Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet13/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

Дәстан композициясы. «Жәҳанша» дәстанының композициялық қурылысы дәстүрий эпикалық үлгидеги қаҳарманның туўылыўы – яғный ўақыяның басланыўынан баслап, қаҳарманның мурат-мақсетине жетиўи менен жуўмақланыўшы сюжетлик ўақыялар тийкарында қәлиплескен. Ўақыялардың раўажланыўы, шийеленисиўи тек бир бағдарда емес, Жәҳаншаның ҳәр бир шет елге сапары тийкарында бериледи. Яғный, дәстанда Жәҳанша төрт рет сапарға шыққан болса, ҳәр биринде өз алдына конфликтли ўақыялар ҳәм олардың шийеленисиўи ҳәм шешими бериледи. Яғный, дәстан композициясында конфликттиң берилиўинде тиккелей сапар мотивлери көркемлик хызмет атқарған. Дәстан композициясының усындай бир неше кульминацион ҳәм шешимли ўақыяларға курылыўы дәстанның тыңлаўшыны зериктирмейтуғын дәрежеде қызықлы болып шығыўын тәмийнлеген.
Дәстан дөретиўде жыраўлар тийкарынан еки түрли қосық формасынан пайдаланған. Бул формалар улыўма қарақалпақ дәстанлары ушын традицион формалар есапланады. Олардың бириншиси – терме – толғаў формасы. Дәстанларда қолланылған бул форма ең биринши мәртебе Қ. Мақсетов тәрепинен шәртли түрде усы атама менен қолланылған50. Дәстан композициясында қолланылған қосықтың және бир түри бул – төрт қатарлы он бир буўыннан ибарат қосықлар формасы. Басқа қарақалпақ жыраўлары қатарында Қурбанбай жыраўдың дөретиўшилик стилине де тән форма болып, оның репертуарындағы көпшилик дәстанларда қолланылған. Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларындағы қосық формаларын кең түрде изертлеген Қ.Мақсетовтың көрсетип өтиўи бойынша бул форма импровизация ҳәм қобыз намалары ушын жүдә қолай форма есапланады51.
Дәстанның атқарылыўында жыраўшылық традициясы. Белгили бир жанрға тийисли фольклорлық дөретпениң атқарылыў өзгешелиги сол жанрдың жанрлық белгилериниң бири есапланады. Сол сыяқлы «Жәҳанша» дәстанының атқарылыў өзгешелиги оның дәстан жанры сыпатындағы тийкарғы критерияларының бири есапланады. «Жәҳанша» дәстаны да басқа қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары сыяқлы жыраўлар тәрепинен атқарылған. Оның қолда бар тексти Қурбанбай жыраўдан жазып алынған ҳәм дәстан бул жыраўдың репертуарында өзине тән орынға ийе дәстанлардан есапланады. Қурбанбай жыраўдың усы дәстанның соңғы бөлиминде берген мағлыўматына қарағанда ол устазлардан шәкиртлерге өтип узақ ўақытлар даўамында вариантласып келген. Оның соңғы варианты Қурбанбай жыраў репертуарына өткен. Бул факт дәстанның бир неше әўлад жыраўлардың репертуарында жасағанын ҳәм ҳәрбир жыраў репертуарында өзине тән вариантларға ийе болғанлығын көрсетеди. Дәстан басқа қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары сыяқлы қобыз әсбабы менен атқарылған. Әсирлер даўамында қәлиплескен қаҳарманлық дәстанларды атқарыў традициясы бул саз әсбабының басқа әсбаплар қатарында ең ески түри сыпатында белгиленген. Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының атқарыўшылары тәрепинен усы әсбапта атқарылыў традициясы турақлы сақланып қалған. Қ.Мақсетовтың берген мағлыўматы бойынша қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының барлығы қобыз бенен атқарылады. Олардың ишиндеги қосықлардың ҳәммеси қобыз намаларына қурылған. Дәстанлардағы қаҳарманлардың қуўанышы менен қайғысы, әрманы менен ойлары, ҳәрекети, жүриси, қаҳарманлық ислери, өз елине болған сүйиўшилиги, душпанды жеккөриўшилиги, туўған елдиң, өскен жердиң көркем тәбиятын сүўретлеўлери қобыз намасына үйлеседи52.
Қолда бар мағлыўматларға қарағанда, қарақалпақ жыраўларының атқарыўшылық традициясында ҳәзирги ўақытта жүзден аслам қобыз намалары бар. Усы жерде дыққатқа ылайық нәрсе бул бул намалардың белгили бир жыраў аты менен байланысып келиўи, яғный көпшилик намалардың белгили бир жыраў аты менен аталыўы. Бул нәрсе жыраўлардытек ғана импровизатолық ғана емес, ал композиторлық уқыптың барлығын дәллиллейди. Бул факт қарақалпақ жыраўлары арасында өзи атқарып атырған дәстанның поэтикалық өзгешелигине қарай архаик түп нусқа есапланған қобыз намасынын қайта ислеў арқалы жаңа вариантларды жаратқанын билиўге болады. Қ.Мақсетовтың көрсетип өткениндей, дәстан атқарылғанда жыраў дәстан текстиниң мазмунына қарай соған сай қобыз намасын таңлап алып атқарған. Илимпаз қобыз намаларының атларын келтирип өткенде олардың арасында «Айтуўар намасы», «Нурабылла намасы» сыяқлы намаларды да атап өтеди. Бизде «Жәҳанша» дәстанының қобыз бенен атқарылыў пайытында жазылып алынған аудио жазбасы жоқ. Биз Қурбанбай жыраўдың дәстанды қайсы қобыз намасы менен атқарғанлығы ҳаққында мағлыўматқа ийе емеспиз. Бирақ ҳәрбир жыраўшылық мектебиниң өз дәстанлар репертарына қарай тек сол жыраўшылық мектебине тән болған қобыз намалары репертуарының болғанлығын билемиз. Белгили қарақалпақ жыраўы Есемурат жыраў өз устазы Нурабылла жыраўдың традициясын сақлағанын айта келип, жыраўдың композиторлық талантына жүдә жоқары баҳа береди. Нурабылла бақсы «Жәҳанша» дәстанын атқарған Қурбанбай жыраўдың устазы болған. Бул Қурбанбай жыраўдың да өз гезегинде Нурабылла атқарған қобыз намаларына тийисли традицияны қабыл еткенин ҳәм ол атқарған қобыз намалары тийкарында «Жәҳанша» дәстанын атқарған деген жуўмаққа келиў мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта кобыз намаларының жырланыў өзгешелиги, дәстанда намалардың орналасыў тәртиби, қобыз намаларын классификациялаў, оны илим дәрежесине көтериў мәселелери фольклоршы алым С.Баҳадырованың теориялық ҳәм әмелий изленислеринен терең орын алған. Ол өз мийнетинде 123 атамадағы жыраў намаларын анықлап шыққан ҳәм оларға илимий түсиниклер берген. Деген менен, бул жыраў намаларының барлығы емес, келешекте де олардың табылыў мүмкиншилигин автор қатаң ескертип өтеди53. «Жәҳанша» дәстанында көркемлиги жағынан да, көлеми жағынанда алдағы ўақытлары жыраў пайдаланған намаларды үйрениў илажлары да табылыўы мүмкин. Себеби, дәстан әмелий әҳмийеттеги бай мағлыўматларға ийе.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish