Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet26/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   36
Bog'liq
Лекция

1920 жыл 26 апрель күни шақырылған халық ўакиллериниң пүткил Хорезм қуралтайы Хорезм халық Совет Республикасын дағазалады ҳәм оның Конституциясын қабыл етти. Қуралтай республика ҳүкиметин, халық министрлер советин дүзди, оның баслығы болып жас хийўалалылар жетикшилериниң бири Палуанияз Юсупов сайланды.
Бухарадағы ўақыялар да усыған уқсас раўажланып барды.
Бухара комунистлик партиясының Чаржаўдан жумыс алып барып атырған IV съезди 1920 жылы 16 августта ақ Бухара ханлығында революциялық жағдай писип жетискенлигин көрсетип, әмирди ҳәкимияттан аўдарыў туўралы қарар қабыл етти ҳәм Бухараның мийнеткеш халықларын әсирлер бойы даўам етип киятырған феодаллық зулымлықтан ҳәм әмир езиўинен қутқарыў ушын жәрдем сорап Түркистан комиссиясына муражат етти. 1920 жылы 25 август күни Фрунзе Түркфронт әскрелерине «көтерилис жасаған Бухара мийнеткешлерине жәрдем көрсетиў ҳаққында» буйрық берди. Үлкен қарсылықларға қарамастан, қосымша күшлердиң жәрдеми менен 1920 жылы 2 сентябрьде Түркфронт әскерлери ҳәм бухаралылардың ықтиярлы бөлимлери Бухараға кирди.
1920 жылы 14 сентябрьде баслық Абдиқадыр Мухиддинов басшылығында улыўма Бухара революциялық комитети ҳәм республика ҳүкимети - халық Министрлер Совети дүзилди, оның баслығы болып Файзулла Хожаев тайынланды.
1920 жылы 6-8 октябрь күнлери болып өткен халық ўакиллериниң биринши улыўма Бухара қуралтайы Бухараны ҳәкимият жумысшы ҳәм дийханлар қолында болған халық Совет республикасы деп дағазалады.
Лекция №11. Совет ҳәкимятының Өзбекстанда әмелге асырған сиясий, социал-экономикалық илажлары ҳәм олардың колониялық мәниси.
ЖОБАСЫ:
1. Орта Азияда миллий-мәмлекетлик шегаралаўдың өткерилиўи. Өзбекстан Республикасының дүзилиўи.
2. Совет ҳәкимиятының Өзбекстанда жүргизген экономикалық сиясаты ҳәм ақыбетлери.
3. Совет ҳәкимияты дәўиринде Өзбекстан руўхый ҳәм мәдений ғәрезлилиги ҳәм оның ақыбетлери.
ӘДЕБИЯТЛАР:

  1. Каримов И.А. Тарихий хотирасиз келажак йўқ Т. 1998.

  2. Бобожонова Д. Ўзбекистонда ижтимоий-иқтисодий муносабатлар Т. 1999.

3. Ўзбекистон тарихи (маърузалар матни). Т. 2000.
4.Ўзбекистон тарихи. Т. 2003, 2006.
5. Ўзбекистоннинг янги тарихи. 2-том. Ўзбекистон совет мустабид мустамлакачилиги даврида. Т. 2001.
6. Турсунов И.И. Ўзбекистон маорифчиларининг истиқлол йўлидаги ишлари тарихидан. (1917-39) Т.1995
7.Мустабид тузумнинг Ўзбекистон миллий бойликларини талаш сиёсати: тарих шоҳидлиги ва сабоқлари. Т. 2000.
8.Трагедия Среднеазиатского кишлака. Т. 2000.

Өзбекстан Советлер дәўиринде «Орайға» толығы менен бағынатуғын ғәрезли бир үлке сыпатында қала берди.


Республика ҳәм оның халқы қанша тәбийий байлықлар қазып алынып атырғанлығы, кәрханаларда жетистирилип турған өнимлерди, пахтаны кимлер қай жерге алып барып сатып атырғанлығы, буннан қанша ғәрежет түсип атырғанлығын билмес еди. Халқымыз өзлериниң мийнетлериниң нәтийжелерин көрмес еди.
Ең ашынарлысы, халқымыз руўҳый жақтан езилди. Тилимиз, динимиз, миллий қәдриятларымыз, дәстүр, үрп-әдетлеримиз аяқ асты етилди. Тарийхый естеликлер, мешитлер жоқ етилди, бузылды, қараўсыз қалды. Уллы алымлар, уламаларымыз қараланып, китаплары жоқ етилди.
Ғәрезлилик мәмлекетлеримиздиң бир әсирден аслам дәўир даўамында сыртқы дүньядан бөлшеклеп қойылғанлығы менен де характерленеди. Совет ҳәкимияты жылларында басқарыўдың партия-мәмлекет диктатурасы «Халық мәмлекет» диктатурасы пайда болған еди. Конститутцияда «Халық мәмлекетлик ҳәкимиятты халық депутатлары арқалы әмелге асырады» деп жазып қойылған болсада, ис жүзинде депутатлар ҳеш қандай шешиўши роль ойнамас еди.
Мәмлекетлик басқарыў халықтан пүткиллей ажыралып қалған бир группа ҳәмелдар «басшылардың» жеке монополиясына айланып қалған еди. Халықты ғәрезлиликке дуўшар еткен тоталитарлық система адамларды ҳәкимият ҳаққында ойламайтуғын, пайда болған машқалаларды шешиўди қатнаспайтуғын руўхта тәрбиялады.
20 жыллардың ақырынан баслап мәмлекетте ҳәм республикада орын алып киятырған тоталитарлық жәмийетке тән өзгешеликлер барған сайын ашықтан-ашық көрине баслады. Бул жәмийеттиң негизи болып қалған административлик-буйрықпазлық системасы «жаңа экономикалық сиясат»тың қарама-қарсылықларын өзине сиңирип, «әскерий коммунизм» дәстүрлерин даўам етти. Партия ҳәм мәмлекет экономика, сиясат, мәденият үстинен қатаң қадағалаў қойды.
Республикамызда не исленетуғын болсада «Орай»дан шығарылған қарар, пәрманлар тийкарында исленетугын еди. Советлер, кәсиплик аўқамлар, баска жәмийетлик шөлкемлер жокарыдан берилген директивлик көрсетпелерди келиспестен әҳмийетли шешимлери шеше алмайтуғын еди.
20 жыллыр әҳмийетли ҳәм жүдә қарама-қарсылықлы ҳәдийселер менен толы болды. Өзбекстан ССРының шөлкемлестириўи, Конституцияның қабыл етилиўи, мәмлекет дүзимлери, партия шөлкемлердиң жүзеге келиўи халықтың анағурлым бирлесиўине, экономикалық тез аяққа турып, тағы да раўажланып кетиўине жол ашты. Бирақ, республиканың ғәрезсизлиги «Орай»ға бағынышлы республиканың тек бир тәреплеме раўажланыўына алып келди.
СССРдың қурамында неше республика болған болса ҳәр бири өзиниң рәсмий түрде Конституциясына, мәмлекетлик байрағына, мәмлекетлик герб ҳәм гимнине ийе болған. Олардың ажыратып туратуғын шегаралары да анық болған. Бирақ булардың барлығы тек ғана қағаз түринде еди.
Тийкарында ҳәр бир «аўқамлас республика» жери, суўы, қазылма байлықлары, мийнеткеш халқы орай ушын хызмет еткен.
Мысалы, Өзбекистанда ислеп шығарылған таза алтынның 100% уран ҳәм басқа қымбат баҳалы металлардың ақырғы граммына шекем, пахта таласының 96% зорлық пенен, ҳеш кимнен соралмастан орайға (Россияға) алып кетилген.
20 жыллардың орталарына келип жаңа экономикалық сиясатқа өтиў басланды. Азық-аўқат разверсткасын азық-аўқат салығы менен алмастырыў дийханға артықмаш өнимди сатыўға, сондай-ақ пахта ҳәм басқа егинлер майданын кеңейтиўге имканият берди. Буның нәтийжесинде дийханлардың товарлар менен тәмийинлениўи өсти, олардың турмысының дәрежеси бираз көтерилди.
1925 жылы егислик майданларының үштен еки бөлеги бурынғы жағдайына әкелинип, комплексли жер дүзиў ислери өткерилди. Кооперативлик қурылыс ҳәўиж алдырылды.
Бирақ аграрлық мәселе бирдейине кескин болып қалмақта еди. Өзбекстан аўыл хожалығы аўдарыспақтан алдыңғы раўажланыў тенденцияларын сақлап қалды. Өзбек аўылларының көпшилиги жери аз ямаса жерсиз болып қала берди.
Елимизде советлик қайта қурыўлардың бири аўыл хожалығын коллективлестириў еди. Өзбекстанның аўыл хожалығын коллективлестириў Пүткил аўқамлық орайдан болатуғын бир улыўмалық қарарлар тийкарында әмелге асырылды. Бирақ Өзбекистанның аўыл хожалығының өзине тән өзгешеликлери бар еди, булар есапқа алынбады.
Орта Азияның басқа районлары сыяқлы Өзбекстанда мусылманшылық күшли еди, оның үстине жер суўдан пайдаланыўда урыўлық қатнаслар баслы орынды ийелейтуғын еди. Бул қатнаслар суўғарыў тармақларын қазыў, оңлаў ҳәм пайдаланыў жумысларын иске асырып, дийқаншылық етиўдиң өзине тән шэраятлары еди.
Енди дара хожалық, жерге жеке меншик ҳәм ўақым жерлер жоқ етилип, бурынғы жер-суў қатнаслары ыдырай баслады. Жер-суў мәмлекет қолына өтти, оны дийханлар коллектив болып пайдаланылады.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish