XVI әсирдин басларында Дешти қыпшақлық Мухаммед Шейбанийхан (1451-1510) темурийлер мәмлеқетине қарсы әскерий жүрислер қылып, оны жеңгеннен сонғы дәўирде Бухара, Хийўа, кейинрек Қоқан ханлықлары дүзилди.
Yлкениң турмысында салмақлы орын ийелеген Бухара ханлығында Мухаммед Шейбанийхан тийкар салған династия 100 жыл хәқимият басында турды. 1510 жылы Мухаммед Шейбанийхан Иран шахы Исмайил Сафарийдан жеңилиске ушырап, өзи өлтирилгеннен кейин Кучкинжихан (1510-1530), Абусаъидхан (1530-1533) ҳәм Убайдуллахан (1533-1539) сыяқлы Шейбанийлер династиясына тийисли шахслар ханлықты басқарды. Олар арасында әсиресе Убайдуллахан пухта ҳәм мәрт сиясатшылардың бири сыпатында мәмлекет бирлиген тәмийинлеўде көп ҳәрекетлер етти. Лейкин, оның Абдуллахан (1539-1540), Абдулазизхан (1540-1549) ҳәм Абдулатифхан (1540-1550) сыяқлы мийрасхорлары ўақтында өз-ара урыслар күшейип, орайлық хәкимият бир қанша ҳәлсиреди.
Абдуллахан II ҳүкимдарлығы дәўиринде (1557-1598) үлкеде орайласқан мәмлекет ҳәм қүдретли армия дүзилип, ол атақлы әскер басшы ҳәм мәмлекет искери сыпатында абройға ийе болды. Абдуллахан II тусында пүткил Түркистан үлкеси бир пүтин мәмлекетке бирлестирилди. Абдуллахан II ўақтында да Иран менен урыслар даўам етип, ол Хорасанды бойсындырды, бирликте Иранға қарсы гүресиў ушын Османлар султаны Мурад III (1574-1595) ҳәм Бабурийлер династиясының ўәкили Акбар (1556-1605) менен жақынласты Абдуллахан өлиминен кейин мәмлекетте тахт ушын гүреслер күшейип кетти. Оның улы Абдулмумин тахтқа отырғаннан алты ай өткеннен сол оппозициядағы күшлер тәрепинен өлтирилди. Тахтқа сонғы Шейбаний хүқимдар ПирМухаммедхан (1599-1601) шығады. 1601 жылы болса хәкимият тийкары Астрахан ханлығынан болған Баки Мухаммед (1601-1605) қолына өтип усыннан баслап, Бухара ханлығында Шейбанийлер династиясының ҳүкимдарлығы сапластырылып, Аштарханийлер ўәкиллери тахтты ийелейди. Усы династиядан шыққан Ўали Мухаммед 1605-1611 жыллары ханлықты басқарған. Имамкулихан (1611-1642) басқарған дәўирде Иран ҳәм қазақ бийлери менен болған урысларда жеңиске ериседи. Усы ўақытларда тахт ушын өз-ара гүреслер даўам еткен болса да, мәмлекетте турақлылық көзге тасланады Имамкулиханнан кейин тахтты ийелеген иниси Наср Мухаммедхан (1642-1645) дәўиринде ишки сиясий қарама-қарсылық жаңа де күшейип, ол оппозициялық күшлер қысымы астында тахтты таслап кетиўге мәжбур болды.
Хәкимият болса, оның улы Абдулазизхан (1645-1681) қолына өтеди. Усы ўақытта Абулазизхан ҳәм оның иниси Субхонкулихан ортасында хәкимият ушын гүрес тоқтамайды. Ишки урыслар менен бир пайытта Хийўа ханы Абдулазизхан хүжимлери де халықтын турмысын төменлетеди. Дереклерде көрсетилиўинше, Абулғазыхан жәми 18 мәртебе Бухараға хүжим етип, қала әтирапындағы халық ҳәм жайлар талан-тараж етиледи. Кейин Хийўа ханы Анушахан да Бухара ханлығына хүжим еткен.
Өз-ара урыслар Субхонкулихан (1631-1702) дәўиринде де тоқтамайды. Ол Балх ҳәм Хорасанға әскерий жүрислер шөлкемлестирди. Оның улы Убайдуллахан (1702-1711) ҳүкимдарлығы дәўиринде Балх, Термез, Шахрисабз хәкимлери ғәрезсизликке умтылады. Хан оларға қарсы әскерий жүрислер етиўге мәжбур болды. Сондай-ақ ол Самарқанд ҳәм Хисарда бас көтерген қәўимлерге қарсы әскер жиберди. Қанлы урыслар ханлықтын финанслық аўҳалына унамсыз тәсир көрсетти, қазна әдеўир босап қалды. Сол себепли хан 1708-1709 жыллары салмағы әдеттеги теңгеден төрт мәртебе жеңил болған гүмис теңге басып шығарып, пул реформасын өткерди. Бул илаж халықтың барлық қатламы мәплерине зыян келтиргенлиги ушын қозғалан көтериледи. Қозғалан жаўызлық пенен бастырылады. Сонда айырым абыройлы әмирлер мәмлекеттеги аўыр аўҳалдан пайдаланып, қастыйянлық шөлкемлестиреди ҳәм ханды өлтиреди. Тахтқа ханның иниси Абулфайиз хан (1711-1747) отырғызылады. Бул хан болса абыройлы, әмирлер қолындағы қуўршақ болып қалды.
Орайлық хәқимияты ҳәлсиреп кетиўи ҳәм турақсызлық ақыбетинде 1711 жылдан баслап Балх ханлықтын тәсир қолеминен шығып кетеди. XVIII әсирдин 20 жылларында Ташкент қошпели қалмақлар тәрепинен басып алынады. 1723 жылы қалмақлар шөллерге бастырып кирип, қазақларды Мавераннахрға қашыўға мәжбур етеди.
Иран шахы Надир (1736-1747) Бухара ханлығын өзине бойсындырып манғитлардан болған Мухаммед Ҳәкимди исенимли ўәқил сыпатында бул жерғе қалдырып, өзи жөнеп кетеди. 1747 жылы оның улы Мухаммед Рахим Надиршах өлгеннен соң, ханлықты басқарыўды өз қолына алады. Усы жылы Абулфайиз ханды өлтирип дәслеп оның улы Абул Муминды, бир жыл өткеннен сол оны да өлтирттирип иниси Убайдулланы хан деп жәриялап, хақыйқый хәкимият Мухаммед Рахим қолында еди. Бираздан сон Убайдулланы ҳәм жоқ етип, Бухара хәкимияты ис жүзинде жаңа династия - манғитларға өтеди.
Мухаммед Рахим ўақтында Бухара ханлығына қараслы жерлер әдеўир қысқарған еди. Оның қурамына Бухара, Самарқанд, Миянқул, Кармана, Қарши, Гузар, Керки, Чарджоу, Шахрисабз кирип, Ташкент ҳәм Ферғана ажыратылып қеткен еди. Даниялбий дәўиринде (1758-1785) де өз-ара урыслар дәўам етип Кармана, Уратепе, Нурата, Байсун ҳ.б. жерлерде ҳәм ҳәкимиятқа қарсы қозғаланлар көтерилди. Олар қыйыншылық пенен бастырылды.
Манғитлар династиясынан шыққан ҳүкимдар Шахмурад қамбағалардың досты ҳәм қорғаушысы сыпатында данққа ерисип, мал-мүлкин оларға үлестирип берген. Ол әқеси тәрепинен Самарқандқа ҳәким етип тайынланған. Ол бул жерде экономикалық турмысты жақсылаўға қаратылған шара илажларды иске асырады. Шахмурад тахтқа отырғаннан қейин (1785-1800) жүдә кемтарлық турмыс кеширип, бир күнлик аўқатының қәрежети бир теңгеден аспаған. Ол барлық нызамсыз салықларды, қумар ойынларды, ҳәр қандай тамашаларды ҳәм безилмелерди қадаған ислерди әмелге асырған.
Оның перзенти әмир Хайдар (1800-1826) дәўирине Бухара ҳәм Қоқан ханлықлары ортасында, әсиресе Уратепе ушын гүреслер қызғын түс алды. XIX әсирдин басларында Хийуа ханы Эльтузер Бухара әтирапларын талан-тараж етти. Ташкент, Түркистан ҳәм олар әтирапындағы жерлер Қоқан ханлығы тәрепинен ийеленген. 1825 жылы болса Хийуа ханлығы Бухараға қараслы Мервти қолға киргизди.
Ханлықтың администрация ўәкиллери салықларды жыйнаўда ҳәм улыўма өз хызметлеринде зорлыққа жол қойды. Ақыбетте Бухара ҳәм Самарқанд аралығындағы жерлерди жасаўшы қытай-қыпшақ қәўимлери бас көтерди. 1821-1825 жыллар аралығында дәўам еткен бул қозғалан зорға бастырылды.
Әмир Хайдар өлиминен кейин үш перзенти ортысында тахт ушын гүрес, ол Насрулланың жеңиси менен тамамланады (1826-1860). Бул хан барлық тахт дәўагерлерин қырып таслайды. Ол пүткил хызмети даўам ғәрезсизликке умтылған Шахрисабзге қарсы 15 мәртебе әскерий жүрис етти, лейкин оның бул ҳәрекетлери өз нәтийжесин бермеди. Насруллахан 1839-1841 ҳәм 1858 жыллары Қоқанға қарсы урысып, көп адамлардың қырылыўына, байлықлардың талан-тараж болыўына алып келди. Сондай-ақ 1842-1843 жыллары Бухара ҳәм Хийуа ханлықлары ортасында қаңлы сонлығысыўлар жүз берди.
Жоқарыдағы қатарлардан сол нәрсе аян, ханлықтын сиясий турмысында көбирек орайлық хәқимият талан-тараж майданына айланған еди. Ақыбетте мәмлекет жүдә ҳәлсиреп, ханлық жерлери кем-кемнен қысқарып барды. Ханлықта ҳәкимият хүқықы шегараланбаған ханлар қолында болып жәмийет турмысы шәрият нызамларына тийкарланған ҳалда қурылған еди.
Ханлықта шайхулислам үлкен абыройға ийе болған. Ол ең ири руўханий ҳәм суд ислериниң сәрдары. Оннан кейинғи орында қазықален (жоқары суд) турған.
Do'stlaringiz bilan baham: |