1238 жылы Бухара халқы қаладан үш фарсах қашықлықлықтағы Тараб аўылында жасаўшы өнерментши Махмуд Тарабийди атақлы руўханий Шамсутдин Маҳбубий қоллап қуўатлады. Көтерилисшилер Бухараны ийелейди. Садрлар баслығы Бурхонийддин Махмудқа халифалық ҳәкимиятын берди ҳәм Шамсиддин Маҳбубийди садр деп жәрия етти. Қашқан әмирлер ҳәм баскаклар Карманада қозғалаңды бастырыў орайын дүзди. Сол жақын әтирапта монғолларды топлап үлкен ләшкер менен Бухараға қарай жүрис етти.
Болып өткен урыста Махмуд Тарабий тәрепдарлары жеңиске еристи. Монғоллар Карманаға қашты. Көтерилисшилер Караманада 10 мың адамды қырып таслаған. Бул жеңис Махмуд Тарабий ҳәм Шамсиддин Маҳбубийдиң өмири есабынан қолға киргизилди.
Усы ўақыядан кейин қозғаланшы күшлер ҳәлсиреди. Қозғалаңға басшылық етиў Махмудтың инилери Мухаммад пенен Алиге тапсырылды. Олар шөлкемлестириўшилик қәбилетке ҳәм абыройға ийе болмады. Бир ҳәпте өткеннен кейин болған урыста Махмуд Тарабий тәрепдарлары қыйратылды, 20 мын адам өледи. Монғоллар бул көтерилистен соң салық сиясатын тәртиплестириўге мәжбүр болды.
1238 ж. Махмуд Ялаваш ҳәкимияттан шетлетилип Пекинге найып етип тайынланды. Оның орнына найып етип Махмуд Ялаваштың баласы Маъсудбек (1238-1289) тайынланды.
1251 жылы Қарақурым қаласында болып өткен улыўма монғол қурылтайында Тулиханның туңғыш баласы Мункехан Муғулистанның уллы хақаны етип сайланды. Мункехан ҳүкимдарлық еткен дәўирде Батыйхан менен Мункехан өз ара келисип Шағатай улысын бөлип алды. Арадан көп ўақыт өтпей, яғный, ХIII әcирдиң 60 жылларында Шағатайдың ақлығы Алгухан Алтын Ордаға қарсы гүрес алып барып Шағатай улусын қайта тиклеўге еристи. ХШ әcирдиң екинши ярымында орайлық ҳәкимиятты беккемлеўге умтылған ҳүкимдарлардан Мўғулистанның уллы хақаны Мункехан ҳәм Шағатай улусы найыбы Маъсудбек болды. Мункеханның нызамластырылған шара-илажлары шекленбеген салық ҳәм жыйнаўларды тәртипке салып, халықтан өз басымшалық пенен жыйнап алынатуғын салықлардан азат етти, қала, ишки ҳәм сыртқы саўданың раўажлланыўына имканият жаратты.
1271 жылы Маъсудбек ақша реформасын өткерди. Бул реформа Мавераннахр қалаларының ишки турмысын, әсиресе ақша қатнасықларының тиклениўинде үлкен әҳмийетке ийе болды.
ХШ әcирдиң орталарынан баслап Шағатай улусы ҳүкимдарлары Мавераннахр қала ҳәм аўылларын тәртипке келтириў ҳәм раўажландырыў ушын айырым ҳәрекетлер ислеўине қарамастан, бул процесс жеделлик пенен әмелге аспады. Монғоллар басқыншылығы нәтийжесинде ўайран етилген өнерментшилик ҳәм саўда сатық ХШ әcир басларындағы дәрежеге көтериле алмаған еди.