Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet13/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   36
Bog'liq
Лекция

Биринши дәўир 1360-1386 жылларды өз ишине алады. Темур бул дәўирде Мавераннахрда ғәрезсиз күшли орайласқан мәмлекет дүзиў ушын гүрести. Темур хызметиниң екинши дәўири тийкарынан 1386 жылдан басланып, 1405 жылға шекем даўам етти. Бул дәўир Темурдың үш жыллық, бес жыллық, жети жыллық деп аталыўшы әскерий жүрислери менен характерленеди.
Әмир Темурдың мәлекетлик ислерге араласыўы, төмендеги сиясий жағдайда басланды. Бир тәрептен елдиң майда феодаллық ийеликлерине бөлиниўи ҳәм олар арасында өз-ара урыслардың күшейиўи болса, екинши тәрептен ҳәр бир монғол халқының пүткил Мавераннахрды толық ийелеўге умтылыўы менен характерленеди.
Әмир Темурдың сиясий майданда пайда болыўы XIV әсирдиң 60 жылларынан басланды. Усы дәўирде 1360-1361 жыллары Моғулистан ханы Тоғлык Темур Мавераннахрға атланыс шөлкемлестиреди. Қашқадәрья ўәлаятына басып кириўинен қорқып Хорасанға қашып кетеди. Усы ўақытлары Темур оның менен бирге болады. Бирақ ол Хожа Барласқа ўәлаятты қутқарып қалыў ушын Шахрисабзға қайтып, монғол ханына хызметке өткеним пайдалы деп айтады. Усы хызмети ушын Темур 25 жасында Шахрисабз ҳәкими болыўга ериседи. Усы жылы оның әкеси әмир Тарағай бахадыр дүньядан өтеди.
Темур монғол ханы ушын узақ ўақыт даўамында ҳызмет етпеди. Тоғлық Темур өзиниң баласы Ильяс хожаны Мавераннахр ҳүкимдары етип жиберген пайытта Темур оған ҳызмет етиўден бас тартты. Ол, өз бетинше ғәрезсиз ҳүкимдар болды. 1361 жылдан баслап Темур Шағатай улысының өлтирилген әмири Қазағанның ақлыгы әмир Хусейин менен аўқам дүзеди, ҳәм Хусейнниң қарындасы Улжайга үйленеди. Темур Хусейн менен бирге Сейсанға атланыслар шөлкемлестиреди. Сейсанда оң қолы ҳәм оң аяғынан жарақатланады.
Тоғлық Темурдың Мавераннахрдан қуўылған баласы Ильяс хожа 1365 ж. көп муғдарда әскер топлап Мавераннахрға атланыс шөлкемлестиреди. Хусейин ҳәм Темур Ильяс хожа әскерлериниң Чиноз ҳәм Ташкент аралыгында күтип алады. Тарийхта «ылайдағы саўаш» деп аталған бул саўашта Темур ҳәм Хусейн әскерлери жеңиледи ҳәм олар қалған әскерлери менен дәслеп Самарқандқа, кейин Балхқа кетеди.
Самарқанд халқы сарбадарлар басқыншылығында басқыншыларға қарсылық көрсетиў ушын таярлық көреди. Сарбадарларға Самарқанд медресесиниң окыўшысы Маўланзада ҳәм пахта тазалаўшы болып ислеген Абубакр Келевий басшылық етти. Маўланазада жума мешитине жыйналған 10 мыңға жақын халыққа ислам ҳәм халықты монғоллардың қорғаўға шақырды. Халық сарбадарлары қоллап-қуўатлады.
Сарбадарлар ҳәрекети XIV әсирдиң биринши ярымында Хорасанда пайда болды. Олар монғол езиўшилигинен қутылыў ҳәм феодаллық тәртиплер, езиўге де қарсы қаратылды. Сарбадарлар ири жер ийелеринен сиясий ҳәм экономикалық қүдретин ҳәлсиретиў тәрепдарлары болды.
Монғоллар үстинен жеңиске ерискен сарбадарлар халықтын турмысын жақсылаўға бағдарланған айырым өзгерислерди иске асырды, айырым ҳәмелдарларды жазалады.
Бул ўақытлардан хабардар болған Хусейин менен Темур Самарқандқа келеди. Кейин оларды өзлериниң мәкан жайына шақырып үлкен зыяпат шөлкемлестиреди, ертенине қырып таслайды. Бирақ Хусейин Маўланзаданы өлтирмекши болғанда, Темур араға түсип оны аман алып қалады. Оның себеби, Темур Маўланзада менен бурыннан байланыста болған деген пикирлер бар. Мавераннахрда ғәрезсиз мәмлекет дүзиў ушын алып барылған ҳәрекетлер сарбадарлардың айырым басшыларын, биринши гезекте олардың раўажландырыўшы ҳәм идеологы болған Маўланзаданы Темур менен жақынластырды.
Сарбадарларды ҳәм олардың басшыларын жоқ еткеннен кеийн Хусейин ҳәм Темур 1366 жылы бәҳәрде Самарқандты ийеледи. Хусейин өзине қараслы Балх қаласын беккемлеп, жаңа қорғаныў бекинислерин қура баслады. 1370 жылы жақсы қуралланган әскер топлап, Темур Балх қаласына хүжим етти ҳәм қаланы ийеледи
Темур өз хызметиниң биринши дәўирде барлық дыққатты Мавераннахрда бирлескен, орайласқан кейин, оның дәслепки иләжларынан бири турақлы түрде қурултайлар өткериўи болды. Шарафуддин Али Яздий өзиниң мийнетлеринде Темур тәрепинен Қаршиде, Қарабахта, Самарқандта ҳәм басқа жерлерде өткерген қуралтайлары хаққында мағлыўмат берип, оларға барлық шахзадарлар, бас ҳәмелдарлар, әскерий баслықлар қатнасқанлығы хаққында жазады.
1370 жылы Темур Самарқанд қаласына келеди ҳәм қаланың дийўалларын қайта қурды, сарайлар салдырды. Самарқандта монғоллар үстемлик еткен дәўирде, ягный 1220-1360 жыллары бир де ири қурылыс қурылмаған еди.
Темур ислам дини руўханийлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қууатлады оны мәмлекетиниң тирегине айландырды.
Баслы уазыйпа Мавераннахрды бирлестириўден ибарат екенлигин түсинген Темур жақын адамларынан бири әмир Довундини ўәзир етип тайынлайды.
Темурдың тийкарғы тирениши оның әскерлери еди. Әскерий тарийх Темурды орта әсирлик Азияда ең ири әскерий саркарда деп есаплайды. Оның әскерий таланты еки бағдарда, әскерий бөлимлерди қайта дүзиўде, әскербасшы сыпатында айқын көзге түсти.
Темурдың армиясы онлық, жүзлик, мыңлық бөлимлерден ибарат болып, олардың ҳәр қайсысына тийисли баслықлар тайынлайды.
Темур мәмлекетин дүзиў ушын алып барылған үлкен саўашларда Темурдың уллары Жахангир, Омаршайх, Мираншах, Шахрух, ақлығы Мухаммед Султан Пирмухаммедларде әмир әскерлерине басшылық етти. Жахангирдиң улы Мухаммед Султан Әмир Темурдың ең сүйикли ақлығы болып, әкеси Жахангирдиң өлиминен соң Темурдың мийрасхоры етип белгиленген еди.
Темурдың орта әсирдиң атақлы мәмлекет искер ҳәм әскерий сәркарда болғанлығын «Темур түзүклерин»де айтканнан көринеди. Бул шығармада оның жәмийетке, жәмийетлик-сиясий турмысқа көз-қарасы, бирлескен қүдиретли феодаллық мәмлекеттиң сиясий ҳәм әдеп-икрамлық принциплери сәўлеленген. Бул шығарманың барлық бөлимлеринде Темур жоқары мәртебели, әдалатлы инсан сыпатында мақтап көрсетиледи.
Темур мәмлекетлик хызметин әскерий атланысларға қосып алып барды. Ол Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья аралығындағы жерлерди, сондай-ақ Ферғана ҳәм Шаш ўәлаятларын тез бирлестириўге еристи. Хорезм мәселеси бир қанша машақатлы болды. Арқа Хорезм Алтын Орда қурамына, ал Қубла Хорезм Шағатай улысына қараслы еди. 1359 жылы Алтын Ордадағы қозғаланлардан пайдаланып Хорезм ғәрезсизликке ериседи ҳәм оны Қонырат қәўиминен Суўпылар династиясы басқарады. Хусейин Суўпы Хорезмди бирлестириўге умытылып Қыят пенен Хийўаны басып алды. 1372 жылы Темур Хусейн Суўпыдан Қубла Хорезм ўәлаятын ҳәм қалаларды қайтарыўды талап етеди, кейин әскерлер менен келип өзи қайтарып алады. Усы жылы Хусейин өлгеннен соң, иниси Юсуф Суўпы Қыятты басып алды.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish