Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet14/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   36
Bog'liq
Лекция

1373-1374 жыллары Темур Хорезмге екинши мәртебе жүрис қылады. Усы еки атланыс нәтийжесинде Хорезм Темур мәмлекетиниң қурамына өтеди. Кейин Алтын Орда ханы Тохтамыстың Хорезмге дәўагер болыўына себепли Темур Хорезмге және үш мәртебе атланыс шөлкемлестирди. 1388 жылы Темур Ургеништи ийелеп Суўпылар династиясын жоқ етти.
1390 жылы Орта Азияның пүткил аймағы (Жетисуў ҳәм Сырдәрьядан тысқары) Темурдың қол астында бирлестирилди. 1389-1391 ҳәм 1394-1395 жыллары Темур Тохтамысқа қарсы үш мәртебе жүрис етти.
1392 жылы Армения ҳәм Грузия, 1397 жылы Азербайжан, 1398-1399 жыллары Ҳиндстан атланыслары нәтийжели тамамланып, Темур империясына ғәрезли болды.
1400 жылы Темур Түркия султаны Баязид I ҳәм Египет султаны Фараж менен гүрес алып барып, Киши Азия ҳәм Сирияда көплеген қалаларды ийеледи. 1402 жылы Анкара қаласы жанында Баязидтиң еки жүз мыңлық әскерлерин қоршап алыныўы, қыйратылыўы ҳәм қолга алыныўы Темур әскерлериниң ең үлкен жеңислериниң бири болды. Бул Темур әскерий доктринасының салтанаты болып, уллы саркарда екенлигин дәлийллейди. Темурдың Баязид үстинен ерискен жеңиси оның Батыс Европа мәмлекетлеринде данқының жайлыныўына себеп болды. Самарқанд пенен Европа мәмлекетлери арасында дипломатиялық ҳәм саўда байланысларының күшейўи, усы дәўирге туўра келди.
1404 жылдың ақырында Темур Қытайға жүрисин баслады, бирақ 1405 жылдың басларында Темурдың Отрар қаласында өлимине байланыслы бул атланыс жуўмақланбай қалды. Темурдың мақсети тек әскерий атланыслардың өзи емес еди, ол монғол басқыншылығына шекемги болған ески саўда жолларды қайта тиклеў әрманында еди.
«Темур түзүклеринде» мынандай қатарлар жазылған «Маған бойсынған жаңа мәмлекетлерде ҳүрметке ылайык адамларға ҳүрмет көрсеттим. Мен пайғамбар ўәлаятларына, нызамды нәсиятлаўшыларға, алымлар менен жасы үлкенлерге уллы хүрмет ҳәм сыйласықлы қатнаста болдым, оларға напақа белгиледим. Бул мәмлекетлердиң бай даўлетли адамлары маған агайинимдей, жетим-жесир ҳәм кәмбағаллар болса балаларымдай болып қалды. Жеңилген мәмлекеттиң әскерлери мениң әскерлериме қосылды. Мен бул мәмлекетлерди халық хүрметине ерисиўге ҳәрекет еттим. Усыған қарамастан пуқараларды қорқыныш ҳәм үмит арасында усладым. Жақсыларға, олар қайсы миллетен болыўына қарамастан мен де жақсылық еттим, инсапсыз адамлар ҳәм сатқынлар мениң мәмлекетимнен куўылды. Қорқақ ҳәм пәс адамларға ылайық ислер тапсырдым».
Темур дәўиринде Самарқанд жаңа усылда қайта қурылды. Ол Самарқандта Көк сарай, Бибиханым мешити, Шахизинда мавзолейи, Самарқанд әтирапына Боғи Чинор, Боғи Шамол, Боғи Дилкүш сыяқлы бағ ҳәм сарайларды қурдырды. Қурылысқа жергиликли архитектор усталар өнерментлерден тысқары Темур басып алған өзге мәмлекетлерден көплеп қурылысшылар, художниклер тартылды.
Темурийлер басқарған дәўирде Темур дүзген империя оның әўладлары арасында ғәрезсиз ҳәкимликлерге бөлшеклене баслады. Темурдың улларының бири Шахрух (1409-1447) ўзақ даўам еткен тартыслардан соң темурийлердиң бас ҳүкимдары деп тән алынды. Шахрух ҳәм оның мийрасхорлары дәўиринде Орта Шығыстағы ири шәҳәрге айланды ҳәм темурийлер хәкимлигиниң пайтахты болып қалды.
Усы дәўирде ис жүзинде Темур империясы еки мәмлекеттен ибарат еди. Бири пайтахты Герат болған Хорасан, екиншиси пайтахты Самарқанд болған - Мавераннахр. 1409 ж. Шахрух өз улы Улуғбекти Самарқанд хүкимдары етип таыйынлады.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish