Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»


Дәстан тилинде прозалық ҳәм поэзиялық баянлаў формаларының көркемлик хызметлери



Download 292,3 Kb.
bet25/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

3.2. Дәстан тилинде прозалық ҳәм поэзиялық баянлаў формаларының көркемлик хызметлери
Ҳәр қандай шығарманың поэтикасы, оның барлық ишки комопонентлериниң бир-бирине сәйкес түрде дүзилиўин, яғный бир сөз бенен айтқанда оның эстетикалық тартымлылығын түсинемиз. Сонлықтан да бул әдебияттаныў илимий менен философияда «эстетика» түсиниги ҳәм сол термин менен қатарма-қатар, гейде синонимлик сыпатларда қолланылып, ислетилип келмекте. Усы көз-қараслардан алып қарағанда қарақалпақ фольклорының көлемли дөретпелеринен бири болған «Жәҳанша» дәстанының ишки жанрлық тәбиятындағы формалар: ишки қурылысындағы қосық, поэзия менен қара сөздиң араласып келиўи, прозалық баянлаў үлгилериндеги көркем сөз тип типлериниң поэтикалық функцияларына, қосық қурылысының өзиншелликлери мәселелерине анықлық киргизиўди мақсетке муўапық деп есаплаймыз.
Усыған қосымша айтарымыз, дөретпениң сюжетлик, конфликтлик, композициялық шеберлиги мәселесин таллағанда сүўретлеў усылларының көп түрлилиги болып есапланған еки-үш қаҳарманлардың диалогларын, жеке ярым ишки монологларын, олардың базда авторлық баянлаў менен берилиўлериниң өзиншеликлерин, хат формасы ҳәм базда орынлы композициялық функцияларда түс көриў, галлюцинациялық процесслер, көз алдынга келтириў, елеслердиң сүўретлеў қураллары сыпатында сюжетлик, конфликтлик, драматизмлик функциясына байланыслы мәселелерди еле де айқынластырыў нәзерде тутылады.
М.Әўезов қырғыз эпосы “Манас»тың атқарыўшыларын былайынша бөлип қарайды: бириншиси-джомокчуларды қосықшы импровизаторлар болып, оларды грек аэдларына теңейди, екиншиси-ырчыларды әпиўайы атқарыўшылар деп есаплап, грек рапсодлары менен салыстырады. Ырчылардың ядлап алған текстти ғана айтып жүретуғынын ескертеди120. Қурбанбай жыраўды қырғыз фольклорындагы джомокчу, грек аэдлары қатарына киргизиў мүмкин. Себеби,”Жәҳанша” дәстанының поэтикалық баянлаў усылы, сюжетлик қурылысы, мотив ҳам образлар системасы, көркем тилиндеги басқа дәстанлардан өзгешелиги усылайынша жуўмақ шығарыўымызға толық мүмкиншилик береди.
Ең дәслеп дәстандағы поэтик формалардың әҳмийетлиси, олардың бирден көзге тасланатуғын түри бул шығармада қосық пенен қара сөздиң басқа дәстанлар сыяқлы араластырылып берилиў дәстүри болып есапланады. Өзбек илимпазы М.Саидова: «Түркий халықлар дəстанларының өзгешелик тəреплериниң бири – проза менен поэзияның араластырылып жазылыўы... Дəстанлардағы наср ҳəм назм бөлеклериниң əҳмийети – эпикалық баянда тутқан орны ҳəм көркемлик жақтан бир көринисли əҳмийетке ийе»121 екенлигин айтып өтеди. Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының басым көпшилиги қара сөз яғный проза ҳәм қосықтың араласып келиўинен турады. Әлбетте бунда, қосықлық яғный, поэзиялық қатарлардың әҳмийети – оның ең алды менен уйқасы ҳәм қатар санларының турақлылығы арқалы қулаққа жағымлы ырғақты бере алыўы, ал қара сөз яки прозалық баянлаўлардың болса, гейпара сюжетлик деталларды, ўақыялар менен екинши бир ўақыяларды, екинши бир сюжетлик желисти байланыстырыўшылық хызметлери, сондай-ақ, базы бир қаҳарманлардың ишки руўҳый, психологиялық халатларына авторлық психологиялық минезлеме-характеристикалар, мағлыўматнамалар бериў сыяқлы функцияларды атқарыўы үлкен поэтикалық орын тутады.
Дәстандағы поэзиялық баянлаў типинде тийкарынан 7-8 буўынлы қосық қатарлары кең қолланылған. Терме толғаўлар формасындағы 7-8 буўынлы қосықлар тек ғана қарақалпақ фольклорында ғана емес, ал ескиден сақланып киятырған басқа да түркий тиллес халықлар фольклорындағы дәстанлар ушын да тән форма есапланады. «Жәҳанша» дәстанында да терме толғаў формасы тийкарынан дәстан сюжетиндеги ўақыяларды баянлаў, соның менен бирге бас қаҳарман ҳәм персонажлардың ўақыяларға қатнаслы монолог ҳәм диалогларын бериў функциясын атқарған. Ўақыяларды баянлаўда қолланылған бул формада уйқас усы форманың өзине тән өзгешелигине қарай еркин уйқас формасында келген.
Терме – толғаўлардың баслы өзгешелиги буўын санының қатарлардағы бирдейлиги. Бирак, уйқас терме-толғаўларда бирдей емес. «Жәҳанша» дәстанында да усы дәстүрий форма қолланылған болып, оның ырғақлық, уйқаслық қурылысы басқа қарақалпақ дәстанларындағы формалары менен сәйкес келеди. Олардың поэтикалық функциялары соннан ибарат, бундай поэзиялық баянлаўлар арқалы сюжетлик ўақыялар сүўретленген, конфликтлер берилген, образлар сыпатланған, қаҳарманлардың ишки әлеми жеткерилип берилген. Усындай поэтикалық функцияларды орынлаўда поэзиялық баянлаў тилинде диалоглар, ярым ишки монологлар, жийи қолланылған.
Жыраўдың поэзиялық баянлаўларында дәстан ўақыяларының шийеленисиўи, конфликт сүўретленеди. Бунда қарақалпақ халық дәстанларындағы дәстүрий эпикалық баянлаўдың 7-8 буўынлы, шубыртпалы уйқаслы қосық формасы танланады. Мысалы:

Тамам қылып бул сөзди,
Шийрин жанды қыйнады,
Булда дәркар болар деп.
Белине сонда Жәҳанша,
Ол қудықтың ишинде,
Келте шәмшир байлады,
Китабын салып қойнына,
Тәсписин асып мойнына,
Кәрўанға қарап сөйледи;

-Аяғымнан байлайгөр,
Қолымды босат жан ата,
Та қудықққа түскенше,
Семсер сермеп бараман,
Тилиме олар түсинсе.
Сөз бенен ақылын аламан,
- дейип сонда Жәҳанша,
Аяғынан байлатып,
Қудыққа қылды тәўекел122.

Бунда Жәҳаншаның ишки ойлағанлары жыраў тәрепинен «деп, дейип» дәнекерлери жәрдеминде бериледи. Ҳақыйқатында да, Жәҳаншаның алдын ала ойлап, гүмән келтиргениндей-ақ, сюжеттиң усы мәҳәллериндеги сумлығы басым, өтирикшилиги көрилмеген дәрежеде шайтанлықа жақын Үсенбек қыл арқанды кесип, Жәҳаншаны қудықтың ишине таслап набыт болыўын ойлайды ҳәм сол бузық нийетин иске асырады. Усындай дәстанның драматизмге толы орынларында орта буўынлы (7-8 буўынлы) поэзиялық үлгининиң қолланылыў ўақыялардағы кескинликти, динамикалылықты асырып бериў ушын таңланған усыл сыпатында баҳаласақ болады. Себеби, жети-сегиз буўынлы қосық формасы ўақыя динамизмин ҳәм қаҳарманның айтқан сөзлери менен, руўҳый дүньясын айқын сәўлелендириўге қолайлы поэтикалық форма. Усы форма әсиресе, қаҳарманлардың ишки дүньясын сүўретлеп бериўде жийи қолланғанлығын байқадық. Атап айтқанда, дәстанда гәўирлердиң де ишки руўҳыйлық, психологиялық кеширмелерин бериў ушын поэтикалық хызмет атқарады. Мысалы:

Шелекти асып мойнына,
Арқанды тутып көп адам,
Жәҳаншаны жиберди,
Қараңғылық қойнына,
Қан сорғыш болған гәўирдиң,
Сарай жайы бар еди,
Сарайдағы гәўирлер,
-Бир жақсы келди бунда-деп,
Терезеден қарады,
Сәлем берип, дуўа оқып,
Киятырған балаға,

Қайта-қайта қарады,
Қуўанысып шад болып,
Қудыққа түсти Жәҳанша,
Дизеден суўы бар еди,
Ултандағы тасларға,
Шелекти басып толтырып,
Аяқты шешип арқанды,
Жиберип турды кәрўанға,
Әне-мине дегенше,
Қырық бир шелек жиберди123.

Дәстанның поэзиялық баянлаў типинде 7-8 буўынлы қосық қатарлары көпшилик ўақытта сюжетлик баянлаўға қаратылған болып, онда қолланылған азы-кем диалоглар да сап ҳалында емес, ал атқарыўшы (баянлаўшы) тарепинен өзлестирилген диалоглар болып табылады. Мысалы:



Бул гәплерди еситип,
Зәўриядай сәрбиназ,
Қумар көзди жаслады,
Аттан бойын таслады,
Ол бабаны қушақлап,
Дийдарына тояды,
-Гүнәкар болдым ата,- деп

Аяғына бас қойды,
-Айнанайын ата деп,
Жылағанын қоймады,
Жубаталмай Сәңгилбай,
Бир сөз айтты сол ўақта,
Бул келиним екен деп,
Зәўрияға сөйледи.







Мысалда берилген «-Гүнәкар болдым ата,- деп» деген сыяқлы қаҳарманлардың басқаларға қаратылған диалоглары атқарыўшы тәрепинен «деп» көмекши сөзи менен өзлестирилген гәп формасында шубыртпалы уйқаслы толғаў үлгисиндеги поэзиялық баянлаўларда берилип барылады.
Дәстанда ҳәрекет динамикасын сүўретлеў айрықша орын ийелейди. Бул бағдардағы баянлаўларда поэзиялық баянлаў типиниң 7-8 буўынлы толғаўлық үлгиси поэтикалық мақсетте қолланылған. Қараңыз:

Бирин-бири танысып,
Атасын келин көрген соң,
Келинди қәйин ата билген соң,
Бир-бирине уласып,
Қушақласып жыласып,
Турды дейди сол заман,
Ақылы асқан Зәўрия,
Қәйин ата менен қәйин ене,
Айтып сөзлердиң қымбатын,
Нарларын жерге шөктирип,

Жақсы тахам иширип,
Аштан қалған халықты,
Нан менен гөшке тойдырып,
Турған ўақты Зәўрия,
Көш кейнинен ат шаўып,
Келе берди Жәҳанша,
Аттан өзин таслады,
Аттан түсер ўақтында,
Секирип турып Зәўрия,
Сүйеп оны алады124.

Усы сыяқлы 7-8 буўынлы толғаўлық поэтикалық үлги «Жәҳанша» дәстандағы унамлы қаҳарманлардың, айрықша, Жәҳаншаның белгили бир сапарларға, жеңисли қайтатуғын орынларға атланып баратырғандағы жүрислер, ямаса оның өз душпанлары үстинен жеңиске ерисип, ендиги сапарларға атланыў темпин өзгеше бир ырғақ ҳәм пафос пенен сәўлелендирип бериўде, яғный дәстанның айрықша ҳәрекетлер динамикасын сүўретлеўде жийи қолланылып, оның мазмунына күшли эстетикалық тәсир жасап, эпикалық дөретпениң поэтикалық желислерин барынша көркемлестириўге хызмет етеди.
Халық, миллет идеалының негизги концептуал, принципиал, идеялық-эстетикалық бағытларының бирин аңлататуғын бираз қыйыншылықлардан кейин жеңиске ерискенлик салтанатын белгилеўши той мотиви тутасы менен ҳәр бир дәстан ушын характерли белгилер болып табылады. «Жәҳанша» дәстанында да усы усыл айрықша итибарға алынған деп айта аламыз. Оның өзгешелиги сонда, финал ўақыялары Жәҳанша менен Заурияның бирге шаңарақ болыўы, еки елдиң бирлесиўи менен жуўмақланыўында болып есапланады. Усындай дәстандағы шешиўши әҳмийетке ийе болған орынлар да тийкарынан дәстүрий эпикалық үлгидеги сыяқлы толғаўлық формадағы поэзиялық баянлаў көринисинде жырланған:

Бул гәплерди айтқанда,
Татар ели қуўанды,
Көрсек дейип турғанды,
Ҳаял менен балалар,
Сазды шертип жигитлер.
Таяғын былғап бабалар,
Гүл көтерип қызлары,
Жәҳаншаны қарсы алып,
Түрли сазлар шертилип,
Татар елдиң сазлары,
Тамам жерде айтылды,
Сәңгилбайдай бул баба,
Қуўаныштан көзине,
Жаслар келип турады,
Татар ели шәҳәри,
Адамға қалмай толады,
Ақтолқындай кемпирден,

Орамал-саўға сорады,
Сақый еди бәйбише,
Айтқанларын береди,
Атларын шаўып барады,
Жәҳаншаның күшине,
Халықлар ҳайран қалады,
Ура Төбе елине,
Ақ сарайдан жай берди,
Қурды саз ҳәм сәўбетти,
Үш күн, үш түн аянбай,
Халқына етти хызметти,
Паразат болып уласты,
Еки елдиң халықлары,
Урыўларын сорасып,
Ағайын болып танысты,
Қуўанысып қалысты125.

Келтирилген дәстан текстлеринде болып атырған ўақыяның үлкен қызыққанлы түрде баянланыўы жағынан дәстүрли эпикалық жуўмақты тастыйықлайтуғын өзгешеликлери менен анық көзге тасланады. Бир тутас ўақыялық ис-ҳәректлер менен жеке-жеке қыймыл қозғалыс деталлары жүдә актив ҳәм орынлы түрде тәбийғый пайдаланылған ҳәм бундай ҳалатлар поэзиялық баянлаў формасының 7-8 буўынлы қосық үлгисинде берилиўи әҳмийетли. «Жәҳанша» дәстанындағы усындай көркем сүўретлеўлер, эмоциялы орынлар дөретпениң улыўма сюжетлик, конфликтлик, композициялық тутаслығына жарасымлы формада кең енгизилген ҳәм өз баянлаў усылы менен айрықшаланады.
«Жәҳанша» дәстанындағы поэзиялық баянлаўлар менен берилген текстлерде көркем сүўретлеў қураллары прозалық баянлаўлар менен берилген текстлерге қарағанда көбирек берилген. Ал, прозалық баянлаўлардағы көркемлилик тийкарынан көркем сүўретлеў усыллары арқалы тәмийнленген. Дәстан тилинде барлық эпикалық дәстанлар ушын тән болған «шийрин жан», «жасыл қамқа тон», «қара нар», «палўан жигит», «толықсып аққан дәрья», «жүз тоқсанлық жорға» ҳәм т.б. толып атырған эпитетлер қолланылған. Деген менен, теңеўлер ҳаққында булай деп болмайды. Дәстанда теңеўлерди пайда етиўши «-дай, -дей» қосымтасы әдеттеги формада теңеў ушын қолланыў менен бирге, гейде сөзлердиң қаҳарманға күшейтиўшилик, ажыратып турыўшылық мәни жүклетиў ўазыйпасында да қолланылады. Салыстырамы:

  1. Сынған муздай гүңиренип,

Нар түйедей ыңыранып,
Өр текедей керилип126

  1. Бул гәплерди еситип,

Зәўриядай сәрбиназ,
Қумар көзди жаслады,
Биринши мысалда берилген «муздай», «түйедей», «текедей» сөзлеринде «-дай», «-дей» қосымталары теңеўлик хызмет атқарған. Ал екинши мысалда «-дай» қосымтасы тыңлаўшының дыққатын қаҳарманға қаратыў, қаҳарманның образын еле де күшейтип бериў ушын қолланылған. Екинши мысалдағы «-дай» қосымтасы теңеўлик ўазыйпада қолланылмаған. Ал, теңеўлик косымталы сөзлер атлық яки алмасық сөзлер менен дизбеклесип келип эпитетлик сыпат алған. Усы сыяқлы дәстанның көркем тилинде Қурбанбай жыраўдың жыраўшылық шеберлигине байланыслы өзгешеликлер ушырасып турады ҳәм бул қосымтаның биз айтып өткен екинши функциясында (эпитетлтк) дәстанда бастан-аяқ тек ғана қаҳарман атына қосылған ҳалда қолланылғанын ушыратамыз (Ақтолқындай кемпирден, Сәңгилбайдай бул баба, Жәҳаншадай бул бала) ҳәм жаңадан эпитетлер жасалғанының гүўасы боламыз.
Биз дәстан тилиндеги көркемликти тәмийнлеп турған барлық көркем сүўретлеў қуралларына тоқтап өтпекши емеспиз. Себеби, дәстан тилинде эпитетлер, метафоралар, теңеўлер, метонимия, синекдоҳа, символлар жүдә көп болып, олардың ҳәр бир системалы түрде үйрениўди талап етеди. Себеби, дастанда қолланылған ҳәр бир көркемлеў куралының өз алдына эволюциясы, классификациясы, типологиялық белгилери бар ҳәм олардың системалы толық түрде үйренилиўи дәстанның көркем поэтикалық дүньясын тутасы менен ашып бериўде әҳмийетли. Сонлықтан, бул мәселе өз алдына кең түрде изертлеўди талап ететуғын перспективалы мәселе болып табылады.
Жәҳанша дәстанында қолланылған поэзиялық баянлаўлардағы қосықтың екинши формасы он бир буўынлы төрт катарлы қосықлар болып, форма тийкарынан дәстан текстинде қаҳарман ҳәм басқа персонажлардың ишки кеширмелери, кеўил күйи, олардың өзлерине, дәстанда жүз берип атырған ўақыяға болған қатнасы сәўлеленген. «Жәҳанша» дәстанында бул форманың қолланылыўының өзине тән өзгешелиги болып, онда төрт қатардың дәслепки еки қатарында романтикалық дәстанларға тән «Келген жерим гүллер менен лалазар, бул жерлерди көрсе ашық қуўанар», «Ашықтың пидәды яр ушын жаны, Айдай сулыў ашықтың жамалы» формасындағы ҳәм мазмунындағы турақлы формулалалар жийи қолланылған. Соның менен бирге дәстанда тийкарынан қаҳарманлардың диалоглары усы он бир буўынлы, төрт қатарлы косық үлгисинде берилген. Яғный, дәстандағы он бир буўынлы төрт қатарлы поэзиялық баянлаўлар көбирек қаҳарманлардың диалоги яки монологин бериў ушын көркем хызмет атқарған. Мысалы:
– Жақсылардың жүрген жолы лалазар,
Жаман менен жолдас болсаң “аҳ” урар,
Көзимниң рәўшаны, жаным Жәҳанша,
Атаңыздың саған айтар сөзи бар.

Ҳәр сөзиме қулақ салдың перзентим,


Рүстемдей көрдим сениң ғайратың,
Сақлап мениң душпанлардан жанымды.
Сен болмасаң қайтар мениң дәўлетим127.
Дәстан тилинде қолланылған диалогларда көпшилик орынларда қаҳарманлар тиккелей диалогқа түспейди, олардың арасында проза яки поэзия тили менен берилген жыраўдың сөзлери, яки баянлаўы араласып отырады. Мысалдағы Үсенбек басшылығындағы кәрўанның жолда уйқлап атырған Жәҳаншаны изине ертип алып, үш ағайынлы гәўир (дәў) жасап атырған жердеги алтынға батқан қудықтың тусына келгендеги диалог – Үсенбек тәрепинен Жәҳанша менен диалогқа кирисиўи ҳаққында да усыны айтыў мүмкин. Соған карамастан, оган жуўап ретиндеги диалогтың екинши қатнасыўшысы Жәҳаншаның айтқан сөзлерин аңлап алыўға болады:
– Әжел жетпей шықпас тәннен шийрин жан,
Мәртлер кешпес өлгенинше ўәдеден,
Бул жайларда көрсетейин ғайратты,
Тамашамды көриң мениң атажан.

Бул жайларды оқып билдим илимнен,


Ҳәр сумлықты шығар ата кеўлиңнен,
Көп маржанды алағойсаң жан ата,
Кесе гөрме қыл арқанды белимнен128.
Соның менен бирге поэзиялық баянлаў типиндеги он бир буўынлы поэзиялық баянлаў үлгилери болып атырған сюжетлик ситуацияларға персонажлардың қызғынлы қатнасларын тәмийинлеўши көркемлик ўазыйпаны атқарады. Бунда болып атырған ўақыяларға қаҳарманның қатнасы оның тилинен он бир буўынлы дәстүрий қосық үлгисинде бериледи. Мысалы:
-Ашықлық азабы отқа салады,
Саўаш күни мәрттиң мийри қанады,
Өлмей турып айтагөргил ай баба,
Мынаў көшлер қай еллерге барады.

Топ-топ болып кейни ада болмаған,


Бул халықтың қайсы елдур сапары,
Кәрўан десем, есабы жоқ, саны жоқ,
Доспа, душпан қайсы елге барады129.
«Жәҳанша» дәстанының поэзиялық баянлаў типиндеги қосықлық формалардың уйқас мәселесине келсек, шығармада көбирек он, он бир буўынлы қосықларда а,а,б,а түриндеги биргелкили уйқас формасын көбирек ушыратамыз. Олар бурыннан халықтың эстетикалық талғамына қонымлы болғанлықтан, көпшилик тыңлаўшы ҳәм оқыўшылар оларды тез ҳәм эмоционал түрде қабыл ететуғын болғанлықтан дәстанның косық қурылысында да усындай уйқас формалары жийи қолланылған. Мысалы:
Көп асырдың күннен-күнге дәртимди, /а/
Сен питкерип кеўлиңдеги шәртиңди, /а/
Балам Жәҳаншаның ғайып болыўы, /б/
Сеннен болды, балам соннан мертилди. /а/ 130
Бул дәстандағы Жәҳаншаның әкеси Сәңгилбайдың пикирлериниң турақласып, оның Жәҳанша өз елинен жоқ болып кетип, әке менен ана ярым жалаңаш, жоқшылық пенен дийўанашылықта жасап атырған ўақытта тосыннан Қарабай ағасының баласы Жәҳанша оларды биротала татар елине көширип алып кетиўге киятырғанда Қарабайдың туўысқан ағасынан баласының тири екенлигин хабарлап, сүйинши сорап турған ўақыттағы сөзлери еди. Бундағы пикирлердиң түсиниклилиги менен тыңлаўшы оқыўшыларға тыянақлы формадағы ойларды анық ҳәм түсиникли билдириўдеги таңланған поэтикалық формада уйқастың түрлери көбирек он бир буўынлы қатарларда а,а,б,а формасында болып қолланылған.
Сийрек жағдайда айырым орынларда он бир буўынлы қосықларда дәстүрий халық қосықларындағы бурыннан қәлиплескен а,а,а,б уйқас формасы да ушырасады.
Жоқарыда айтып өткенимиздей, дәстанда орта буўынлы толғаўлық үлгидеги қосық қатарлары көп орын алған. Олардың уйқасы мәселесине келетуғын болсақ, көбинесе шубыртпалы түрде толық емес уйқасыў тәртибинде қолланылғанын көремиз:

Бул гәплерди еситип,
Батыр туўған Жәҳанша,
Еки көзин жаслады,
Аттан өзин таслады,
-Айнанайын жан ата,
Қабыл болды көз-жасың,

-Балам дейип зарлаған,
Жаннан өтти даўысың,
Айнанайын жан ана,
Саламат пенен көристик,
Усы екен тәғдирим131.

Көпшилик қарақалпақ халық дәстанлары қосық қурылысындағы бундай үлгилерде әдетте буўын санлары теңлиги де, уйқасық та биргелки болмайды, ал биз мысалға алған қатарларда уйқасыў тәртиби биргелкили болмағаны менен, буўын санлары турақлы, яғный 7 буўыннан ибарат. Бул тәртип тек оныншы қатарда ғана бузылған (8 буўын). Фольклоршы алым Қ.Мақсетов дәстан қосық қурылысындағы усындай шубыртпалы уйқаслы қатарлардың көркемлик функциясын: «дәстанды жырлаўдағы импровизацияны жениллестириўге тийкарланған болыў керек»132 деп болжайды.


«Қаракалпақ дәстанлары көбинесе қосық пенен басланып, қосық пенен тамам болады…»133. Дерлик барлығы поэзиялық баянлаў усылында берилген «Қырық қыз» дәстаны да бар. Демек, қарақалпақ халық дәстанларының баянланыў формасында поэзиялық форма жетекшилик етеди. Соған қарамастан, дәстүрий эпикалық үлгиде көпшилик дәстанларда прозалық баянлаўлар да қолланылып отырады.
Дәстандағы қара сөздиң қолланылыўы, яғный прозалық баянлаў формасының берилиўи де өзине ылайық поэтикалық максетлер тийкарында әмелге асырылған. Басқа фольклортаныўшы алымлар қатарында Қ.Мақсетов та дәстанларда қолланылатуғын прозаны дәстан жанрының қәлиплесиў басқышында халық прозасы жанрлары есапланған ертек, әпсана, аңызлардың тәсири менен байланыстырады134. Илимпаз қарақалпақ ҳәм басқа да түркий тиллес халықлардың фольклорындағы дәстанлардағы прозаның дәстан текстиндеги функциясын үйренип шығып, «проза» сөзиниң орнына «жыраў сөзи» ҳәм «персонаж сөзи» терминлерин қолланыўды дурыс усыныс етеди. Себеби, дерлик проза орын алған барлық қарақалпақ дәстанларында проза структурасы жыраўдың дәстанлардағы ўақыяларды баянлаўы ҳәм персонажардың диалог ҳәм монолог сөзлеринен турады.
«Дəстанларда наср (проза) бөлеклериниң ҳəм назм (поэзия) бөлеклериниң байланыстырылыўы бул дəстанның оқыўшыға, тыңлаўшыға тəсир етиў қунын жоқарылатады. Қаракалпақ лирикасында насырый қосықлардың эволюциясын изертлеген алым О.Гайлыева насырый қосықлардың қәлиплесиўинде дәстанлардағы прозалық баянлаўларды жетекши орынға қояды ҳәм: «...дəстанларды атқарыў усылы ҳəр бақсыда ҳəр түрли. Биринде көркемлик аз болса, екинши бир атқарыўшы тилиниң байлығы менен дəстанның да көркемлигин арттырыўы мүмкин»138 деп дәстанларда прозалық баянлаўлардың қолланыўын атқарыўшының көркемлик шеберлиги менен байланыстырады. Алым «Едиге» дəстанындағы проза бөлеклеринде Ерполат жыраў вариантында эвфонияның аз гезлесетуғынын, ал Қыяс жыраў вариантында эвфониялық сүўретлеўдиң күшли екенлигин анықлаў арқалы өз пикирин дәлиллейди.
Басқа қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары сыяқлы «Жәҳанша» дәстанында да жыраўдың дәстанлардағы ўақыялардың баянлаўында, персонажлардың монолог ҳәм диалогларының белгили бир бөлеги прозада берилген. «Жәҳанша» дәстанында проза қосыққа қарағанда көлеми бойынша бираз қысқа, буның баслы себеби жыраў дәстанда тийкарғы дыққатты ўақыяларды кең түрде баянлаўға емес, ал қаҳарманлардың характерине, олардың ишки дүньясын ашыўға қаратады. Ал, ўақыялардың баяны көбирек дәстан структурасындағы терме-толғаў формасына жүклетилген.
“Жәҳанща” дәстанында прозалық баянлаў усылы ўақыя яки эпизодларды байланыстырыўшылық ўазыйпасында келеди. Мысалы:
«Бул сөзлерди айтып Зәўрия аттың басын тартып, жан-жағына қарап турған ўақытта, Сәңгилбай шекпенди желбегей салып, бара сала қаймықпай, Зәўрияның атының дизгинин услап оған қарап бир-еки аўыз сөз айтады»135. Бул басқа да қаҳарманлық яки тарийхый дәстанлардағы қосық пенен прозаның араласып келиў дәстүрине садық түрдеги поэтикалық жол болып, ол болып атырған ҳәдийселерге анықлық киргизип, және қаҳарманлардың образын толығырақ ашыўға хызмет етеди.
Дәстандағы прозалық баянлаў тилинде поэзиялық шығармалардағы уйқаслардан тысқары көркем шығармада реформаласқан, гейде уйқасықлы прозаның қолланылыўын гүзетемиз. Олар базы бир ўақытлары прозалық баянлаўлар, сюжетлик детальлар, диалогларды бирлестириўшилик ўазыйпасын атқарып қолланылған. Мысалы, шығармада сүйинши сорап, Жәҳаншаның тирилигин айтып келген иниси Қарабайға ағасы Сәңгилбайдың айтқаны төмендегише бериледи:
«Сәңгилбайдан көп адам сүйинши сорап, көп адам көп затын алып алдаған еди. Баласынан гүдер үзип баўыры қатқан еди, бул сапары сүйинши сорап турған Қарабай деген иниси еди. Егер Жәҳаншаның тирилиги рас болса, оны көрип сениң балама қылған зыянларыңды, қаслығыңды, гүнәларыңды кеширгизсем, сүйиншиге алған дүньяңнан артық болар-деп толғанып турған қусайды»136.
Мысалға алынған прозалық баянлаў үлгисинде “еди” сөз қайталанып келип, жағымлы ырғақты пайда еткен. “Қайталаўлар лирикалық қосықларда тийкарғы композициялық усыл... Эпикалық поэзиядағы қайталаўлардың лирикалық қайталаўлардан бир қанша айырмашылықлары бар екенлиги мәлим”, деп жазады Г.Тлеуниязова137. Жоқарыдағы прозалық баянлаўдағы “еди” қайталаўы лирикалық шығармаларда эпифора қубылысын пайда ететуғыны мәлим. Яғный, «ақырғы бөлеклер – қосықтың басқа бөлимлеринен өлшемли-синтаксисли, тематикалық қатнаста айырылып турады»138. Ал, мысалға келтирилген үзиндиде қайталаныўшы көмекши сөз қосықтың емес, ал насырый бөлектеги гәплерди байланыстырыў ўазыйпасын атқарып тур. Бул жерде ырғақтың тәмийнлениўи және де “еди” қайталаныўшы бирлигиниң алдында эвфониялылықты пайда етип турған “алдаған”, “қатқан” сөзлериниң өзара уйқасықлы қолланылыўы менен де байланыслы. Себеби, «Эвфония - үнлеслик. Сөзде күшли үнлеслик пайда етиўши түрли фонетикалық усыллар, ҳалатлар. Эвфония сөздиң ҳəр қандай түри ушын мəлим дəрежеде тийисли ҳəдийсе. Эвфонияның себебинен қосық ырғағы жүзеге келеди, поэтикалық пикир көркем сүўретленеди ҳəм оның эмоциональ тəсири күшейеди»135. “Жәҳанша” дәстанындағы дерлик барлық прозалық баянлаўларда усындай эвфониялық ҳәм қайталаўлар нәтийжесинде жүзеге келген жағымлы ырғақ жетекшилиги байқалады. Дәстандағы бундай үйлесимли прозалық баянлаўлар оның қосыққа жақынлығын пайда етеди. Бул усыл, яғный репертуарындағы дәстанларында көбирек поэзиялық баянлаўдан пайдаланыў яки прозалық баянлаўларына қосықтың ырғағын ендирип қолланыў Қурбанбай жыраўдың жыраўшылық шеберлиги, жеке импровизаторлық қәбилети менен ушласады.
Улыўма, дәстан поэтикасындағы прозалық баянлаўлар поэзиялық баянлаўлар сыяқлы оншелли көп қолланылмаса да, дәстанның поэтикалық жақтан жоқары шөлкемлесиўинде көркемлик хызмет атқарғанлығы мәлим болады.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish