Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet1/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Лекция


Өзбекистан Республикасы жоқары ҳəм орта арнаўлы билим министрлиги

Бердақ атындағы қарақалпақ мəмлекетлик университети


Тарийх ҳәм ҳуқық факультети


²Өзбекистан ҳəм Қарақалпақстан тарийхы²


кафедрасы
Өзбекистан тарийхы
пəни бойынша


Л Е К Ц И Я Т Е К С Т Л Е Р И

Н Ө К И С - 2016


Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты
доц. А. Қудияров
Пикир билдириўшилер:


Т.и.д.проф.Б.Қощанов, т.и.к. Қ.Ҳакимниязов
«Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы мәжилисиниң
28-май 2016 жыл 12-санлы баянламасы менен тастыйықлаўға усынылды
Кафедра баслығы: доцент Ж.Ҳәкимниязов


Тарийх ҳәм ҳуқық факультетиниң оқыў – методикалық кеңеси мәжлисиниң 30-май 2016-жыл 9-санлы баянламасы менен тастыйықлаўға усынылды.
Декан ____________________________ доцент А.Алламуратов
Университеттиң оқыў методикалық кеңеси мәжилисиниң
14-июнь 2016- жылдағы баянламасы менен тастыйықланды.


Кеңес баслығы _________________________ доцент М.Ибрагимов
Лекция №1. Өзбекистан тарийхы пәниниң предмети,
теориялық-методологиялық тийкарлары, дереклери ҳәм әҳмийети.
ЖОБАСЫ:
1. Өзбекистан тарийхы пәниниң предмети. Ўатан тарийхын үйрениўдиң әҳмийети.
2. Өзбекистан тарийхын үйрениўдиң методологиялық принциплери.
3. Ўатан тарийхын үйрениўде материаллық ҳәм жазба дереклердиң әҳмийети. Ә Д Е Б И Я Т Л А Р
1. Каримов И.А. Тарихий хотирасиз келажак йўқ Т. 1998.
2. Каримов И.А. Жоқары мəнаўият-жеңилмес күш. Н. 2008
3. Алимова Д.А. История как история, история как наука. Т. 2008.
4. Махмудов Т. «Авесто» ҳақида Т. 2000
5. Ўзбекистон таpихи. Т. 2000, 2002, 2003, 2006.
6. Ўзбекстан тарихининг энг асосий саналари Т. 2006.
7. Якубов М., Абаев С. «Авесто»-улыўма инсаный қəдирият. Н. 2008.
9. Хўжаев А., Хўжаев К. Қадимги манбаларда халқимиз ўтмиши Т. 2001.

XXI әсир босағасында Ўатанымыз тарийхында жаңа дәўир басланды. Өзбекистан өзиниң мәмлекетлик ғәрезсизлигин қолға киргизди, халқымыздың көп әсирлик арзыў-әрманы иске асты. Дүнья картасында және бир ғәрезсиз мәмлекет - Өзбекистан Республикасы пайда болды.


Ғәрезсизликке ерискеннен соң халқымыздың өз ели, тили, мәденияты, қадриятлары тарийхын билиўге, өзлигин аңлаўға қызығыўшылығы артып бармақта. Бул тәбийғый жағдай, адамзат пайда болғаннан баслап ата-бабаларының кимлигин, нәсил-тийкарын, келип шығыўын, өзи туўылып өскен аўыл, қала, қулласы Ўатанының тарийхын билиўди қәлейди.
Ҳәзир Өзбекистан деп аталыўшы территория, яғный бизиң Ўатанымыз тек ғана Шығыс емес, ал жер жүзилик цивилизация ошақларының бири болғанын дүнья мойынламақта. Бул әййемги ҳәм муқаддес топырақтан уллы ойшыллар, алымлар, уламалар, сиясатшылар, сәркардалар жетисип шыққан. Диний ҳәм дүньялық илимлердиң тийкарлары усы орталықта пайда болды. Мийримсиз дәўир сынаўларынан аман қалған, ең әййемги тас жазыўлардан баслап, китапханаларымызда сақлаўлы тарийх, әдебият, көркем өнер, сиясат, әдеп-икрамлық, философия, медицина, математика, физика, химия, астрономия, архитектура, дийханшылыққа тийисли он мыңлаған шығармалар таўсылмас руўхый байлығымыз, мақтанышымыз. Ата бабаларымыздың әсирлер даўамында топлаған турмыслық тәжирийбелери, диний, әдеп-икрамлық, илимий көз қарасларын өзинде жәмлеген бул қол жазбаларды жуўапкершилик пенен терең үйренетуғын дәўир келди. Өйткени, советлер заманында тарийхый хақыйқатты билиўге умтылыў қошаметленбейтуғын еди, ҳүкимдар идеология мәплерине хызмет етпейтуғын дереклер халықтың көзинен илажы болғанынша алыста сақланатуғын еди. Жағдай сондай дәрежеге барған еди, өз тарийхымызды, өзимиз жазыў ҳуқықынан айрылып қалдық. Биреўлер тәрепинен жаратылған тарийх сабақларын оқытатуғын едик. СССР тарийхы деп аталған сабақлықта Өзбекистандай мәмлекетке бар жоғы 3-4 бет орын берилип, тарийхый ўақыялар ҳәм шахслар ҳаққында толық емес пикирлер айтылып, ямаса улыўма ҳеш нәрсе айтылмас еди.
Ҳалқымыздың миллий өзлигин аңлаўында руўхый дүньясы бай, кәмил инсанды тәрбиялаўда, Ўатанымыз тарийхын үйрениўдиң әҳмийети оғада үлкен. Руўхыйлығын тиклеўи, туўылып өскен елинде өзин басқалардан кем сезбей, басын бәлент көтерип жүриўи ушын инсанға әлбетте тарийхый яды керек. Президент И.Каримовтың «Өзбекстанның өзиниң жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолы», «Тарихий хотирасиз келажак йўқ», «Өз келешегимизди өз қолымыз бенен қурып атырмыз» ҳ.т.б. мийнетлеринде жәмийетимизди жаңалаў ҳәм раўажландырыўдың өзине тән жолы, социаллық ҳәм руўхый турмысты жақсылаўдың, миллий қәдир қымбатымызды ҳәм дәстүрлеримизди қайта тиклеўдиң анық концепциясы ислеп шығылған, тарийхый ядыгерликтиң инсан руўхын тиклеўдеги әҳмийети ашып берилген.
Тарийх сабақлары инсанды сезгирликке үйретеди. Имарат қанша бәлент болса, онын тийкары да сонша терең болады. Биз уллы мәмлекет қурыўды өз алдымызға мақсет етип қойған екенбиз, буның ушын ҳәзирги заман сиясий, экономикалық, илимий-техникалық, руўхый имканиятларымыз бенен бир қатарда уллы өтмишимиз бар. Миллетти сақлаў керек. Миллетти сақлаў ушын оның хақыйқый тарийхын үйрениў, абайлап, қәстерлеў керек. Инсан ушын тарийхтан айырылыў - өмирден айырылыў дегенди аңлатады. Хақыйқый тарийхты билмей турып өзликти аңлаў мүмкин емес. Биз өтмишти тиклеў, тарийхый хақыйқатлықты өз орнына қойыў арқалы пикирлеўимизди байытамыз, түсиниклеримизди кеңейтемиз, өмир философиясы арқалы реформалар философиясын, реформалардың мәнисин аңлай баслаймыз. Ең ақырында усы процесс арқалы жәмийетти жаңалаймиз. Оның мазмунын байытамыз. Өйткени, миллий азатлық идеологиясының, мәмлекетимиз алып баратырған кең көлемдеги реформалардың ағла пәзийлетлери сонда.
Тарийхый ўақыяларды үйрениўде қандай илимий-теориялық, методологиялық тийкарларға тийкарланыўдың әҳмийети оғада үлкен. Советлер дәўиринде оны оқытыў ҳәм үйрениў ислери марксистлик методологияға бойсындырылды. Советлик дәўир тарийхы ҳәм тарийхтаныў миллетимиздиң ҳәм улыўма кишкене халықлардың басына келтирген азап-ақыбетлериниң есап санағы жоқ. Марксистлик теория методологиясына тийкарланған ҳәм коммунистлик идеология менен тис-тырнағына шекем қуралланған тарийхты изертлеў методологиясы пүткил өтмишимизди бузып көрсетти. Миллий өзлигимизди умытыўымызға, әўладларымызды еслеримизден шығарып, өширип жибериўге мәжбурледи. Тек те өз мақсети ҳәм идеяларына мас келетуғын тәреплерин ғана сақлап қалып, дерлик үш мың жыллық тарийхымызды пүткиллей жоқ қылды. Тарийх ядыгерликсиз, тарийхый пикирлеўден айрылып қалыў ақыбетинде, инсанның ағла нәрсе сыпатындағы пәзийлетлерин аяқ асты етти. Оны да руўхый ҳәм физикалық жақтан бағынышлыққа, ғәрезлиликке, қуллыққа мәжбур етти. Совет алымлары өтмиштеги тек те унамсыз қубылысларды, урыс талан таражлықлар хаққындағы ўақыялар менен тарийхты толтырып таслады. Миллет тарийхы ҳәм улыўма инсаният тарийхы, урыслар, жағымсыз халатлар, бирин-бири бассыныў ҳәм жазалаўдан ғана туратуғын етип көрсетер еди. Нәтийжеде, бир тәреплеме оқыўшының кейпиятын бузатуғын урыслар ҳәм гүреслер тарийхы жаратылды.
Дин, диний қадриятлар қараланды, инсанлардың диний исенимлери аяқ асты етилди, руўханийлер қуўғын астына алынды. Халқымыз тарийхын бир тәреплеме баян етилиўине тек марксистлик методология ғана емес, ал мәмлекетте ҳүкимдарлық еткен тоталитар дүзиминиң де роли үлкен болды. Тарийх тоталитар дүзим хызметкерлерине, нәсиятшы ҳәм қорғаўшысына айланып қалған еди. Адамзат жәмийетиниң тарийхын, ўақыя, ҳәдийселерди үйрениўдиң, жәмийет раўажланыўының нызамларын ашып бериўши - диалектикалык метод болып есапланады. Инсаният турмысы, жәмийет раўажланыўы диалектикалык процесс. Әлем бир пүтин ҳәм ажыралмас, онда болатуғын ҳәдийселер, ўақыялар улыўма ҳәм өз-ара байланыста, үзликсиз ҳәрекетте, қарама-қарсылықлы раўажланыўында болады деп тәлим береди. Диалектика жүдә узақ тарийхқа ийе, оның билиў теориясы сыпатында қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында Гераклит, Аристотель, Хорезмий, Фарабий, Абу Райхан Беруний, Абу Али Ибн Сино, Улуғбек, Декарт, Спиноза, Герцен, Гегель ҳәм басқада алым ҳәм ағартыўшылардың хызмети үлкен. Олар тәбият, тарийхый ҳәм руўхый дүньяны бир процесс сыпатында, яғный оларды үзликсиз ҳәрекет етип, өзгерип, раўажланып туратуғын ҳалда, раўажланыўды ишки байланыста алып үйрениў методологиясын жаратты. Диалектикалық методология ҳәр қандай мәмлекет тарийхын жер жүзи халықлары тарийхы менен байланыслы ҳалда үйрениўди талап етеди. Өйткени, ҳәр бир халық тарийхында миллийлик, өзине тән қайталанбас өзгешеликлери менен бирге жер жүзилик тарийх, пүткил инсанияттың раўажланыўы менен улыўма байланыста болады.
Өзбекистан тарийхы ең дәслеп Орайлык Азия мәмлекетлери тарийхы менен, жер жүзилик тарийх пенен байланысып кеткен. Әййемги заманлардан жақын жылларға шекем Ўатанымыз Орта Азия аймағында көплеген мәмлекетлер менен Аўғаныстан, Иран, Арқа Ҳиндистан сыяқлы мәмлекетлер менен бир экономикалык ҳәм мәдений мәканда болып келди. Бул үлкен аймақта жасаўшы урыў, қәўим, елатлар этник жақтан өз-ара тәсир ҳәм байланыста болған, қосылыў процессин бастан кеширген, олардың социаллық, сиясий, экономикалық, маънавий турмысы бир-бири менен өз-ара байланыста болып өткен. Сол себепли Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхын қоңсы мәмлекетлер тарийхы менен байланыслы ҳалда үйрениў талап етиледи. Қазақ, қырғыз, қарақалпақ, түркмен, тәжик, парсы, аўған, ҳинд, араб ҳәм басқа халықлар тарийхын қанша жақсы билсек, онда Өзбекстан халықлары тарийхын сонша терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениўге имканият жаратылады.
Тарийхый ўақыя, ҳәдийселерди үйрениў, пикирлеўде ҳәм баян етиўде объектив, хақыйқый әдалатлы қатнаста болыў ең әҳмийетли методологиялық қағыйда болып есапланады. Объективлик қағыйдасы тарийхый ўақыя, ҳәдийселерди үйрениўде олар менен байланыслы болған барлық фактлердин пүтин бир жыйнағын бирге алып тексериўди, оның, ҳақыйқый дәлийллерге тийкарланыўды талап етеди. Тарийхый ҳәдийселерди бир пүтин ҳалда, өз-ара байланыста ҳәм қатнаста деп тексериў лазым. Тарийхты үйрениўде тарийхылық методологиясы үлкен әҳмийетке ийе. Тарийхыйлық қағыйдасы ўақыя, ҳәдийселерди өз дәўирин анық тарийхый шараятынан келип шыққан ҳалда үйрениўди талап етеди. Ўақыя, ҳәдийселерди үйрениўде тарийхый байланыс, тарийхый раўажланыўды басқа ўақыялар, ҳәдийселер менен байланыста үйренгенде ғана сол ўақыя, ҳәдийсенин улыўма тарийхый процесстеги орнын дурыс анықлаў, белгилеў мүмкин болады. Ҳәр бир ўақыя ҳәдийселерге улыўма тарийхый процесстин бир бөлеги деп қараў зәрүр.
Өз раўажланыўында қандай тийкарғы басқышларды өткенлигин, кейин ол қандай болып қалғанлығын билиў тарийхыйлық қағыйдасының тийкарғы талабы болып есапланады. Мәселен, қандай да бир мәмлекеттиң хызметине тарийхыйлық көз-қарастан турып баҳа бермекши болсақ, бириншиден, ол қашан, қандай тарийхый шараятта пайда болды, екиншиден, ол өз раўажланыўында қандай аўҳалда деген саўалларға анық жуўап бериў зәрүр болады. Тарийхыйлық методологиясы халықтың өтмишин, ҳәзирги заман ҳәм келешегин бир тәбийий тарийхый процесс деп, өтмиш ҳәзирги заманды таярлайды, ҳәзирги заман келешекти жаратады деген раўажланыў нызамы тийкарында қарайды. Инсаният әне усындай улыўма жолдан баратырған екен, келешекте жарқын турмыс қурмақшы болған әўлад тарийх пәни арқалы өз өтмишин жақсы билиўи лазым. Өтмишти, ата-бабаларымыз тарийхын қаншелли жақсы билсек, аңлап жетсек, ҳәзирги заманды, ғәрезсизлигимиз мазмунын соншелли толық түсинемиз, келешекти дурыс көз алдымызға келтире аламыз.
Инсанияттың раўажланыўының мәлим бир басқышында урыўшылық дүзими ыдырап жеке меншик келип шыққаннан соң, урыў жәмийетлери ҳәр қыйлы социаллық қатламларға бөлиниўи менен, ҳәр бир социаллық қатлам өз мәплерине көз-қарастан ҳәрекет ететуғын, олардың мәплери бир бирине соқлығысатуғын көтерилислер, қозғаланлар болатуғын болды. Усындай шараятта болып өткен ўақыяларды, тарийхый процессти үйрениўде социаллык қатнас жасаў принципине дыққат аўдарыў зәрүр болады. Социаллык қатнас методологиясы тарийхый процесслерди халықтың барлық қатламының мәплерин есапқа алған ҳалда үйрениўди талап етеди. Социаллық қатнас принципи мәмлекет искерлериниң, сиясий күшлер, партиялар, түрли бирлеспелер, олардың жолбасшыларының тарийхый раўажланыўға көрсеткен унамлы ямаса унамсыз тәсирин, жәмийетти ол ямаса бул жол менен баслаўдағы ролин билип алыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетимиз тарийхын үйрениўде миллий қәдриятлар, халық дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлери, дин, ислам тарийхы, адамлардың диний исенимлери, диний тәлийматлар ҳәм олардың тийкарын салыўшылардың хызметлерин анализ етиўде, баянлаўда цивилизациялы қатнаста болып, оларды хүрметлеў, әзийзлеу көз-қарасынан ҳәрекет етиў зәрүр. Турмыс халықтын нешше мың жыллар даўамында жаратқан руўхый мәдениятың ҳәм эксплуатация етилиўшилер мәденияты деп бөлиў, бириншисин қаралаўдан ибарат ески бағдардың зыянлы екенлигин көрсетти. Руўхый мийрасқа бундай қатнаста болыў руўхый қамбагаллыққа, миллий қәдриятлардың, үрп-әдетлердиң аяқ-асты етилиўине, көплеген алымлар, ағартыўшылар, интеллегентлер, руўханийлердиң қараланыўына алып келгенлигин ҳеш ўақытта умытпаў зәрүр. Тарийхты үйрениўдеги жоқарыдағы методологиялық қағыйдалар менен бирге фактлерди салыстырыў, дәўирлерге бөлиў, дереклик мағлыўмат тийкарында жуўмақлар шығарыў, социологиялық изертлеўлер өткериў, статистикалық, математикалық х.б. усыллардан пайдаланылады.
Ўатан тарийхын үйрениўде тийкарғы дереклер 1. Әййемги заманлардан баслап бизиң күнлеримизге шекем уллы ата-бабаларымыз, уллы ойшыллар, алымлар қалдырған руўхый бай дәстүрлер. 2. Бизге шекем жетип келген жазба китаплар, илимий ҳәм көркем шығармалар, сабақлықлар, қол жазбалар, топламлар. 3. Ҳәр қыйлы музейлерде сақланып атырған көргизбе заллары хүжжетлери, биринши нәўбетте археологияға тийисли қазылма естеликлери. 4. Тарийхый қурылыслар, естеликлер. 5. Кино, фото хүжжетлер ҳ.б.



Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish