың иләҳий күшке ийе әмеңгери көринисиниң соңғы, реалистлик бағдардың тәсиринде трансформацияға ушыраған формасы, деп тастыйықлаўға болады. Омман баба Жәҳаншаны өз перзентиндей көрип, оның руўхый мәдаткары дәрежесине көтерилген образ есапланады. Омман батырды Шын-машын қаласының ең бай адамларының бири болған Асқар байдың ерке, өзимшил Гүлнәҳәрдиң тәсиринен де қутқарып, мақсетлериниңиске асырыўында жәрдем береди. Бул образлардың дәстанға енгизилиўи қарақалпақ қаҳарманлық эпосының образлар системасы эволюциясында жаңалық есапланады. Жәҳанша Шын-машыннан қайтып келгеннен кейин өз жақынлары ‒ әкеси ҳәм оның иниси Қарабайдың наразылығына дус болады. Қарабай Жәҳаншаны пүткил елдиң алдында әкесиниң дүнья-малын бийҳуўда нәрселерге жумсайтугын жеңилтек перзент сыпатында танытады ҳәм батырдың өзелинен пүткиллей бас алып шығынып кетиўине себепши болады. Дәстандағы бул конфликтли ситуация дәстан сюжетиндеги ўақыялардың буннан кейинги раўажландырыў бағдары болған – батырдың өз қалыңлығын излеп Шынытатар елине сапар етиўи менен байланыслы мотивке тийкар жаратады.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish