Сейид Мухаммед (1856-1864) ҳүкимдарлығы пайытында туркменлер ҳәм қарақалпақлардың Хийўа ханлығына қарсы қозғаланлары болды. 1827 жылы Айдос бий басшылығында, 1855-1856 жыллары Ерназар алакөз басшылығында қозғаланлар, 1858-1859 жыллары Қонырат көтерилиси болды. Ханлық тахтында ең көп отырған ханлардың бири Сейид Мухаммед Ражим II (1865-19210) болды.
Ханлықтың мәмлекет дүзилиси бухаралылардан дерлик парқы қылмады. Хан хүқықы шегараланбаған ҳалда мәмлекетти басқарған. Оннан кейинги ең абыройлы лаўазым ўәзир яки қусбеги есапланып, салықларды топлаў ҳәм улыўма ханнан барлық тапсырмаларын орынлаў менен шуғылланған. Сондай-ақ аталық, қазы, Раис, мираб, миршаб х.б. ҳәмеллер бар еди. Қалаларды хәкимлер ҳәм олардың жәрдемшилери болған жүз баслықлар ҳәм ақсақаллар басқарған. Ханлық турмысында шайхулислам ҳәм муфтий салмақлы орын ийеледи.
Ханлықта суўғарып егилетуғын дийханшылыққа айрықша кеўил берилген. Жерлер мәмлекет ҳәм жеке адамлардың қолында болып, олардың бир бөлеғи ўақымға берилген. Дийханшылықта пахта, бийдай, арпа, жүўери, палыз ҳәм мийўе өнимлери жетистирилген. Жипекшилик пенен де шуғылланған. Ханлықта шарўашылық, әсиресе туркменлер, қарақалпақлар ҳәм қазақлар арасында жақсы раўажланған еди.
Қала ҳәм аўылларда өнерменшилик кен тарқалғанлығы ҳаққында мағлыўматлар бар. Булар бойынша тоқымашылық кәсиби өсип, пахта ҳәм жипектен ҳәр қыйлы гезлемелер таярланған.
Хийўа ханлығында ишки ҳәм сыртқы саўданың тутқан орны үлкен болған. Хийўа, Ургениш, Хазарасп, Ханқа, Қоңырат, Хожели, Шымбай х.б. қалалары саўда-өнерментшилик орайлары болып есапланған.
Хийўа ханлығы Иран, Аўғаныстан, Ҳиндстан, Россия х.б. жерлер менен саўда байланысларын алып барған. Узақ ўақытлар даўамында хийўалық саўдагерлер Астрахан, Нижний Новгород, Оренбург сыяқлы қалаларда саўда менен шуғылланған.
Усы дәўирде ханлықта тарийхтқа орын алған қымбатлы шығармалар жаратылды. Абулғазызханнан «Шажарайи түрк» шығармасы рус ҳәм Европа халықларының тиллерине аўдарылды. Мунистиң «Фирдавс ал-Иқбол» шыгармасы XVI-XVIII әсирлердеги ханлық тарийхына бағышланған болып, оның даўамын Мунистиң өлиминен кейин жийени Агахий жазған. Бунда ханлықтын тарийхы 1872 жыл менен тамамланған.
Хорезмде архитектура, қурылыс ислери бойынша көп жумыслар исленди. Мәселен Араб Мухаммед медресеси (1616), Шерғазыхан медресеси (1718-1719), Ичонқалада Паҳлавон Махмуд (1810-1825), Аллақулыхан сарайы (1830-1833), кәруансарай Тим (1832) ҳ.б. имаратлар қурылды. Ханлықта медреселер қараўға айрықша итибар берилген. Hәтийжеде Хожамберди (1688), Қазы Фозилбек (1799), Мухаммед Амин Инақ (1765), Арабхан (1810), Палван ата (1835), Рахимқулыхан (1843), Рахмонбердибай (1843), Қутлымурат Инақ (1809), Мухаммед Аминхан (1851) ҳәм усыған уқсаған 14 медресе қурылған.
Do'stlaringiz bilan baham: |